Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 07:01:48, 20.05.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ХАЛЫҚТЫ ИШИМЛИК СУЎ МЕНЕН ТӘМИЙИНЛЕЎ БОЙЫНША СЕМИНАР ӨТКЕРИЛДИ

Соңғы жыллары елимизде суў там-тарыслығы дәўиринде халықты ишимлик суўы менен тәмийинлеў бағдарында кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.

Президентимиздиң усы жыл 24-майдағы «Халықты ишимлик суў тәмийнаты ҳәм ақаба суў хызметлери менен тәмийинленгенлик дәрежесин арттырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары тийкарында халықты таза ҳәм сапалы ишимлик суўы менен тәмийинлеў, ақаба суў хызметин жақсылаў бағдарындағы жумысларды жедел­лестириў, ишимлик суў тәмийнаты қыйын пуқаралар жыйынларын хатлаўдан өткериў  бағдарында кең көлемли жумыслар алып барылмақта. Қарардың орынланыўын тәми­йинлеў бо­йынша Ташкент қаласынан 4 дана УРБ 25 маркалы ҳәм 6 дана УРБ 600 маркалы жоқары технологиялы бураўлаў техникалары алып келинип, ишимлик суў тәмийнаты қыйын аймақларда жер асты қудықларын қазыў жумыслары алып барылмақта. Бул техникалар 700 метрден 1000 метрге шекемги тереңликтен жер асты суўларын қазып шығарыў қуўатлылығына ийе.

Орынларда қудықларды қазыў бойынша гидрогеологиялық карта дүзилген болып, қайсы аймақта қандай тереңликте қазыў кереклиги белгилеп алынды. Бул техникалардан пайдаланыў ишимлик суў тәмийнатын жақсылап ғана қалмастан, шар­ўа ҳәм дийқан хожалықларын, үй қапталы қыйтақ жерлерин суў менен  тәми­йинлеў имканиятын жаратады.

Усы техникалардың абзаллықлары ҳәм оның ислеў механизми, олардан нәтийжели пайдаланыўға бағышланған семинар болып өтти. Оған Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орын­баев, тийисли тараў басшылары, депутатлар, фермер ҳәм дийқан хожалықлары ўәкиллери, шар­ўалар қатнасты.

Атап өтилгениндей, халықтың қыйтақ жерлеринен өнимли пайдаланыўын жетилистириў мақсетинде Өзбекстан фермер, дийқан ҳәм қыйтақ жер ийелери Кеңеси жанындағы фонд тәрепинен артезиан қудықларын қазыўға субсидия ажыратылып атырғанлығы атап өтилди. Қәнигелердиң атап өткениндей, бул субсидиялар еки тәртипте, яғный бириншиси пуқаралардың шаңарақлары ушын киши көлемдеги артезиан қудықлар, екиншиси 30 шаңарақты суў менен тәмийинлейтуғын 30 метрден терең бол­ған көлемдеги қудықлар ушын бериледи. Алып келинген техникалардың жәрдеми менен Тахтакөпир, Әмиўдәрья, Қара­өзек ҳәм Төрткүл районларының шетки аймақларында қудық қазыў жумыслары баслап жиберилди.

Семинарда усы жумыслардан өнимли пайдаланыў бойынша ўазыйпалар белгиленди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF