Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 07:54:19, 20.05.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ШЕТКИ АЙМАҚ ТУРҒЫНЛАРЫНЫҢ ТУРМЫСЫНДАҒЫ УНАМЛЫ ӨЗГЕРИСЛЕР

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев республикамыздың ең шетки аймақларынан бири Мойнақ районының «Қызылжар» аўыл пуқаралар жыйынындағы «Әлий» аўылында болып, халықтың жасаў шарая­тын жақсылаў бойынша әмелге асырылып атыр­ған қурылыс-оңлаў ҳәм абаданластырыў жумыслары менен танысты.

Дәслеп «Қызылжар» аўыл пуқаралар жыйыны имаратының ашылыў салтанатына қатнасып, бул жерде жаратылған шараятлар менен жақыннан танысты.

Жаңа имаратта пуқаралар жыйынының баслығы, орынбасарлары, профилактика инспекторы ушын арнаўлы бөлмелер ажыратылған болып, барлық қолайлы шараят жаратылған. Сондай-ақ, имаратқа тутас социаллық объектлер қурып питкерилген болып, нураныйлардың жазғы ҳәм қысқы дем алыў орынлары, аймақ турғынларына хызмет көрсететуғын тигиў цехы, компьютер ханасы, руўхыйлық бөлмеси ҳәм басқа да хызмет көрсетиў орынлары қурылған.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы жаңа имараттағы мәжилислер залында аймақ турғынлары менен ушырасып, сәўбетлести.

Атап өтилгениндей, халықтың турмыс шараятларын жақсылаў бағдарында айтарлықтай жумыслар алып барылды. Аўылдың инфраструктурасы жақсыланды, балалар майданшалары қурылды, жоллар тәртипке келтирилди. Ишимлик суўы ҳәм электр тәмийнаты жақсыланды, суўғарыў-ирригация тармақлары оңланды.

Илажда аўыл пуқаралар жы­йынының белсендилери, нураныйлар, сондай-ақ, қурылыс ҳәм абаданластырыў жумысларына белсене қатнасқан тараў ўәкиллерине  Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Ҳүрмет жарлығы тапсырылды.

Бул жаңаланыўлар аймақ тур­ғынларын айрықша қуўанышқа бөлемекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF