Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 03:06:29, 09.05.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЛАТВИЯНЫҢ «МАРТА» ОРАЙЫ ҚӘНИГЕЛЕРИ ҚАРАҚАЛПАҚСТАНДА

Жақында Нөкисте Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң, Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Раўажланыў Бағдарламасы ҳәм Европа Аўқамының «Өзбекстанның аўыллық аймақларында мәмлекетлик хызметлер көрсетиўди жетилистириў ҳәм басқарыў дәрежесин арт­тырыў» қоспа жойбары шеңберинде Латвия Республикасының «Марта» орайы қәнигелери тәрепинен семинар-тренинг өткерилди.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министриниң орынбасары М.Абдижалиев, БМШ Раўажланыў Бағдарламасы «IPSD» жойбарының директоры А.Ходжаев, Әдиллик министрлигинен, Саўда-санаат палатасынан, Жаслар ислери агентлигинен, мәмлекетлик хызметлер орайынан ҳәм басқа да бирге ислесиўши уйымлардан ўәкиллер қатнасты.

— Латвияның «Марта» орайы мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөл­кем болып, 22 жылдан берли жумыс ислеп келмекте. Орайдың мақсети — гендер теңлик, тынышлық ҳүким сүретуғын, зорлықларсыз, ер ҳәм ҳаяллардың ҳуқық­лары  енгизилген жәмийетти қәлиплестириў, -дейди «Марта» орайы Ассоциа­циясының директоры, гендер бойынша эксперт Илута Лаце. — Буларға ерисиў ушын биринши гезекте зорлыққа ушыраған, адам саўдасынан жәбир көрген ҳаял-қызларға хызмет көрсетемиз. Орайда социаллық хызметкерлерден, юристлер ҳәм психологлардан ибарат қәнигелер топары шөлкемлестирилген. Айырым жағдайларда мәмлекеттеги нызамларда бул бағдар белгиленбеген ямаса мәмлекетлик бағдарламалар раўажланбаған болады. Соның ушын биз парламент, минис­трликлер, ҳәр қыйлы уйымлар менен де бирге ислесемиз. Мақсетимизге ерисиў ушын нызамларға өзгерис киргизиў ҳаққында усыныслар билдиремиз, жәми­йеттиң итибарын усы мәселелерге қаратыўға ҳәрекет етемиз.  Орайда жаслар арасында зорлықты сапластырыў, бир-биреўге ҳүрмет ҳүким сүретуғын қарым-қатнасықларды жаратыў ушын да бир қанша бағдарламалар ислеп шыққанбыз. Қулласы, биз 22  жылдан берли усы бағдарда жумыс иследик, хызмет түрлерин көбейттик, буннан былай да хызметлеримиздиң сапасын жақсылаў ушын мийнет етемиз. Усы жыллар даўамында топлаған тәжирийбемизди бөлисиў мақсетинде Өзбекстанға келдик ҳәм алынған билимлердиң пайдасы тийеди, келешекте елиңизде пайдаланылады, деген үмиттемиз.

Орай Өзбекстан Республикасы менен 2009-жылдан берли бирге ислесип келмекте. Атап айтқанда, сол жылы «Пуқаралардың басламаларын қоллап-қуўатлаў орайы» шөлкемлестирилип, «Марта» орайы менен зорлыққа ушыраған ҳаял-қызлардың турмыс дәрежесин жақсылаўға, хызмет көрсетиўге қаратылған бир қанша жойбарлар әмелге асырылған.

— 2016-жылы БМШниң экономикалық ҳәм социаллық кеңеси жанынан арнаўлы консультациялық статус берилип, соннан берли миллий, глобаллық, аймақлық дәрежеде жумыс атқарамыз, -дейди «Пуқаралардың басламаларын қоллап-қуўатлаў орайы» мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкеминиң директоры Диловар Кабулова. — «Марта» орайы менен бирге ислесиўде жолға қойылған бул жойбар шеңберинде Қарақалпақстан Республикасының Нөкис районында да ҳаял-қызлар мәсләҳәт топары ашылды. Олар усы ра­йон ҳәм жақын аймақтағы ҳаял-қызларға үйинен шықпаған ҳалда, қол телефоны арқалы, электрон түрде мәмлекетлик хызметлерден пайдаланыўды үйретпекте. Келешекте бул топарлар мәҳәл­лелерде де шөлкемлестирилиўин мақсет етип атырмыз. Себеби, пуқараның интернеттен пайдаланыў имка­нияты болмаса, мәҳәллеге келип оператордан жәрдем сораўына болады.     

Өткен жылы жумыс баслаған «Өзбекстанның аўыллық аймақларында мәмлекетлик хызметлер көрсетиўди жетилистириў ҳәм басқарыў дәрежесин арттырыў» қоспа жойбары шеңберинде БМШ Раўажланыў Бағдарламасы ҳәм Әдиллик министрлигиниң бирге ислесиўи, Европа Аўқамының ҳәм Латвия Сыртқы Ислер министрлигиниң қоллап-қуўатлаўы менен Өзбекстанда ҳаял-қызлар мәсләҳәт топарлары шөлкемлестирилмекте. Бул топарлар ҳаялларға, кекселерге, ма­йыплығы болған шахсларға мәмлекетлик хызметлерден пайдаланыўға жәрдем береди.  Бүгинги күнде Өзбекстан бойынша 7 аймақта тәжирийбе сыпатында топарлар жумыс баслаған. Өткен жылдың 9 айында барлық аймақларда шөл­кем­лестирилген ҳаял-қызлар мәсләҳәт топарлары 3 мың 270 тен аслам пуқараларға мәсләҳәтлерин берген. Жойбар үш жыл даўамында әмелге асырылады.

Семинар-тренингте  ҳаял-қызлар мәсләҳәт топарлары ҳаққында, нәтийжели бирге ислесиўди жолға қойыў жоллары, топарлар жәрдем берип атырған пуқараларға зыян жеткерместен ғалаба хабар қуралларына мағлыўмат бериў, майыплығы болған ямаса зорлықтан жәбир көрген пуқаралар менен сәўбетлесиў, аўыр жағдайда болған ўақтында оларға тәсир етиў усыллары ҳаққында  қатнасыўшыларға мағлыўмат берилди.

 

М.Пирназарова,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF