Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 09:36:19, 26.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

МЕКТЕПЛЕРДЕ СОҢҒЫ ҚОҢЫРАЎ ҚАҒЫЛДЫ

Қарақалпақстан Республикасында жәми 726 улыўма билимлендириў мектеби болып, 2021-2022-оқыў жылында 11-классты 20912 оқыўшы питкерип атырған болса, соннан 489 оқыўшының алтын, 163 оқыўшының гүмис медаль менен питкериўи, ал, келеси жаңа оқыў жылында 37336 ул-қызларымыздың мектеп босағасынан дәслепки қәдем атыўы күтилмекте.

Республикамыздағы барлық улыўма билим бериў дәргайларындағы сыяқлы Нөкис қаласындағы 37-санлы қәнигелестирилген мәмлекетлик улыўма билим бериў мектебинде «Мениң мектебим —мениң үйим» сүрени астында соңғы қоңыраў кешеси болып өтти.

Дәслеп Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери жаңлады.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов қатнасып, мектеп питкериўшилерин, устазларды ҳәм олардың ата-аналарын қутлықлап, Президентимиздиң мектеп питкериўшилерине жоллаған байрам қутлықлаўын оқып еситтирди.

Қутлықлаўда атап өтилгениндей, өзиниң билим ҳәм қәбилетин Ўатанымызға ҳәм халқымызға мүнәсип перзент болыўдай уллы мақсетлерге жумсаўға таяр турған сиздей талпыныўшаң ҳәм умтылыўшы пер­зент­леримиз —бизиң исенимимиз ҳәм сүйенишимиз, Жаңа Өзбекстанның алтын фонды, бийбаҳа ғәзийнеси болатуғынына беккем исенемен. Бүгин елимиздиң мектеп питкериўшилери менен бирге олардың ата-аналары, устаз-муғаллимлери ушын да умытылмас күн болып табылады. Усы қуўанышлы әййямда оларды да шын жүректен қутлықлап, бәршесине ең жақсы тилеклеримизди билдиремиз.

Илажда сондай-ақ, мектеп ата-аналар кеңесиниң баслығы С.Нурабуллаева, баслаўыш класс муғаллими, «Дўстлик» ордениниң ийеси Г.Цецура, АҚШ та билим алып келген мектеп питкериўшиси К.Жалалов, мектеп директоры, Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен халық билимлендириў хызметкери М.Досназаров шығып сөйлеп, Президентимиздиң басшылығында билимлендириў тараўына қаратылып атырған айрықша итибарға тоқтап өтти ҳәм питкериўшилерге әўмет тиледи.

Усындай итибар нәтийжесинде 37-санлы қәнигелестирилген улыўма билим бериў мектеби соңғы жыллары айтарлықтай табысларға ерисип келмекте. Быйылғы жылы мектепти 192 оқыўшы питкерип атырған болса, соннан 38 оқыўшы алтын медаль менен питкермекте. 34 питкериўши инглиз тилинен халық аралық сертификат алыўға миясар болды. Бир нешше питкериўшилер АҚШ, Россия Федерациясы ҳәм бир қатар раўажланған мәмлекетлердиң жоқары оқыў орынларына мүддетинен алдын кирди.

Илажда соңғы қоңыраў қағылды. Кеше мектеп питкериўшилери ҳәм оқыўшылары тәрепинен таярланған қосық ҳәм аяқ ойын­лар менен узақ даўам етти.

Усындай соңғы қоңыраў кешеси Нөкис қаласындағы 46-санлы қәнигелестирилген мәмлекетлик улыўма билим бериў мектебинде болып өтти. Быйылғы жылы мектепти 215 оқыўшы питкермекте.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев қатнасып, мектеп питкериўшилерин, устазларды ҳәм олардың ата-аналарын қутлықлады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF