Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 06:30:06, 26.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ТИЙКАРҒЫ МӘСКАНҒА АЙЛАНБАҚТА

Ҳәр күни  бақша қасынан өтер екенмен ата-анасына ерген кими шоқ, кимиси ерке, ынжық балалардың жылдам қәдем атып, бақшасына асыққанын көрип қуўанасаң.

Ал, базы да ата-анасының зорлығына ушырап, азанғы уйқысын қыймай шатақ салғанының гүўасы болғанда кимниң болса да өзиниң ҳәм перзентлериниң балалығы қыялдай болса да ядына түссе тәәжип емес. Әлбетте, «Бала өмир гүли». Солай екен, ҳәр бир үйдиң патшасы, жарқыраған қуяшқа мегзес перзентлеримиздиң ҳәмийше күлип-ойнап, бахтыяр болыўлары ушын биз ата-аналар тыным билмей жуўырып, қолымыздан келгенше шараят жаратып бериўге тырысарымыз бар. Көз тиймесин, бүгинги күнде мәмлекетимиздеги мектепке шекемги билимлендириў мәкемелериндеги жаратылған шараятлар ертеңги келешегимиз болған нәрестелеримиздиң кәмил инсанлар болып тәрбия табыўына тийкар салмақта. Мине усындай не бир шоқ еркетайларды қушағына қамтыған Тахтакөпир районындағы 1-санлы балалар бақшасындағы жаратылған имканиятлар да ҳәр бир ата-ананың ойындағыдан да зыяда болып, кеўлинен орын алғанына гүман жоқ. Булай деўимиздиң себеби, әзелден бул пайызлы мәсканға айланған мектепке шекемги билимлендириў мәкемесинде ата-аналар таласқандай өз исиниң маманына айланған пидайы тәр­бияшылар баршылық. Әлбетте, баланың бақшаға тез енисип, күнделикли  келиўге асығыўында биринши нәўбетте тәрбияшылардың орны гиреўли. Бәрқулла балалар менен толы болған бул мәсканның әтирапындағы тәбият сулыўлығы, терек ҳәм хош ҳүрей гүллер, ал, иште болса ҳәр бир  ханалардағы азадалық тийкарғысы, кишкенелерге жаратылған қолайлы шараятларды көрип кимниң болса да кеўли толады. Бүгинлиги бул орында 8 топарда 190  тәрбияланыўшыларға қырықтан аслам тәжирийбели ҳәм жас педагог қәнигелер бала менен баладай болып, тәрбия ҳәм билим сырларын жалықпастан үйретип атыр. Олардан тысқары, тәрбияланыўшылар психолог, методист, дене тәрбиясы инструкторынан ҳәр қыйлы темада гүрриңлесиўлер, ойынларды үйренеди. Тийкарғысы, заман талабына сай бақшада инглис, рус тили, көркем гимнастика, шахмат-шашка ҳәм басқа да дөгереклер ислеп тур.

— Халқымызда «ҳәр бир ағаштың мий­ўеси болады, ал, кеўил мийўеси бул — перзент» деген даналық гәп бар. Ҳақыйқатында да, ҳәр бир ата-ана ушын жанынан да шийрин перзентлериниң саламатлығы ҳәм олардың жүзлериндеги бийғубар қуўаныш нурларынан артық бахыт жоқ сыяқлы. Әне сол бахытты толық жаратыў ушын да олар қарманып, қыймылдап ҳәр нәрсеге таяр турады ҳәм перзентиниң қуўанышына тийкар болатуғын әпиўайы ҳәр қандай жаңалықларды өзгеше заўық пенен қарсы алады. Бақшамызда өткерилетуғын байрам кешелериниң бәри ата-аналар менен толы. Себеби, олар перзентиниң ортаға шығып қосық яки ойын ойнап, тақмақ айтқанына қуўанып турғанын айтпай ақ билесең. Бул мектепке шекемги билимлендириў мәкемесине басшылық етип атырғаныма он бир жылдың майданы болыпты. Сол себеплиме бүгинлиги бул дәргай мен ушын ата-анамдай, перзентлеримдей әзиз болып қалды. Әлбетте, бақшаның орны барлық тәрбия алған тәр­бия­ланыўшылар ушын ҳеш нәрсе менен алмастырып болмайтуғын дәрежеде гиреўли болса, мен ушын да сондай. Быйыл қушағымыздан қырық бес тәрбияланыўшыларымызды қанат қомлатып мектепке қарай ушырдық. Көз тиймесин ҳәзирги балалар шаққан, зийрек. Районлық көлемдеги байрам кешелеринде бизиң тәрбияланыўшыларымыз өз талантлары, шеберлиги менен қатнасып атыр. Булда бизиң жетискенлигимиз. Және де айтайын дегеним өткен жылы «Нафосат 2021» таңлаўында бақшамыздан тәрбияшы ҳәм тәрбияланыўшы номинация­сында бир қатар хызметкерлеримиз сыйлы орын ийелери болды. Базы ата-аналар айтады азанда балам бақшаға асығады,-дейди. Мен буған қатты қуўанаман, -дейди мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси меңгериўшиси Бахыт Давлетова.

  Балалардың күлкиси жаңлаған бул мәскандағы  алып барылып атырған жумыслар, тийкарғысы баланың бақшадан дәслепки билимди қалаўы олардың билим ҳәм дүнья танымының раўажланыўына түртки болары анық. Балалар — бизиң жарқын келешегимиз, өмиримиздиң даўамшылары, жәмийеттиң тиреги. Демек, олар ушын ҳәмийше имканиятлар есиги ашық.

 С.ТУРДЫБЕКОВА.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF