Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 20:38:26, 12.05.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖҮЗДЕН ЖҮЙРИК, МЫҢНАН ТУЛПАР

«Ҳәр бир ағаштың мийўеси болады, ал, кеўил мийўеси бул - перзент» деген даналық гәп бар. Ҳақыйқатында да, ҳәр бир ата-ана ушын жанынан да шийрин перзентлериниң саламатлығы ҳәм олардың жүзлериндеги қуўаныш нурларынан артық бахыт жоқ сыяқлы.

Әне сол бахытты толы-төгис жаратып бериў ушын олар тыным билмей ҳәр нәрсеге таяр турады ҳәм перзентиниң қуўанышына тийкар болатуғын ҳәр қандай жаңалықларды өзгеше заўық пенен қарсы алады. Бүгинги күнде, мектепке шекемги билимлендириў мәкемелеринде алып барылып атырған жаңаланыўлар, өзгерислер балалар, ата-аналар ҳәм қалаберди тәлим-тәрбия берип атырған тәрбияшы апаларын да қуўанышқа бөлеп, өз исине пуқта ҳәм жуўапкершиликли болыўға ийтермелемекте.  Хабарыңыз бар ҳәр бир тараў ўәкиллери сыяқлы ҳәр жылы мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери хызметкерлери арасында да олардың кәсиплик шеберлигин арттырыў мақсетинде «Жылдың ең жақсы тәрбияшысы» таңлаўы өт­керилиўи дәстүрге айланған. Сол дәс­түрге бола быйылғы жылы да таңлаў биринши районлық, соңынан республикалық көлемде болып өтти. Усы бас­қышларда тәрезиде тасы басым келген қатнасыўшылар Ташкент қаласында өткерилиўи режелестирилген шешиўши басқышқа жолламаны қолға киргизди. Солай етип, Өзбекстан көлеминде өткерилген соңғы басқышта өз жумысында шаққанлығы, билимине қоса таланты арқалы көзге түскен тәрбияшылар қатнасты. Әне сол бахытлылар қатарында қоңыратлы Асел де бар болып, ол пүткил аўылласлары, кәсиплеслериниң билдирген исенимин ақлап, «Жылдың ең жақсы тәрбияшысы 2022» таңлаўының Өзбекстан басқышында «Шебер қол устасы» номинациясы бойынша биринши орынды ийелеп, қуры қол емес 11 миллион сум қаржылай сыйлық, диплом ҳәм басқа да баҳалы саўғалар ийесине айланды.  Әлбетте, бундай үлкен таңлаўда орын ийелеў, сыйлық ийеси болыў өз-өзинен болған жоқ. Және де айта кететуғын нәрсе, Асел Қанлыкөл педагогикалық колледжин табыслы тамамлап, мийнет жолын Қоңырат районындағы 15-санлы мектепке шекемги билимлендириў мәкемесинде жумыс ислеўден баслады. Балаларға меҳри өзгеше жас кадр дәслепки күнлерден-ақ мийнеткешлиги, әсиресе, ҳәр бир үйдиң еркеси болған нәрес­телер менен тез тил табысыўы арқасында көзге түскени оның талапшаң қәниге екенлигин дәлилледи. 

— Әлбетте, өсип киятырған ҳәр бир нәресте тийкарғы тәрбияны бақшадан алады, деп ойлайман. Себеби, баланың күн бойы ўақты бақшада, тәр­бияшы апасының баўырында өтеди. Солай екен, бүгинги күнниң тәрбияшысы барлық ўақытта өз үстинде ислеўи, излениўи ҳәм үйрениўден тоқтамаўы керек. Мен өзим кәсибимди жақсы көремен. Көпшилик балалар менен ислесиў қыйын-ғо  дейди, бирақ, бул маған ҳеш сезилмейди. Ҳәр күни балаларым апа деп алдыма жуўырып келип қушағыма тығылғанда барлық шаршағаным шығып, кеўлим дәрьядай тасады. Балалардың ҳәр бири өзгеше әлем-ғо. Енди таңлаўға келетуғын болсақ, биринши орында  жәмәәтимниң маған деген исеними, қоллап-қуўатлағаны үмит берип, тиреў болды. Таңлаўда тийкарынан жыл даўамында ислеген педагогикалық ис-тәжирийбелеримиз, концепция презента­циясы, сондай-ақ, сораў-жуўаплар ҳәм қол мийнетинен исленген дөретиўшилик жумысларымыз баҳаланды. Әўметим, бәлки несийбем шығар, биринши орынға ылайық деп табылдым. Тийкарғысы, грант тийкарында жоқары оқыў орнында билим алыў ушын берилген усыныснама мен ушын күтилмеген саўға болды,-дейди қуўаныштан жүзлери жайнаған Асел Оразбаева.

Таңлаў жеңимпазы болыў менен бирге, студент болыў бахытына да мия­сар болған Асел бүгинги күнде, Қоңырат районындағы «Хорезм» аўыл пуқаралар жыйынында жайласқан балар бақшасында тәрбияшы болып, заман талабына сай жас әўладларға тәлим-тәрбия берип келмекте.

 Ҳақыйқатында да, ўақыт дегениң ҳәр бир нәрсеге гүўа болғанындай, Асел Оразбаеваның да таңлаған тараўына ықласы бәлент екенлигин жумысындағы жетискенликлери дәлиллеп атыр. Бүгинлиги, ол мийнети арқасында кәсиплеслери әсиресе, шийриннен-шекер нәрестелердиң кеўил төринен орын алған тәрбияшы апасы болыў менен бирге, шаңарақта келин, өмирлик жолдас ҳәм перзентлериниң әдиўли анасы.

С.ТУРДЫБЕКОВА.

СҮЎРЕТТЕ: Таңлаў жеңимпазы Асел Оразбаева (ортада).

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF