Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 14:23:18, 26.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

«МҮРИЎБЕТ» ҮЙИНДЕ ҚАЙЫРҚОМЛЫҚ ИЛАЖЫ

Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Қарақалпақстан Кеңеси тәрепинен «Жаңа Өзбекстанда ел әзиз, инсан әзиз!» идеясын өзинде жәмлеген қайырқомлық илажлары даўам етпекте.

Гезектеги илаж Шымбай «Мүриўбет» майыплығы болған шахслар ушын ерлер интернат үйинде болып өтти.

Онда Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Қарақалпақстан Кеңеси баслығының орынбасары М.Данияров шығып сөйлеп, жыйналғанларды кәсиплик аўқамлары күни байрамы менен қутлықлады. Президентимиз тәрепинен «Мүриўбет» үйлерин, жәрдемге мүтәж шаңарақларды, имканияты шекленген шахсларды, әсиресе, бас­қалардың күтимине мүтәж жалғыз кекселерди мәнзилли социаллық қорғаў бойынша алып барылып атырған кең көлемли жумысларға тоқтап өтти.

Байрам мүнәсибети менен «Мүриўбет» үйине Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси тәрепинен қәўендерлик саўғалары тапсырылды.

Илаж қатнасыўшыларына концерт бағдарламасы қойып берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF