Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 07:01:49, 20.05.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

«ӨЗБЕК ПАЛЎАНЫ» ЖАРЫСЫНЫҢ ҚАЛАЛЫҚ БАСҚЫШЫ БОЛЫП ӨТТИ

Кураш бойынша ерлер ҳәм қызлар арасында «Өзбек палўаны» жарысының қалалық басқышы болып өтти.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 4-ноябрьдеги «Кураш миллий спорт түрин раўажландырыў ҳәм оның халықаралық абырайын буннан былай да арттырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында республикамызда кең көлемли жумыслар алып барылмақта. Қарарда ҳәр жылы бир мәрте «Өзбек палўаны» республикалық жарысын өткериў белгиленген еди.

Нөкис қалалық спортты раўажландырыў бөлими, Өзбекстан кураш федерациясының Қарақалпақстан бөлими, Нөкис қаласы прокуратурасы тәрепинен биргеликте шөлкемлестирилген жарысқа 9 командадан 54 спортшы қатнасты.

Жарыс жуўмағында өз салмақ категорияларында ерлер арасында Султан Қаниязов, Мәдияр Бекполатов, Рустем Оразов, Раўшанбек Халиқов, Көпберген Разақов, қызлар арасында Жанна Сайыпназарова, Нурсулыў Бердақова, Клара Дәрменбаевалар жеңимпаз болып, республикалық басқышқа жоллама алды.

Жеңимпазларға ҳәм сыйлы орын ийелерине шөлкем­лестириўшилер тәрепинен медаль, диплом ҳәм саўғалар тапсырылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF