Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 00:51:48, 26.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

«ЖАСЛАР ФОРУМЫ — 2021» ҲӘПТЕЛИГИ ӨЗ ЖУЎМАҒЫНА ЖЕТТИ

Жыл даўамында ерисилген нәтийжелердиӊ жуўмағы ҳәм алдағы режелерди белгилеп алыў, Жаӊа Өзбекстан стратегиясын турмысқа енгизиўде жаслардыӊ белсендилигин арттырыў мақсетинде республикамызда «Өзбекстан жаслары форумы – 2021» ҳәптелиги шөлкемлестирилди.

Бүгин усы форумныӊ жуўмағына бағышланып И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейи алдында салтанатлы илаж өткерилди.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ комитет баслығы Д.Қурбаниязовқатнасты.

Илажда сөзге шыққанлар жыйналғанларды кирип киятырған жаӊа жыл байрамы менен қызғын қутлықлады.

Буннан соӊ елимизде Ҳүрметли Президентимиздиӊ басшылығында жасларды қоллап-қуўатлаў, олардыӊ бәнтлигин тәмийинлеў, бос ўақытларын мазмунлы өткериў бойынша пүткиллей жаӊа система жолға қойылып, бир қатар нәтийжели жумыслар әмелге асырылып атырғанлығын атап өтти.

9-декабрь сәнесинен баслап даўам етип атырған форум шеӊберинде жаслардыӊ бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм исбилерменлигин раўажландырыў, оларды социаллық қоллап-қуўатлаў, интеллектуаллық қәбилетин арттырыў, басламашы жаслар қатламын жаратыў, илим-пәнди еле де раўажландырыў, шет тиллерин үйрениўдеги басламаларын қоллап-қуўатлаў, машқалаларын сапластырыўға байланыслы бир қатар таӊлаўлар өткерилди.

Усы таӊлаўларда белсене қатнасып жеӊимпаз болған жаслар сыйлықланды.

Жыл даўамында жасларды қоллап-қуўатлаўға байланыслы 44 нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер қабыл етилген. «Жаслар дәптери»не киргизилген 46 мыӊ 337 жастыӊ  бәнтлиги тәмийинленген. «Жаслар дәптери» фонды арқалы 7 мыӊ жумыссыз жасқа ҳәр қыйлы әсбап-үскене, мийнет қураллары, егислик ушын туқым ҳәм мийўе нәллерин сатып алыўға субсидиялар ажратылған. Бес әҳмийетли баслама шеӊберинде билимлендириў мәкемелери ҳәм спорт объектлеринде 2,5 мыӊнан артық дөгереклер жумысы жолға қойылған.

Илаж мәденият ҳәм көркем өнер хызметкерлериниӊ концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баспасөз хызмети

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF