Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 05:33:32, 20.05.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖОЛ ӨТКИЗГИШ КӨПИР ХАЛЫҚ ИЙГИЛИГИНЕ

Усы жыл 24-октябрь күни А-380 «Гүзар-Бухара — Нөкис — Бейнеў» автомобиль жолының 761,1 километринде жайласқан  халық­аралық әҳмийеттеги жол өткизгиш көпир пайдаланыўға тапсырылды.

Усы мүнәсибет пенен өткерилген илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев шығып сөйлеп, Президентимиздиң басшылығында республикамызда автомобиль жолларынан пайдаланыў, оның мәмлекетлер арасында байланысларды беккемлеўдеги әҳмийетине тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, А-380 «Гүзар — Бухара — Нөкис — Бейнеў» автомобиль жолының 753-765 километрлери аралығын оңлаў ушын 62,4 миллиард сум қаржы ажыратылды. Соннан 761,1 километринде жайласқан  жол өткизгиш көпир қурылысы ушын 11,6 мил­лиард сум қаржы сарпланды. Барлық талапларға жуўап беретуғын 10 метр бийикликте жайласқан көпирдиң узынлығы 1400 метр ҳәм ени 14,5 метрди қурайды.

Бул халықаралық әҳми­йеттеги жол өткизгиш көпир қурылысында өз исиниң маманы болған 150ден аслам қурылысшы, 60тан аслам заманагөй техника қатнастырылды. Нәтийжеде белгиленген мүддетте, сапалы етип питкерилди.

Илажда жол өткизгиш көпир қурылысына белсене қат­нас­қан бир топар қурылысшыларға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Ҳүрмет жарлығы тапсырылды.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар

агентлигиниң шолыўшысы.

М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВтың түсирген сүўрети.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF