Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 13:04:07, 09.05.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖЕҢИМПАЗЛАР МҮНӘСИП СЫЙЛЫҚЛАНАДЫ

Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтиң басшылығында 2022-жыл 1-март күни ҳаял-қызларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, олардың жәмийеттеги абырайын және де беккемлеў бойынша ең әҳмийетли ўазыйпаларға бағышлап өткерилген кеңейтилген видеоселектор мәжилисинде белгиленген ўазыйпаларды орынлаў бағдарында Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы тәрепинен кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.

Атап айтқанда, ҳаял-қызлардың машқалаларын турақлы шешиў, оларды социаллық қоллап-қуўатлаў бо­йынша Республика комис­сиясы тәрепинен халықтың машқалаларын үйрениў ҳәм оларды шешиўге көмеклесиў, «Ҳаял-қызлар дәптери» системасы нәтийжелилигин тәмийинлеў, бул бағдарда жәмийетшиликтиң ролин арт­тырыў, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары, ўәкилликли мәкеме ҳәм шөлкемлер менен биргеликте социаллық шерикликти беккемлеў, ҳаял-қызлардың машқалаларын шешиўде өзиниң пидәкерлик мийнети менен бәршеге үлги көрсеткенлерди  мүнәсип хошаметлеў мақсетинде «Ең жақсы мәҳәлле басшысы»,  «Ең жақсы сектор басшысы», «Ең жақсы ҳаял-қызлар белсендиси», «Ең жақсы ҳәким жәрдемшиси», «Ең жақсы жаслар жетекшиси» ҳәм «Ең үлгили жумыс бериўши ҳаял» республика таңлаўының жеңимпазлары анықланды.

Таңлаўдың Өзбекстан Республикасы басқышында Қарақалпақстан Республикасынан аймақлық басқыш жеңимпазлары қатнасып, «Ең жақсы ҳаял-қызлар белсендиси» республика таңлаўында Беруний районы «Қызылқала» аўыл пуқаралар жыйыны  ҳаял-қызлар белсендиси Нуримбетова Наргиза Давлетбаевна 1-орынды ийелеп, «Жентра» автомашинасын, «Ең жақсы жаслар жетекшиси» республика таңлаўында Қоңырат районы «Мыңжарған» мәкан пуқаралар жыйыны жаслар жетекшиси Мамбетярова Улбосын Мусатдин қызы 2-орынды ийелеп, «Кобальт» автомашинасын жеңип алыў­ға миясар болды.

«Ең жақсы мәҳәлле басшысы»,  «Ең жақсы сектор басшысы», «Ең жақсы ҳәким жәрдемшиси» ҳәм «Ең үлгили жумыс бериўши ҳаял» таңлаўларының Республика басқышы қатнасыўшыларының ҳәр бири 30 мил­лион сумнан ақшалай сыйлықланады.

Жеңимпазларды сыйлықлаў мәресими 11-ноябрь — кәсиплик аўқамлары күни байрамы қарсаңында болып өтеди.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF