Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 06:01:15, 20.05.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ГҮЗГИ ҲӘРЕКЕТ — МОЛ ӨНИМ УШЫН ТИЙКАР ЖАРАТАДЫ

Ҳәзирги ўақытта аўыл хожалығы тараўы хызметкерлери тәрепинен 2023-жылдың өними ушын гүзги масақлы егинлерди егиў жумыслары жуўмақланып, оны тәрбиялаў қызғын пәтке енбекте.

Республикамызда жәми 63 мың 729 гектар майданға масақлы дәнли егинлер егилди. Соннан, 59 мың гектарында ғәлле, 4729 гектарында шарўашылық, қусшылық ҳәм балықшылық бағдарындағы кәрханаларға азықлық дән егиў илажлары әмелге асырылды.

— Егислик мәўсимди шөлкемлескенлик пенен өткериў мақсетинде 219 егислик отряд шөлкемлестирилди,-дейди Аўыл хожалығы министрлигиниң ғәллешилик, собықлы дән ҳәм майлы егинлер бөлиминиң баслығы К.Нурниязов. — Усы отрядларға 165 дән егиў сеял­калары, 208 қатар арасына егиўши, 172 минерал төгинлерди себиўши үскенелер ҳәм 483 сүрим тракторлары бириктирилди. Бүгинги күнге келип егилиўи белгиленген 63 мың 729 гектарлық майданның барлығы толық егилип болынды.

Егилген ғәлле майданларында нәллер толық өнип шықты. Олардың 7 проценти 1-2, 33 проценти 3-4 жапырақ шығарып, 58 проценти топлаў фазаларында раўажланбақта.

Ҳәзирги ўақытта усы ғәлле майданларының 14 мың 292 гектарында егиўден кейинги суўғарыў жумыслары әмелге асырылмақта.

Сондай-ақ, егилген ғәлле майданларын тәрбиялаўда илимпазлар тәрепинен ислеп шығылған усыныслар ғәлле жетистириўши субъектлерге жеткерип берилмекте. Олар­ға масақлы дән егинлеринде әмелге асырылыўы зәрүр бол­ған агротехникалық илажларды усы усыныс­ларға тийкарланып әмелге асырыў бойынша тийисли көрсетпелер берилди.

Сондай-ақ, орынларда егинлердиң тәрбиясына байланыслы жумыслар бойынша аўыл хожалығы кәрханалары ҳәм фермерлердиң қатнасыўында семинарлар өткерилмекте.

Усындай көргизбели семинарлардың бири еки күн алдын Әмиўдәрья районындағы «Амат Тўраев» фермер хожалығы майданларында 2023-жылдың зүрәәти ушын егилген гүзлик бийдай егинлерин макро-микро төгинлерге байытылған биостимуляторлар менен суспензия усылында азықландырыў бойынша өткерилди.

Бул семинарға Қарақалпақстан Республикасы Аўыл хожалығы министри З.Зиядуллаев басшылық етип, семинар қатнасыўшыларына  гүзлик бийдай егинлерин  суспензия усылында азықландырыў арқалы жоқары зүрәәтке ерисиў усыллары бойынша пикир-усыныслар билдирилди.

Сондай-ақ, күни кеше Нөкис районындағы Дән ҳәм салы илимий-өндирислик бирлеспесине тийисли ғәлле майданында бийдай майданларын азықландырыўға арналған көргизбели семинар кеңес өткерилди.

Оған Аўыл хожалығы министри З.Зиядуллаев, ра­йон ҳәкими О.Уснатдинов ҳәм тийисли тараў қәнигелери қатнасты.

Семинарда райондағы 5800 гектарлық ғәлле майданына азықландырыўдың суспензия усылын қолланыў бойынша көрсетпелер берилди. Ҳәзирги ўақытта фермер хожалықларында мембрана ҳәўизлерин қазыў ҳәм жаўынлатып суўғарыў жумыслары алып барылмақта.

Бул илажға әмелиятшы студент-жаслар да қатнасып, олар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Ғәлле майданларындағы ҳәзирги жумыслар мол өним ушын тийкар болады. Сонлықтан, ғәлле майданларында суўғарыў, тәрбиялаў жумыслары қызғын даўам етпекте.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF