Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 03:55:44, 26.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖУМЫСЛАР НӘТИЙЖЕЛИ АЛЫП БАРЫЛМАҚТА

Ғәрезсизлик жылларында мәмлекетимизде мийнет базарын турақлы ҳәм теңсалмақлы раўажландырыўды тәми­йинлеў, халықтың бәнтлик дәрежесин арттырыў ҳәм мийнет ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў ҳүкиметимиз сиясатының баслы бағдарларының бирине айланды.

Бул бағдардағы жумыслар барлық жердеги сыяқлы Кегейли районында да нәтийжели алып барылмақта.

Қарақалпақстан Республикасының социал-экономикалық турмысында салмақлы орын ийелейтуғын Кегейли районында бүгинги күнде 74 мыңға шамалас халық жасап атырған болса соннан мийнет ресурслары 39,8 мың, бәнт болғанлар 26,1 мың, соның ишинде экономиканың рәсмий секторында бәнт болғанлар 9,9 мың, экономиканың рәсмий емес секторында бәнт болғанлар 11,3 мың, республикадан тысқарыға жумыс ислеў ушын шығып кеткенлер 4830, жумыссызлар саны 2801 пуқараны, жумыссызлық дәрежеси 9,7 процентти қурайды.

2022-жылдың биринши ярымы даўамында Халық бәнтлигине көмеклесиў орайына жумыс сорап 2108 пуқара мүрәжат етип, соннан 979 пуқара турақлы жумысқа орналасты. 474 пуқара жәмийетлик жумысларға орналастырылды, 237 пуқара кәсипке оқыўға жиберилди.

Халық бәнтлигине көмеклесиў орайына районда ҳәрекет етип турған 92 кәрхана ҳәм шөлкемлерден бос жумыс орынлары ҳаққындағы есабатларын тапсырыў белгиленип, олардан 92 кәрхана бос жумыс орынлары ҳаққындағы мағлыўматларын тапсырды. 127 бос жумыс орынлары бар.

2022-жылдың 6 айы даўамында сырт елден қайтып келген пуқаралар саны 1222 болып, соннан 203 пуқара турақлы жумысқа, 48 пуқара ҳақы төленетуғын жәмийетлик жумысларға орналасқан болса, 77 пуқара кәсипке оқыўға жиберилди. 45 пуқара ғәрезсиз рәўиште, 385 пуқара өзлерине мақул келген жумысларға орналасты.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2017-жыл  5-октябрьдеги қарарына тийкарланып, ҳақы төленетуғын жәмийетлик жумысларға 2022-жылға 474 пуқара режелестирилип, 2022-жылдың биринши ярымында 443 пуқара жәмийетлик жумысларға тартылды.

«Халықты жумыс пенен тәмийинлеў ҳаққында»ғы Нызамның 7-статьясы тийкарында 2021-жыл даўамында район ҳәкиминиң 2020-жыл 8-октябрьдеги бийлиги менен «Социаллық қорғаўға мүтәж ҳәм жумыс табыўда қыйналып атырған шахсларды жумысқа орналастырыў ушын халықтың айырым тайпалары, социаллық қорғаўға мүтәж пуқаралар ушын қәнигелестирилген жумыс орынларын дүзиў 69 орынға белгиленген. Соннан майыплар ушын 2 орын, 14 жасқа толмаған ҳәм майып балалары бар жал­ғыз ҳәм де көп балалы ата-аналар ушын 10 орын, Жоқары оқыў орынларын питкерип келген жаслар ушын 51 орын, мүддетли әскерий хызметтен босағанлар ушын 2 орын, бәнтликке көмеклесиў орайында жумыс излеўши сыпатында есапта тур­ған пуқаралар ушын  1 орын, жазадан босағанлар ушын 2 орын, адам саўдасынан жәбир көрген пуқаралар ушын 1 орын белгиленди.

2022-жылы жыллық реже 69 пуқара деп белгиленген болса әмелде 6 ай даўамында 33 пуқара белгиленген квота бойынша жумысқа орналастырылды. Жылдың дәслепки ярымында 44 пуқара әскерий хызметтен келген болса, олардан 2 пуқара бурынғы ислеп атырған орнына жиберилди, 19 пуқара жоқары оқыў орынларына ҳүжжет тапсырды.

2022-жылдың 6 айы даўамында 6 мәрте бос жумыс орынлары ярмаркасы өткерилди. Соннан жәми бос жумыс орынлары саны 106 болып, турақлы жумысқа 79 пуқара орналасқан болса, 53 пуқараға тийисли мәс­ләҳәтлер берилди. Жәми 132 пуқараға хызмет көрсетилди.

Булардан басқа жумыссызларға жумыссызлық напақаларының, компенса­циялар, стипендиялар, материаллық жәрдем ҳәм нызам ҳүжжетлеринде белгиленген басқа да төлемлердиң дурыс есапланыўы ҳәм төлениўи орай тәрепинен қатаң қадағалаўға алынған.

А.ДЖУМАБАЕВ,

Кегейли районы Ха­лық бәнтлигине кө­мек­лесиў орайының директоры.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF