Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 04:11:16, 09.05.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ПАРТИЯ БЕЛСЕНДИЛЕРИ ТЕРИМШИЛЕР АРАСЫНДА

Өзбекстан «Адолат» социал-демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси ўәкиллери Елликқала районы «Бобур гўзал» фермер хожалығының пахта атызларында болып, теримшилерге ҳармасын айтты.

Елликқала аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы Алишер Розумов басшылық еткен бул фермер хожалығының ағзалары быйылғы жылы 53 гектар майданға шигит сеўип, 180 тонна пахта жетистириўди режелестирмекте. Бүгинги күнде фермер хожалығы ағзалары ҳәм ықтыярлы түрде келген көмекшилер тәрепинен жыйын-терим жумыслары қызғын алып барылмақта.

Ушырасыўда Өзбекстан «Адолат» социал-демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң баслығы Н.Қайыпбергенов фермер хожалығы ағзалары менен көмекшилерге ҳармасын айтып, алдынғы теримшилерге партия тәрепинен таярланған саўғаларды тапсырды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF