Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 21:00:25, 26.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ТУРИЗМДИ РАЎАЖЛАНДЫРЫЎ МӘСЕЛЕЛЕРИ ДОДАЛАНДЫ

Соңғы жыллары Өзбекстанда туризм тараўын раўажландырыўға айрықша дыққат қаратылып, кең көлемли ислер әмелге асырылмақта. Қабыл етилген пәрман ҳәм қарарлар шеңберинде исленип атырған жумыслар Қарақалпақстан Республикасында да өз сәўлелениўин таппақта.

Атап айтқанда, Президентимиздиң  2020-жыл 11-ноябрьдеги «Қарақалпақстан Республикасын 2020-2023-жылларда комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарында Қарақалпақстанға келиўши шет елли туристлер санын 80 мың, ал, жергиликли туристлер санын 800 мыңға, туристлик агентликлер санын жеткериў ўазыйпасы белгиленген еди. Мине усы мәселелердиң орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң басламасы менен елимиздиң туристлик потенциа­лын көрсетип бериўши промо ролик ислеп шығылды. Бред Травел Гайдс турист­лик қолланбасын ислеп шығыў режелестирилген. Соның менен бирге, «The Washington post» газетасының журналистлери ҳәм де Уллыбританиялы профессор Майкл Робинсон Қарақалпақстанға мирәт етилген еди.

Жақында И.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик Көркем өнер музейинде Уллыбританияның Бирмингем университетиниң профессоры Майкл Робинсонның «Қарақалпақстанда турақлы туризмди раўажландырыў» атамасында семинар болып өтти. Оған Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Давлетов, мәденият ҳәм ағартыўшылық мәселелер бойынша мәсләҳәтшиси Г.Изентаева, Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары, Туризм ҳәм мәдений-мийрас министри Р.Зарикеевлер қатнасты. Қатнасыўшылардың атап өткениндей, бүгинги күнде елимизде барше тараўлар киби туризм тараўын жедел раўажландырыў, көп санлы туристлер ағымын тартыў арқалы республикамыздың социал-экономикалық раўажланыўын тәмийинлеўге, жаңа жумыс орынларының жаратылыўына және де халық дәраматының артыўына жол ашатуғынлығына айрықша тоқтап өтилди. Соның менен бирге илаж даўамында Майкл Робинсонның ЮНЕСКОның жой­бары шеңберинде таярланған «Қарақалпақстанда  турақлы туризмди раўажландырыў» атамасындағы есабатының презентациясы өткерилди. Бунда профессор Қарақалпақстанда туризм тараўын раўажландырыў бойынша бир қатар усыныс ҳәм баҳалы пикирлерин билдирди.

З.ЕРЕКЕЕВА,

арнаўлы хабаршымыз.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF