Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 07:38:49, 13.05.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

БИЗНЕС МАРАФОН: ЖАСЛАР МОТИВАЦИЯЛЫҚ ТРЕНИНГЛЕРДЕ

Жасларды исбилерменликке қы­зықтырыў, яғный, өзин-өзи раўажландырыў бойынша мотивация пайда етиў мақсетинде республикамыз бойлап «Бизнес марафон» мотивациялық тренинглердиң биринши ҳәм екинши мәўсими өткерилип, усы тренинглерде 500 мыңнан аслам жаслар қатнасқан еди.

Республикамыз жасларының сораўларына бола «Бизнес марафон» мотивациялық тренинглердиң үшинши мәўсимине усы жылдың октябрь айында старт берилиўи режелестирилген еди.

Ҳақыйқатында да, бизнес, ол не? Оны қалайынша жүргизиўге болады? Усы сораўлар қандай да исбилерменликке қызығыўшы жасты жуўап табыўға умтылдырса керек, әлбетте!

Жақында пайтахтымыздағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында болып өткен бул илажды Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары А.Данияров кирис сөз бенен ашты ҳәм исбилерменликке қызығыўшы жаслар ушын бул марафонның әҳмийети ҳаққында кең түрде пикир билдирди.

Бизнес-тренингте елимизге белгили ҳәм көп жыллық тәжирийбеге ийе болған, бизнесте нәтийжели жумыс жүргизип киятырған исбилерменлер ҳәм бизнес тренерлер қатнасты. Олардан көпшиликке таныс бол­ған «MFaktor» жойбары ҳәм «Deli.uz» компаниясы тийкаршысы — Хусан Мамасаидов, «Yuksalish liderlar akademiyasi» тийкаршысы — Муҳаммад Али Ешанқулов, «Moliya.uz» финанслық саўатханлық жойбары тийкаршысы Шоҳида Ибрагимова, «Asaхiy.uz» ҳәм «Asaxiy Books» жойбары тийкаршысы Феруз Аллаев, «Thompson School» оқыў орайы тийкаршысы — Шаҳзод Баҳадиров ҳәм Дилрабо Эгамова сыяқлы спикерлер жаслар ҳәм исбилерменлер тәрепинен берилген сораўларға тийисли жуўаплар ҳәм мәсләҳәтлер берди.

­ «Бизнес марафон»ның үшинши мәўсими Қарақалпақстанда үлкен көтериңкилик пенен басланды. Қатнасыўшылар бир-биринен қызығарлы сораўлар берди. Биз жаслардың исбилерменлик тараўына қызығыўы жоқары екенлигин аңладық. Бул жолда биз оларға өз тәжирийбелеримизден келип шығып, керекли ҳәм пайдалы мәсләҳәтлер бериўге таярмыз, - дейди «Asaхiy.uz» интернет дүканы ҳәм «Asaxiy Books» жойбары тийкаршысы Феруз Аллаев.

«Бизнес марафон» социаллық тармақлар арқалы онлайн тәризде эфирге узатылды. Бул болса, жаслардың ҳәм исбилерменликке қызығыўшы жаслардың тек бир орынның өзинде емес, ал, пүткил республикамыз бойлап жанлы эфир арқалы мотивациялық тренингти тамашалаў мүмкиншилигин жаратты.

Г.САПАРОВА.

СҮЎРЕТТЕ: илаждан көринис.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF