Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 23:23:12, 12.05.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

САЛЫҚЛАРДЫ ТӨЛЕЎДЕ КИМЛЕРГЕ ЖЕҢИЛЛИКЛЕР БАР?

Әмелдеги Өзбекстан Республикасы Салық кодексине тийкар төмендиги пуқаралар мал-мүлк салығынан толық азат етиледи. Атап айтқанда, «Өзбекстан Қаҳарманы», Мийнет Қаҳарманы атақларына ийе болған, үш дәрежедеги «Даңқ» ордени менен сыйлықланған пуқаралар, урыс майыплары ҳәм урыс қатнасыўшылары, сондай-ақ, нызамшылық пенен белгиленетуғын олар­ға теңлестирилген шахсларға, бурынғы Аўқам, Өзбекстан Республикасының Конституциялық басқарыў принципин қорғаў әскерий хызметтиң ямаса Ишки ислер уйымларындағы ҳәм Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясындағы хызметтиң басқа миннетлемелерин орынлаўда жарадарланғанлығы, контузия ямаса майып болғанлығы ақыбетинде фронтта болыў менен байланыслы кеселлик себепли қайтыс болған әскерий хызметкерлердиң ҳәм Ишки ислер уйымлары ҳәм Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы хызметкерлериниң ата-аналары ҳәм ҳаялларына, жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айырыл­ған балаларға қолланылады.

Усы жеңиллик жетим балаларға ҳәм ата-ана қарамағынан айырыл­ған балаларға мәмлекет тәрепинен ажыратылатуғын турақ жай ушын олар жигирма үш жасқа толғанға шекем әмел етеди.

Энергия ресурсларының әмелдеги тармақларынан толық үзип қойылған турар орынларда қайта тикленетуғын энергия дереклеринен пайдаланыўшы шахс­лар қайта тикленетуғын энергия дереклери орнатылған айдан баслап үш жыл мүддетке делинген. Усы жеңиллик энергия ресурсларының әмелдеги тармақларынан толық үзип қо­йылған ҳалда қайта тикленетуғын энергия дереклеринен пайдаланыў ҳаққындағы энергия тәмийнаты шөлкемлери тәрепинен берилген мәлимлеме тийкарында усыныс етиледи.       

Төмендеги физикалық шахслардың мүлкинде болған буйым-мүлк алпыс квадрат метр шеңберинде салық салыўдан азат етиледи.

Он ҳәм оннан артық балалары бар ата-аналарынан биреўине делинген. Усы жеңиллик пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымының балалары бар екенин тастыйықлайтуғын мәлимлемеси тийкарында бериледи.

Пенсионерлерге усы жеңиллик пенсия гүўалығы тийкарында бериледи.

I ҳәм II топар майыплығы бол­ған шахсларға усы жеңиллик пенсия гүўалығы ямаса шыпакерлик медициналық-мийнет экспертиза комиссиясының мәлимлемеси тийкарында бериледи.

Бул элементте көрсетип өтилген салық жеңилликлерине ийе болған шахслар салық жеңиллигин алыўға болған ҳуқықын тастыйықлайтуғын ҳүжжетлерди салық салыў объекти жайлас­қан жердеги салық уйымларына ғәрезсиз түрде усыныс етеди.

Бул элементте белгиленген салық жеңилликлери мал-мүлкиниң таңлаўына көре тек бир жасаў ушын мөлшерленген көшпес мүлк объектине қолланылады. Бундай жеңиллик элемент биринши бөлегиниң 4-бәнтинде көрсетилген шахслардан тысқары.

 «Өзбекстан Қаҳарманы», Мийнет Қаҳарманы атақларына ийе болған, үш дәрежедеги «Даңқ» ордени менен сыйлықланған пуқараларға жеңилликлер усы сыйлық гүўалықлары  ямаса әскерий қорғаныў ислери бөлиминиң мәлимлемеси тийкарында бериледи.

Урыс майыплары ҳәм урыс қатнасыўшылары, оларға тең­лес­тирилген шахсларға, 1 ҳәм 2-топар майыплығы болған шахс­ларғаF

Жалғыз пенсионерлер, жал­ғыз ямаса жас өспирим балалары менен яки майыплығы бол­ған баласы менен бирге бөлек үйде жасаўшы пенсионерлер жалғыз пенсионерлер деп түсиниледи. Усы жеңиллик пенсия гүўалығы ямаса Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги жанындағы бюджеттен тысқары Пенсия қоры районлық (қала)  бөлиминиң мәлимлемеси, соның менен бирге пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының мәлимлемеси тийкарында бериледи.

Бағыўшысын жоғалтқан көп балалы шаңарақлар, әкеси ҳәм анасынан биреўи яки ата-анасы қайтыс болған көп балалы шаңарақлар салық салыў мақсетинде бағыўшысын жоғалтқан көп балалы шаңарақлар болып табылады. Бул жеңиллик Өзбекстан Республикасы Қаржы минис­трлиги жанындағы бюджеттен тысқары Пенсия қоры районлық (қала) бөлиминиң мәлимлемеси тийкарында бериледи.

Чернобыль АЭСдағы жарылыў ақыбетлерин сапластырыўда қатнасқаны ушын жеңилликлер алатуғын (ўақтынша жиберилген ямаса хызмет сапарына жиберилген) пуқаралар. Усы жеңиллик шыпакерлик медициналық-мийнет экспертиза комиссиясының мәлимлемеси, майыплығы болған шахстың арнаўлы гүўалығы, Чернобыль АЭСдағы жарылыў ақыбетлерин сапластырыўға қатнасқанлығы ҳақ­қында, соның менен бирге, ти­йисли ўәкилликли уйымлар тәрепинен берилген ҳәм жеңилликлер бериў ушын тийкар болатуғын басқа ҳүжжетлер тийкарында бериледи.

Бул статьяның биринши бөлиминдеги белгиленген салық жеңилликлери буның 5-бәнтинде көрсетилгенинен тысқары, жеке тәртиптеги турақ жай қурылысы, дийқан хожалығын жүргизиў ушын берилген жер участкаларына болған ҳуқықларды мәмлекет дизиминен өткериўди әмелге асырыўшы уйымда дизимнен өткерген физикалық тәреплерге бериледи. Бунда усы салық жеңилликлери салық төлеўшиниң таңлаўы бойынша тек бир жер участкасына берилиўи мүмкин, бул 436-статьяның биринши бөлиминиң 7-бәнтинде көрсетилген шахслардан тысқары.

Бул статьяда көрсетилген салық жеңилликлерине ийе бол­ған шахслар салық жеңилликлерин алыў ҳуқықын тастыйықлайтуғын ҳүжжетлерин жер участкасы жайласқан жердеги салық уйымларына жеке өзи усынады делинген.

Данебай АМАНИЯЗОВ,

Қараөзек районы Әдиллик бөлими юридикалық хызмет көрсетиў орайының бас юрисконсульты.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF