Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 13:07:39, 26.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

БУХАРА ЎӘЛАЯТЫНЫҢ ҲӘКИМИ ХОЖЕЛИ РАЙОНЫНДАҒЫ ЖОЙБАРЛАР МЕНЕН ТАНЫСТЫ

Усы жыл 29-май күни Бухара ўәлаятының ҳәкими Ботир Зариповтың басшылығындағы делегация  республикамызға келди.

Нөкис халықаралық аэропортында мийманларды Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев күтип алды.

Президентимиздиң тапсырмасына муўапық халықтың турмыс дәрежесин жақсылаў, аймақларды социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў, исбилерменлик субъектлерин шөл­кемлестириў арқалы жаңа жумыс орынларын жаратыў, халықты қыйнап киятыр­ған ҳәр қандай машқалаларды унамлы шешиў мақсетинде Хожели районына Бухара ўәлаяты бириктирилген еди.

 Усы жылдың февраль айынан баслап Бухара ўәлаяты тәрепинен улыўма баҳасы 215 миллиард сум болған 38 жойбар әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, Хожели районында 45 километр жолларды оңлаў, район орайының абаданлығын тәмийинлеў, аўыл хожалығын раўажландырыў, халықты медициналық тексериўден өткериў, исбилерменликти раўажландырыў бойынша жумыслар алып барылмақта.

Жойбарлар менен танысыў барысында Бухара ўәлаятының ҳәкими Ботир Зарипов ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Минис­трлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев, тийисли тараў басшылары менен биргеликте районлық медицина бирлеспесинде болып, емленип шыққан наўқаслар менен пикирлести. Бухаралы шыпакерлер тәрепинен Хожели районында жасаўшы 5 мыңнан аслам пуқара медициналық тексериўден өткерилди. Соннан 17 адамға қурамалы, 128 адам­ға ҳәр қыйлы операция бийпул исленди. 16 онкологиялық кеселликтиң ерте алдын алыўға ерисилди. Саўалып шыққан пуқаралар денсаўлықты сақлаў тараўына қаратылып атырған айрықша итибары ушын Президентимизге, соның менен бирге, бухаралы шыпакерлерге миннетдаршылық билдирди.

Ўәлаят қурылысшылары тәрепинен Хожели районындағы «Күн нуры» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында биринши басқышта 36 жеке тәртиптеги турақ жай қурылысы режелестирилген. Сапар даўамында усы турақ жайлардың презентациясы болды ҳәм дәслепки ирге тасы қойылды.

Усы күнниң өзинде районда бир қатар халыққа хызмет көрсетиў шақапшаларының ашылыў мәресимлери болды. Соннан Бухара ўәлаятының ҳәкими Б.Зарипов ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев «Қолап» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында ҳаял-қызлар салоны ҳәм ерлер шаштәрезханасының ашылыў салтанатына қатнасты. Бул жерде аўыл турғынларының жасаў шараятларын жақсылаў бойынша пикир алысыўлар болды.

Усы күни Хожели районындағы «Якка сарай» ресторанында Бухара ўәлаятының ҳәкими Б. Зариповтың басламасы менен 10 жас шаңарақтың неке тойы ҳәм 10 баланың сүннет тойы өткерилди. Илажда ўәлаят ҳәкими Б.Зарипов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев, район ҳәкими Ж.Ермашов жас шаңарақларды ҳәм балаларды қутлықлады. Той ийелерине баҳалы саўғалар тапсырылды. Республикамыз ҳәм Бухара ўәлаяты көркем өнер шеберлериниң атқарыўында концерт бағдарламасы тойға айрықша заўық бағышлады.

 Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF