Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 02:43:18, 20.05.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ИНТЕРНЕТТЕГИ ЖАТ ИДЕЯЛАРДАН АЎЛАҚ БОЛАЙЫҚ

Интернет адамлардың санасы ҳәм сезимлерине, ойлаў тәризине, минез-қулықларына тәсир көрсетиўде үлкен имканиятларға ийе. Интернеттиң бүгинги күндеги раўажланыўы идео­логиялық тәсир өткериўдиң дәрежеси ҳәм көлеминиң кескин дәрежеде өсиўине алып келеди. Интернет инсан санасы ҳәм кеўилине тәсир көрсетиўдиң сол дәрежеде күтилмеген қүдиретли қуралы болып шықты.

Бирақ, онда үгит-нәсиятлап атыр­ған мағлыўматлардың абзаллықлары яки унамсыз ақыбетлерин бирден ажыратып алыў жүдә қыйын мәселеге айланып қалды.

Социаллық тармақлар бүгинги мәлимлеме мәканынан айрықша орын ийелеп, адамлар өмириниң ажыралмас бөлегине айланды.

Ҳәзирги ўақытта виртуал әлемде 1 млрд. қа шамалас  интернет сайтлары бар болып, ҳәр күни жер жүзинде 12 мыңға жақын веб-сайт жумыслары жолға қойылады.

Ҳәр күни дүньяда миллионлаған ўақыялар жүз береди. Бирақ, интернетте адамлардың  дыққатына ҳәр түрли социаллық-руўхый күшлер пайдасынан келип шығып итибар қаратқан мәселелер ғана шығарылады. Бул олардың ҳәдийселерди сәўлелендириўдиң әҳмийетли бағдарларын  белгилеп бериўин, түрли  мағлыўматларды алыў, анализлеў, баҳалаў ҳәм тарқатыў арқалы пуқараларда тийисли пикир ҳәм жуўмақлар қәлиплесиўине хызмет етиўин көрсетеди. Бул интернеттиң социаллық пикирди керек болған қәлипке бағдарлай алыўы, оның менен манипуляциялаўынан дерек береди. Бул процессте өтирик, тоқып шығарылған информа­цияны ҳақыйқат сыпатында усыныў, ҳәдийсени бир жақлама баянлаў яки бузып көрсетиў, реаллықты адекват қабыллаўға жәрдем беретуғын зәрүрли, керек элементлерди жасырыўға айрықша итибар берилиўин атап өтиў зәрүр.

Америкалылардың 59 проценти реклама жүдә көплиги, 56 проценти мағлыўматлар ескирип қалғаны, 45 проценти белгисиз форумларға кирип қалыў мүмкиншилиги себепли интернеттеги мағлыўматларға толық исенбейди. Ал, 94 процент америкалылар болса интернеттеги мағлыўматларға исенбегенлиги,  ўақытты бийкарға жумсаўдан, компьютерге вирус түсиўинен, ақшаларын жоғалтыўдан, алдаўшылық қәўипинен, өз абырайына зыян жетиўинен, жумыстан босатылыўынан, өмирлик жолдаслары менен байланыслары бузылыўынан қәўетерленеди.

Бүгинги күнде интернет идеологиялық гүрес ҳәм үгит-нәсияттың тийкарғы майданына айланғанын экстремистлик ҳәм терроршылық көзқарасларды үгит-нәсиятлаўдағы орны мысалында да көриў мүмкин.

Соңғы жылларда терроршылық шөлкемлердиң идеяларын үгит-нәсиятлаўға қаратылған веб-сайтлардың саны бир неше есеге көбейген.

Атап айтқанда, бүгинги күни дүньяда терроршылар пайдаланатуғын 10 мыңнан аслам интернет сайтлары болып, оларға хызмет көрсетиўши порталлар саны күннен-күнге артып бармақта. Сондай сайтлар бар, оларда порнография, әдепсизлик, бий­ҳаялық ҳәм зорлық үгит-нәсиятланса, айырым сайтларда тийкарсыз секталар, өзлерин әллеқандай диний шөлкемлер ўәкиллери деп атап атыр­ғанлардың шығыўлары жайластырылмақта. Нәтийжеде муқаддес ислам дининиң тийкарғы мазмун-мәнисине иритки салып атырған сайт қурыўшыларының үгитлери, айырым адамларды дурыс жолдан адастырмақта.   

Бундай интернет сайтлары тосаттан пайда болады, ўақыт өткеннен кейин жоғалады, мазмуны өзгертилмеген ҳалда, тез-тез атамасын ҳәм доменин өзгертип турады.

Бүгин информация да пайдаланатуғын товарға айланған екен, ҳәр бир инсан өзинде оны қабыл етиў мәдениятын тәрбиялаўы зәрүр. Жаслар жеке характердеги мәлимлемеден қорғаныў бойынша билим ҳәм көнликпелерге ийе болыўы, өзи пайдаланып атырған зыянлы мәлимлемелерден қорғап билиўи зәрүр.   

Мағлыўматты қабыллаў мәденияты, улыўмалық мәниде, информация ағымынан инсан мәплери, камалға келиўи ҳәм жәмийеттиң раўажланыўына хызмет ететуғын мағлыўматларды қабыллаў, таңлаў, түсиниў ҳәм анализлеўге хызмет ететуғын билимлер, қәбилет ҳәм тәжирийбе системасын аңлатады.

Инсан өзинде бундай мәдениятты тәрбиялаўы ушын анаў яки мынаў информацияны тыңлап, өзине ҳеш болмағанда «Бул информацияны ким жиберип атыр?», «Не ушын жиберип атыр!» ҳәм «Қандай мақсетте жиберип атыр?» деген сораўларды бериўи, оннан тийкарлы жуўап табыўға ҳәрекет етиўи керек. Сонда ғана түрли идеялар тәсирине түсип қалыў, усынылып атырған мағлыўматларға билқастан исениминиң алды алынады. Қәлиплескен мәлимлемеден пайдаланыў мәденияты миллий мәплеримиз ҳәм қәдириятларымызға қайшы болған хабар, мағлыўматлардан өзине тән қорғаныў ролин атқарады, адамның көзқарасы ҳәм минезиндеги турақлылықты тәмийинлеўге хызмет етеди.

«Ким информацияға ийе болса, сол дүньяға ийелик етеди», деген пикир бүгинги күни ҳәр тәреплеме баянланады. Солай екен, бүгинги күни жасларда мәлимлеме дүньясы имканиятларынан ақылға уғрас пайдаланыў тәжирийбесин қәлиплестириў турмыслық-әмелий әҳмийетке ийе болып табылады.     

Даўлетияр Таўекелов,

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Дин ислери бойынша комитети Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасының Нөкис районы бойынша бас қәнигеси.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF