Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 20:29:03, 08.05.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

МӘМЛЕКЕТЛИК САТЫП АЛЫЎЛАР ДЕГЕНИМИЗ НЕ?

Президентимиз 2018-жыл 9-апрельде «Мәмлекетлик сатып алыўлар ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамына қол қойды. Қабыл етилген нызамда мәмлекетлик сатып алыўлардың ашықлығы ҳәм бул тараўда исбилерменлердиң бәсекилеслигин тәмийинлеўге хызмет етиўи нәзерде тутылған.

Соның менен бирге, мәмлекетлик бюджет, орайластырылған дереклер ҳәм мәмлекет үлесине ийе бол­ған кәрханалардың қаржыларынан нәтийжели пайдаланыўға мүмкиншилик жаратады.

Нызам сатып алыўлардың бес тәртип-бағдарламасын белгилейди, соннан екеўи мәмлекет сатып алыўлар бойынша қарар қабыллаўда инсан факторын улыўма бийкар етеди. Қалған сатып алыўлардың тәртип-бағдарламаларының ашықлығы арнаўлы мәлимлеме порталында зәрүр мәлимлемени баспадан шығарыў жолы менен тәмийинленеди.

Электрон дүкан ҳәм аукционда жеңимпазды анықлаў автомат тәризде электрон система арқалы әмелге асырылады. Арнаўлы талаплар қолланылмайтуғын товарлар (жумыслар, хызметлер) электрон дүкан арқалы сатып алынады. Бюджет буйыртпашылары ушын ең кем айлық ис-ҳақының 25 есеси, жылына ең кем айлық ис ҳақының 2500 есесинен, корпоратив бу­йыртпашылар ушын жылына ең кем айлық ис-ҳақының 250 есесинен артық болмаған лимитлер орнатылды.

Алдын электрон саўда арқалы биржада тек 10-13 товар, жумыс, хызметлер топары дизимге кирген, 100 мың АҚШ доллары муғдарына шекем тек биринши дәрежеде зәрүр товарлар сатып алынған. Таңлаў саўдалары орнатылған критерияларға жуўап беретуғын товар (жумыслар, хызметлер)дың барлық түрлерине қолланылады. Алдын таңлаў саўдаларын өткериў механизми тек капитал қурылыс саласында әмел етер еди. Тендер таңлаўлары ушын бюджет буйыртпашыларына — жылына ең кем айлық ис-ҳақының 6000, корпоратив бу­йыртпашыларға болса, жылына ең кем айлық ис-ҳақының 25000 есесинен жоқары лимитлер орнатылған.

Нызам менен сатып алыў тәртип-бағдарламалары үстинен мониторинг ҳәм қадағалаў тәртипке салынбақта. Мәмлекетлик сатып алыўлар тараўындағы шағымларды көрип шығыў бойынша дүзилип атырған комиссияның жумысы сатып алыўдың барлық түрлеринде әмел етеди. Илгери мәмлекетлик сатып алынған затларды бақлаў мәселеси тәртипке салынбаған, даў ҳәм келиспеўшиликлер тек электрон саўдалар бойынша арнаўлы комиссия тәрепинен көрип шығылған.

Мәмлекеттиң сатып алынған затлары бойынша арнаўлы мәлимлеме порталы xarid.uz интернет мәнзилинде рәсмий түрде иске түсти. Алдағы  ўакытта порталда мәмлекетлик сатып алыўлар бойынша барлық дағазалар ҳәм олардың нәтийжелери жайластырылады ҳәм де мәмлекеттиң сатып алынған затлары электрон дүкан ҳәм басланғыш баҳаны төменлетиўге қаратыл­ған электрон аукцион формаларына өткериледи.

Б.УТЕМУРАТОВ,

Шоманай районы Әдиллик бөлими Юридикалық хызмет көрсетиў орайының баслығы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF