Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 16:04:27, 28.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ҚЫЙТАҚ ЖЕР ХЫЗМЕТИ КЛАСТЕРЛЕРИ ШӨЛКЕМЛЕСТИРИЛМЕКТЕ

Елимиздиң экономикалық турақлылығын ҳәм халықтың мүнәсип турмыста жасаўын тәмийинлеўде фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери ушын қолайлы исбилерменлик орталығын жаратыў, олардың жер майданларынан нәтийжели пайдаланыў мәселеси айрықша орын ийелейди.

Президентимиздиң 2017-жыл 9-октябрьдеги «Фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелериниң ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў, аўыл хожалығы егислик жерлеринен нәтийжели пайдаланыў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманы ҳәм 2017-жылғы 10-октябрьдеги «Фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелериниң жумысын буннан былай да раўажландырыў бойынша шөлкемлестириўшилик илажлары ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Өзбекстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери Кеңеси жанындағы дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелерин қоллап-қуўатлаў қоры ҳәм Қарақалпақстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери Кеңеси менен биргеликте республикамызда 20l8-202l-жыллар даўамында бирқанша нәтийжели жумыслар әмелге асырылмақта.

Қарақалпақстан Республикасы аймағында жәми 43 қыйтақ жер ийелери болып, соннан 20l8-202l-жыллар даўамында l2 қыйтақ жер ийелери хызмети жуўапкершилиги шекленген жәмийети Өзбекстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери Кеңеси жанындағы дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелерин қоллап-қуўатлаў қорынан кредит қаржыларын алып, өз қыйтақ жер хожалықларын шөлкемлестирип келмекте. Бул көп тармақлы қыйтақ жер хожалықларының шөлкемлестирилиўи нәтийжесинде бүгинги күнге келип ҳәр бир район, қалаберсе, қала аймақларында да аўыл хожалығы мийўе-палыз өнимлерине болған талап жетерли дәрежеде қанаатландырылмақта.

Президентимиздиң 2020-жыл 30-июньдеги «Халықтың қыйтақ жерлеринен пайдаланыў нәтийжелилигин арттырыўдың қосымша илажлары ҳаққында»ғы қарарына муўапық усы жыл l5-декабрь сәнесине шекем еки район — «Әмиўдәрья қыйтақ жер хызмети» ҳәм «Бозатаў қыйтақ жер хызмети»  жуўапкершилиги шекленген жәмийетлери қыйтақ жер кластери дүзилиўи режелестирилмекте. Реже суммасы 20,7 млрд. сумды қурайды. Соннан «Әмиўдәрья қыйтақ жер хызмети» жуўапкершилиги шекленген жәмийетине 5,027 млрд сум, Бозатаў қыйтақ жер хызмети жуўапкершилиги шекленген жәмийетине 800 млн. сум ҳәм «Төремурат Бест қыйтақ жер хызмети» жуўапкершилиги шекленген жәмийетине l,970 млрд. сум кредит қаржылары ажыратылған. Өзбекстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери Кеңеси жанындағы дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелерин қоллап-қуўатлаў қорынан l5,4 млрд. сум қаржы ажыратылған еди.

Усы жылдың 22-октябрь сәнесинде жоқарыда аты атал­ған Нөкис районы «Саманбай» аўыл хожалығындағы «Төремурат Бест қыйтақ жер хызмети» кластериниң ашылыўына байланыслы семинар болып өтти. Он еки түрдеги бағдарда жумыс алып баратуғын бул кластер шаңарағында өсимлик ҳәм нәллерди жетистириўши ыссыхана, гүриш қаразлары ҳәм ун қаразлары, от-жем таярлаўшы үскенелер, аўыл хожалығы мийўе-палыз өнимлерин сақлаўға арналған қоймахана ҳәм 3000 тонна мийўе-палыз өнимлерине мөлшерленген музлатқыш ханалары бар. Буннан тысқары, қыйтақ жер хызмети өнимди егиў ҳәм ислеў бериўге арналған барлық түрдеги транспорт ҳәм техникалар менен тәмийинленген. Бир ғана қыйтақ жер хызметиниң жолға қойылыўы нәтийжесинде 300ге шамалас аймақ турғынлары жумыс пенен тәмийинленди. Бундай көринистеги көп тармақлы қыйтақ жер хожалықларының шөлкемлестирилиўи базар экономикасында турақлылықты тәми­йинлеўге, фермер, дийқанларымыздың ҳадал мийнетиниң жемиси болған мийўе-палыз өнимлериниң баҳасының көтерилип кетпеўи ҳәм инфляцияның алдын алыўда өзиниң сезилерли тәсирин көрсетиўге тийкар бола алады.

Қ.НУРЫМБЕТОВ,

Қарақалпақстан фермер, дийқан хожалықлары қыйтақ жер ийелери Кеңеси баслығы. 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF