Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 00:49:33, 27.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЯРЫМ ЖЫЛЛЫҚ ЖУМЫС ДОДАЛАНДЫ

«Мәҳәлле» қайырқомлық жәмийетлик фонды Қарақалпастан Республикасы, қалалық ҳәм районлық бөлимлери тәрепинен быйылғы жылдың биринши ярымында әмелге асырылған жумыслардың жуўмағына ҳәм келеси ярым жыллықта алып барылыўы тийис болған ўазыйпаларға бағышланған мәжилис болып өтти.

Мәжилисте күн тәртибиндеги мәселелер бойынша әмелге асырылған жумыслар ҳәм жол қойылған кемшиликлер додаланды.

Атап өтилгениндей, усы жылдың 6 айы даўамында республикамыз бойынша «Мәҳәлле» қайырқомлық жәмийетлик фонды жанындағы «Сақаўат ҳәм көмек» фондының есабынан 10410 социаллық жәрдемге мүтәж шаңарақты қоллап-қуўатлаў, оларға материаллық ҳәм руўхый жәрдем көрсетиў мақсетинде 5 миллиард 645 миллион 986 мың сум қаржы сарпланды.

Буннан тысқары, «Мәҳәлле» қайырқомлық жәмийетлик фонды тәрепинен 217 шаңараққа 37 миллион 163 мың сумлық материаллық жәрдем берилди. Соннан, кем тәмийинленген 28 шаңараққа 14 миллион 870 мың сумлық, социаллық жәрдемге мүтәж 32 шаңараққа 10 миллион 116 мың сумлық,  майыплығы болған 130 пуқараға 8 миллион 177 мың сумлық, жалғыз кексеге 500 мың сумлық, тәбийғый апаттан жәбир көрген 1 шаңараққа 1 миллион сумлық ҳәм 25 шаңараққа басқа түрдеги 2 миллион 500 мың сумлық қайырқомлық жәрдеми көрсетилди.

Илажда фонд тәрепинен келеси ярым жыллықта әмелге асырылыўы тийис болған ўазыйпалар белгилеп алынды.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF