Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 09:06:38, 13.05.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

«СҮЎЕНЛИ» МАГИСТРАЛ КАНАЛЫ РЕКОНСТРУКЦИЯЛАНАДЫ

Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министрлигинде Франция раўажланыў агентлиги ҳәм Европа инвестиция банки қәнигелериниң қатнасыўында мәжилис өткерилди.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының Аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасары Д.Қайпов, Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министриниң биринши орынбасары Б.Жүзбаев, орынбасары Т.Мадиреймов ҳәм тийисли тараў қәнигелери «Сүўенли» каналының бүгинги күндеги жағдайы менен танысты.

«Сүўенли» хожалықлараралық каналын реконструкциялаў жойбары ушын улыўма баҳасы 113 миллион АҚШ доллары муғдарында қаржы ажыратылыўы режелестирилген.

Каналды толық бетон қаплама менен қаплаў, оның гидротехникалық қурылмаларын басқарыўды автоматластырыў жумысларын әмелге асырыў, сондай-ақ, каналдың суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў ҳәм тутынылыўын үнемлеў мақсетинде жәми 25 мың гектар суў­ғарылатуғын жер майданларында лазерли тегислеў жумыслары алып барыў нәзерде тутылған.

Атап өтилгениндей, республикамыздың Хожели, Тақыятас, Шоманай, Қанлыкөл, Қоңырат ҳәм Мойнақ районларын суў менен тәми­йинлеўши «Сүўенли» районлараралық каналы 1941-жылы қурылған. Оның улыўма узынлығы 96,6 километрди қурайды. Жойбарлық суў өткериўшеңлик қуўатлылығы 140 м3/сек. Канал Әмиўдәрьяның шеп жағалығындағы жәми 171 мың 132 гектар жерди суў менен тәмийинлеўге хызмет етеди.

«Сүўенли» районлараралық каналы иске түсирилгенли берли бүгинги күнге шекем реконструкцияланбаған. Дәрьядан ағып келип атырған суўлар тийкарынан ылай суў болып, дамбалар жемирилип жойбарлық параметрлериниң өзгерип кетиўиниң нәтийжесинде керекли муғдардағы суўларды өткериў имканияты жоғалған. Каналдың пайдалы жумыс коэффиценти 0,57 процентке төменлеп, суў өткериўшеңлик қәбилети 75 м3/секундты қурап, районлардағы егислик майданлардың суўға болған талабын толық тәмийинлеп бериўде машқалалар пайда болмақта.

Сондай-ақ, каналдың «Қарабайлы», «Киндик өзек», «Табанкөл», «Жиңишке» сыяқлы каналларға суўды көтерип бериўге хызмет ететуғын ири суў бөлистириўши қурылмаларында көп жыллардан берли реконс­трукциялаў жумыслары әмелге асырылмағанлығы себепли қурылмалардың қақпақлары ҳәм суў көтериўши бөлеклери эррозияға ушырап, электр өткизгишлери оңлаўға мүтәж жағдайға келип, суўды бөлистирип бериў қәбилетин жоғалтқан.

Усы каналдың 96,6 километрлик бөлегин толық бетонлаў, ири гидротехникалық қурылмаларды, суў өлшегиш постларды реконструк­циялаў жумыслары әмелге асырылып, суўды басқарыў системасын жаңа заманагөй технологиялар  менен үскенелеў ҳәм автоматластырыў, усы каналдың пайдалы жумыс коэффицентин 0,57ден 0,93ге арттырады. Каналдың суў өткериў қуўатлылығының орташа 130 м3/секунд­қа артыўы, «Сүўенли» каналының суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў ҳәм суўдан пайдаланыўды үнемлеўди әмелге асырыў мақсетинде, жәми 25,0 мың гектар суўғарылатуғын жер майданларында лазерли тегислеў жумысларының әмелге асырылыўы нәтийжесинде суў алыўшы районлардың аўыл хожалығы егислик майданларын суў менен тәмийинлеўди үзликсиз әмелге асырыўға мүмкиншилик береди.

Сондай-ақ, суў жетиспеўшилиги жылларында пайдаланыўдан шығып қалған 37434,0 гектар майданды аўыл хожалығында пайдаланыў ушын қайтарыўға мүмкиншилик жаратылады.

Мәжилисте «Сүўенли» каналын реконструкциялаў жойбарын әмелге асырыў ушын техникалық-экономикалық тийкар (ТЭО) ислеп шығыў мәселелери додаланды.

Мәжилис қатнасыўшылары «Сүўенли» каналын барып көрди. Каналдың ҳәм ондағы суў көтерип бериўши қурылмалардың жағдайлары менен танысты.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF