Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 14:59:28, 13.05.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

САЛЫҚ ИНСПЕКЦИЯСЫНЫҢ ЖАҢА ИМАРАТЫ ПАЙДАЛАНЫЎҒА ТАПСЫРЫЛДЫ

Хожели районы «Абат» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында Мәмлекетлик салық инс­пекциясы районлық бөлимниң жаңа имараты пайдаланыўға тапсырылды.

Имараттың ашылыў салтанатында район ҳәкими Ж.Ермашев, Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик салық басқармасының баслығы Х.Бекчанов, Миллий гвардияның Қарақалпақстан Республикалық басқармасы баслығы Б.Юсупов ҳәм бир қатар нураныйлар шығып сөйлеп, имараттың жаңа заманагөй имканиятлары менен қолайлылықларына айрықша тоқтап өтти ҳәм тараўға қаратылып атырған итибарды жоқары баҳалады.

Бул жаңа имараттың қурылысы ушын Өзбекстан Республикасы Салық комитетиниң салық  уйымларын раўажландырыў қоры есабынан 5 млрд. 628,0 млн. сум қаржы ажыратылып, қурылыс жумыслары алып барылды.

Сондай-ақ, салық инспекциясы имаратында пуқараларға сапалы хызмет етиўде тараўды үзликсиз электр энергиясы менен тәмийинлеў ушын қуяш панели орнатылып, жумыслардың нәтийжелилигин арттырмақта.

Ә.ОРАЗОВ,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF