Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 01:33:11, 26.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

«ДОСЛЫҚ ҮЙИ» АЙДАЛАНЫЎҒА ТАПСЫРЫЛДЫ

Усы жыл 30-декабрьде Нөкис қаласында «Дослық үйи» пайдаланыўға тапсырылды.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниӊ Баслығы М.Камалов қатнасып, жыйналғанларды Жаңа жыл байрамы ҳәм «Дослық үйи»ниң пайдаланыўға тапсырылыўы менен қутлықлады.

Атап өтилгениндей, елимиз басшысының Олий Мажлиске жоллаған Мүрәжатында жәмийетимизде миллетлераралық татыўлық, диний кеңпейиллик орталығын беккемлеў бағдарындағы жумыслардың избе-из даўам еттирилиўине айрықша тоқтап, елимизде 30 июль «Халықлар дослығы күни» деп белгилеўди усыныс етти. Сондай-ақ «Халықлар дослығы» көкирек белгисин шөлкемлестириў ҳаққындағы баслама да қоллап-қуўатланды.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 19-майдағы «Миллетлераралық қатнасықларды ҳәм шет еллер менен дослық байланысларды буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы миллий мәдений орайлардың жумысын бүгинги күнниң руўхында шөлкемлестириў, сырт еллер менен мәдений-ағартыўшылық байланысларды кеңейтиў бағдарында жаңа имканиятларды ашып берди.

Жаңа жыл байрамы алдынан «Дослық үйи»ниң пайдаланыўға тапсырылыўы буның әмелдеги көриниси болды. Алдын бос турған имаратта дерлик 3 миллиард сумлық реконструкция жумыслары алып барылды ҳәм керекли инвеньтарлар менен тәмийинленди.

Бул жаңа имаратта  республикамызда ҳәрекет етип турған 5 миллий мәдений орай ҳәм социаллық әҳмийетке ийе болған мәмлекетлик емес, коммерциялық емес шөлкемлер жайласты.

Илаж қатнасыўшылары миллий мәдений орайлар тәрепинен шөлкемлестирилген көргизбе ҳәм жаңа имаратта жаратылған шараятлар менен танысты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF