Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 23:57:23, 26.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

УСТАЗ БАҚСЫ — РУЎХЫЙ МИЙРАС ҒӘЗИЙНЕСИ

Ҳәр қандай халық ямаса миллеттиң мәнаўиятын оның тарийхы, үрп-әдет дәстүрлери, турмыслық қәдириятларысыз көз алдымызға келтирип болмайды.

Елимизде мәнаўий мийрасларымыздың бири болған, узақ ўақытлардан қәлиплесип киятырған, бақсышылық өнериниң раўажланыўында Ақымбет, Муса бақсылардың  жолын даўам еттирип, ийгиликли ислер ислеп атырған устаз бақсылардың тутқан орны әҳмийетли. Тарийхый мәдений естеликлерге бай, бес қаланың бири Хожели районында туўылып өскен Оралбай Отамбетов кишкене ўақтынан баслап устазы Меңлибай Пирназаровтан бақсышылық өнериниң әлўан сырларын үйренеди. Соңынан Өзбекстан халық бақсысы Ғайрат Өтемуратовқа шәкирт түседи.

Ғайры нағыслы сазға бәлент лапызы, хош ҳаўазы, қосық қатарлары менен сондай қарысып кеткенлигин көрип тәбияттың буншелли шеберлигине, инсанның сол шеберликти жүзеге шығарыўындағы қәбилетине тәсийин қалмасқа илажың жоқ. Устаз өз үстинде бәрқулла изленип,  мийнет етип,   жаслайынан өзи оқып тамамлаған Жапақ Шамуратов атындағы Нөкис көркем-өнер училищесинде ҳәзирги Нөкис қәнигелестирилген мәденият мектебинде бүгинги күнде бақсышылық өнеринен сабақ бермекте.

Ол усы дәргайда жумыс ислеп жүрип Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде тәлим алады.  Дөретиўшиликтен қол үзбеген ҳалда түрли таңлаўларда өз талантын көрсетип бай тәжирийбелер арттырды. Атап өтиў орынлы, 2010-жылы Есжан бақсы Қосполатовтың жарқын естелигине бағышланып өткерилген «Өмирдиң үш паслы» кино фильминде Есжан бақсы ролин ойнаў ушын қарақалпақ бақсылары арасында таңлаў өткерилди. Бул таңлаўда Есжан бақсы репертуарынан «Гәлгәлай» намасына қосық  атқарыў шәрти бар еди. Устаз бул таңлаўда қосықты жоқары шеберлик пенен атқарып, биринши орын жеңимпазы болды ҳәм «Өмирдиң үш паслы» кино фильминде роль ойнаў бахтына миясар болды. Әлбетте, халқымыздың бай фольк­лорлық мийрасларын  үйрениў кеўиллерде толқын ҳәм мақтаныш сезимлерин пайда етери анық.

Оралбай Отамбетовтың қарақалпақ бақсышылық өнерин келешек әўладларға жеткериўде, шәкиртлер таярлаўда  мийнетлери оғада көп. Оның усындай пидайы ҳәм қалыс мийнетлери бүгинги күнде өз жемисин берип атыр. Себеби, қайсы тараўда болмасын, устаздың устамы, жанкүйерлиги таярлаған шәкиртлери мысалында айқын көзге тасланады. Устаздың таярлаған көплеген шәкиртлери бүгин халқымызға өз өнерлери менен кеңнен танылып кия­тыр.   

Атап айтқанда, хош хаўазлы шәкиртлериниң бири Е.Асқаров 2019-жыл Сурхандәрья ўәлаятында болып өткен халықаралық бақсылар фестивалының Өзбекстан шеңберинде ашық даўыста дәстан атқарыў жөнелиси бойынша 1-орынды ийеледи.

 Ал, Қырғызстанның Бишкек қаласында 2019-жылы 22-24-апрель күнлери өткерилген «Халықаралық дәстанлар атқарыў күни» фестивалында шәкиртлери Н.Қыдырниязов ҳәм О.Жоллыбаевлар миллий халық қосықлары менен белсене қатнасып, «Миннетдаршылық хаты»  менен сыйлықланды.

Сондай-ақ, шәкирти Қ.Сейтимбетов Қырғызстанның  Чолпан ата қаласында 2018-жылы 3-8-июль аралығында өткерилген «Түрк тилдеў елдериниң маданияты» I халықаралық таңлаў фестивалында үшинши орынды ийеледи. Қарақалпақстан Республикасы мәденият министрлиги, Өзбекстан мәмлекетлик филармониясы Қарақалпақстан Республикасы бөлими «АТИЯЖ ГҮЛЗАР» ЖШЖ,  «Жаслар ТВ» телеканалы менен биргеликте өткерилген «Бақсылар лапызы» атамасындағы жас бақсылардың қатнасыўындағы республикалық таңлаўда сыйлы 1-орын жеңимпазы болды.  Ал, усы жылы пайтахтымыз Нөкис қаласында болып өткен II Халықаралық «Бақсышылық көркем өнер» фестивалында қатнасып, 3-дәрежели диплом менен сыйлықланған болса, халық­аралық Стамбул аяқ ойын, саз ҳәм көркем өнер таңлаўында 2-дәрежели диплом менен сыйлықланды.

Булардан басқа устаздың мийнетин халыққа көрсетип киятырған жас шәкиртлериниң бири А.Елмуратов «Бақсылар лапызы» атамасындағы жас бақсылардың қатнасыўындағы республикалық таңлаўда сыйлы 3-орынды ийелеп диплом менен сыйлықланды. Әлбетте, бундай таңлаўлардың елимизде жийи өткерилиўи ата мийрасымыз болған бақсышылық өнериниң раўажланыўына себин тийгизеди деп ойлайман. 

Буннан басқа да талантлы қыз бақсылар  Г.Худайбергенова 2018-жыл 9-11-ноябрь күнлери Қазақстанның Алмата қаласында «Индиго» атамасындағы 8 халық­аралық таңлаўда лауреат болып, сыйлы 1-орынды, Д.Нуратдинова 2017-жылы Қазақстанның Ақтөбе қаласында болып өткен Қазан­ғап Тилепберген улы халық­аралық сазенделер таңлаўында лауреат болып, II дәрежели дипломлар менен сыйлықланыўында да устаздың жемисли мийнетлери айқын көзге тасланады.

Мине, усындай бир нешше таңлаўларға қатнасып жеңимпаз болып киятырған ҳәм де Қарақалпақстан телеканалының «Уллы Зибан» көрсетиўинде «Саятхан-Ҳамра», «Ашық Нә­жеп», «Базерген», «Қырмандәли», «Ғәрип ашық», «Юсуп-Ахмед» тағы басқа да дәстанларды шеберлик пенен атқарып киятырған шәкиртлери де  жүдә көп. Олардан Г.Айтжанова, И.Артықбаева, А.Палўа­ниязов, И.Қалбаев, Ө.Әзербаев, Ә.Жарманбаевларды айтып өтсек арзыйды. 

Жақында ғана 2021-жыл декабрь айында, Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы тәрепинен шөлкемлестирген «Ўатан раўажланыўына мениң үлесим» атамасындағы Қарақалпақстан Республикалық таңлаўдың «Миллий мақам ҳәм миллий эстрада жөнелиси» бойынша шәкирти Азада Қарлыбаева  биринши орын жеңимпазы болды.

Елимизде усындай инсанлар бар екен, бақсышылық өнери раўажланыў жолын даўам етеди ҳәм халқымыздың руўхый мийрасы сыпатында хызмет етеди.

Устаз  О.Отамбетов усы жылы елимизде болып өткен II халықаралық «Бақсышылық көркем өнери» фестивалында «Ең жақсы саз дөретиўшиси» номинациясы бойынша диплом менен сыйлықланды. Жас әўладты ана Ўатанға ҳәм миллий мийрасларымызды үйретиўдеги пидайы мийнетлери мәмлекетимиз тәрепинен мүнәсип баҳаланып, «Дўстлик» ордени менен сыйлықланды.

Устаз Оралбай Отамбетовқа дөретиўшилик жумысларында табыслар тилеп, қарақалпақ халқын дүньяға танытыўда, халқымыздың руўхый мийрасын, бақсышылық өнерин келешек әўладқа жеткериўде еле де бәлент йош, лапыз тилеймиз.

Бердияр СЕЙТМУРАТОВ,

НМПИ диң музыка тәлими ҳәм көркем өнери бағдары бойынша магистранты.

CҮЎРЕТТЕ: Оралбай Отамбетов.

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF