Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 22:31:08, 26.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ГЕРМАНИЯЛЫ СТУДЕНТЛЕР РЕСПУБЛИКАМЫЗДА ОҚЫЎ ӘМЕЛИЯТЫН ӨТЕЙДИ

Суў ресурсларын ҳәм топырақты комплексли басқарыў жәмийеттиң турақлы раўажланыўында шешиўши әҳмийетке ийе.

Бунда ресурсларды турақлы басқарыў бағдарындағы шешимлер бойынша қоспа изертлеўлерге ғана емес, ал жоқары оқыў орынларында жас илимпазларды таярлаўға да итибар қаратыў керек.

Усы мүнәсибет пенен Германияның Готфрид Вилгельм Лейбниц атындағы Ганновер университетиниң студентлери Топырақтаныў институтының директоры Георг Гуггенбергер басшылығында  Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Аралбойы халықаралық инновация орайында болды.

Бул оқыў әмелияты Қазақстан ҳәм Өзбекстанның топырақ және суў ресурслары, олардан ақылға уғрас пайдаланыў, жүзеге келген экологиялық машқалаларды үйрениў, сондай-ақ оларды турақлы басқарыў вариантларын ислеп шығыўға қаратылған. Әмелият бағдарламасы көп тәреплеме биргеликте жумыс алып барыў, изертлеў ҳәм оқытыўдағы улыўма мәплерге қаратылған. Сонлықтан да бунда тек германиялы емес, жергиликли жоқары оқыў орынларының студентлери де қатнасады. Оқыў бағдарламасы шериклес оқыў орынлары менен биргеликте ислеп шығылады ҳәм гезекпе-гезек сол мәмлекетте ҳәм Германияда болып өтеди.

Ушырасыўдың биринши күни делегация ағзалары орай тәрепинен әмелге асырылған жойбарлар, Қарақалпақстан аўыл хожалығы ҳәм агротехнология институтының жумыслары менен танысты. Сапар даўамында делегация ағзаларының Мойнақ районында ҳәм Арал теңизиниң суўы қурыған ултанында болыўы режелестирилген.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF