Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 03:12:00, 20.05.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

КАРАНТИН ХЫЗМЕТИ — ДИЙҚАНҒ­А КӨМЕКШИ

2022-жыл 5-сентябрь күни Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мир­зиёевтиң басшылығында өткерилген видеоселектор мәжилисинде, фермерлер ҳәм  дийқанларға, үй алды қыйтақ жер ийелерине жақыннан жәрдем бериў, оларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде бир қатар ўазыйпалар белгилеп берилген еди.

Берилген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде өсимликлер карантини ҳәм оны  қорғаў агентлиги тәрепинен усы жылдың 19-сентябринен 19-октябрине шекем «Карантин хызмети-дийқанға көмекши» сүрени астында «Әҳмийетли отыз күнлик» жәрияланып, бир қатар илажлар әмелге асырылды.

Усы илажлар шеңберинде Қарақалпақстан Республикасы өсимликлер карантини ҳәм қорғаў агентлиги тәрепинен аймақларға бириктирилген инспекторлар, лаборатория хызметкерлери менен биргеликте ҳәр бир агрокластер, фермер ҳәм дийқан хожалықлары, ыссыхана, үй алды қыйтақ жер ийелериниң жер майданларына барып, жеке тәртипте тараўға байланыслы машқалаларды үйрениў ҳәм сол жердиң өзинде оған шешим табыў илажлары алып барылмақта.

Усындай илажлардың бири Нөкис қаласындағы «BIOEKOAGROIMPEKS» ЖШЖ ға қараслы ыссыханада өткерилди.

Илаж даўамында тараў қәнигелери ыссыхананың фитосанитар жағдайы ҳәм егинлерди зыянлы организмлерден қорғаўда әмелге асырылып атырған жумыслар менен таныстырды. Сондай-ақ, лаборатория қәнигелери тәрепинен өсимликлердиң фитосанитар жағдайы лабораториялық тексериўден өткерилип, өсимликлерден үлгилер алынды.

— Үйрениўлер нәтийжесинде ыссыханада зыянлы объектлер анықланбады,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў агентлиги Нөкис қаласы инспекторы А.Рейпназаров. — Тараў қәнигелери тәрепинен, егер өсимликлерде зыянланыў жағдайлары анықланса яки тараўға байланыслы қандай да бир машқалалар ушырасса, усы аймаққа бириктирилген инспекторға мүрәжат етиў зәрүрлиги ҳәм зыянлы организмлерге өз ўақтында қарсы гүресиў бойынша фитосанитариялық илажларды әмелге асырыўда «агрокўмакчи» мобил қосымшасы ислеп шығыл­ғанлығы, оның абзаллығы ҳаққында  түсиниклер берилди.

Ҳәзирги ўақытта агентлик тәрепинен зыянлы организмлердиң қыслаўға кетиў алдынан оларды жоқ етиў — зыянсызландырыў (фумигация) илажлары да алып барылмақта. Онда мийўели ҳәм декоратив тереклерде қыслап қалып кетиўи мүмкин болған зыянкеслерге қарсы химиялық усылда зыянсызландырыў илажлары, сондай-ақ, алдамшы белбеўлер байлаў илажлары алып барылмақта.

Алдамшы  белбеўлер терекке байланып, сол баўға зыянкеслер келип топланады, оларды белгиленген мүддетлерде шешип алып, жағып жоқ етиў илажлары алып барылады. Бул илажлар зыянкеслердиң топыраққа түсиўиниң алдын алады.

Бундай илажларды өткериўден тийкарғы мақсет — зыянкеслердиң топырақта яки терек қабықларында қыслап қалыўынан сақлаўдан ибарат.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF