Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 18:38:59, 12.05.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

НУРАНЫЙ АТАМЫЗ ҮШИНШИ ОРЫНДЫ ИЙЕЛЕДИ

Самарқанд қаласында өткерилген «Бир нураный — он жасқа жуўапкер» таңлаўының республикалық басқышының жеңимпазлары анықланды.

Таңлаў жуўмағына бола Сурхандәрья ўәлаятынан Чори Жумаев биринши, Самарқанд ўәлаятынан Солижон Худоёров екинши, Қарақалпақстан Республикасынан Нурмухамед Тилеўмуратов үшинши орынды ийеледи.

Жасларды тәрбиялаўда нураныйлардың тәжирийбелерин кеңирек пайдаланыў мақсетинде өткерилген таңлаўда, үш шәрт бойынша нураныйлардың мәҳәллелердеги жаслар менен ислесиўи бағдарында әмелге асырылған жумыслары көрип шығылды.

Таңлаў шеңберинде таңлаўға Қарақалпақстан Республикасы, Ташкент қаласы ҳәм ўәлаятлардан келген нураныйлардың Самарқанд қаласының дыққатқа ылайық орынларына саяхаты, бир кесе шай үстинде сәўбетлесиўлери де шөлкемлестирилип, олардың бир-бири менен танысыўы, тәжирийбе алмасыўы ушын жақсы мүмкиншиликлер жаратылды.

Жеңимпазларға таңлаў шөлкемлестириўшилери тәрепинен ийелеген орынларына бола белгиленген 27, 18, 9 миллион сумлық ақшалай сыйлық, арнаўлы диплом ҳәм естелик саўғалары салтанатлы жағдайда тапсырылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF