Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 18:52:37, 27.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ҚУРЫЛЫС ТАРАЎЫНЫҢ ЖУМЫСЛАРЫ ДОДАЛАНДЫ

Усы жыл 27-октябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлигиниң мәжилислер залында «Юксалиш» улыўма миллий ҳәрекети Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлиминиң басламасы менен жәмийетлик тыңлаў өткерилди.

Илажда «2017-2021-жыллары Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясының «Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы»нда әмелге асырылыўы тийис мәмлекетлик бағдарламасының 200-бәнти (Мүтәжлиги бар шаңарақларды турақ жай менен тәмийинлеў бойынша алып барылып атырған жумыслар көлемин және де кеңейтиў) ҳәм 201-бәнти (Халыққа коммунал хызметлер көрсетиў системасын және де жақсылаў) бойынша 2021-жыл 1-октябрь жағдайына Қарақалпақстан Республикасы аймағында алып барылған жумыслардың барысы бойынша жуўапкер тараў басшыларының есабатлары тыңланды.

Тийкарғы мақсет, мәмлекетлик бағдарламада белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын жәмийетлик қадағалаў тийкарында үйрениў, жәмийетлик тыңлаўда додалаў сол арқалы жол қойылып атырған кемшиликлерди сапластырыўдан ибарат.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы қурылыс министрлиги,  Турақ жай коммуналлық хызмет көрсетиў министрлигиниң басшылары ҳәм қәнигелери, сиясий пар­тиялардың, мәмлекетлик емес, коммер­циялық емес шөлкемлердиң ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Илажды «Юксалиш» улыўма миллий ҳәрекети Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлиминиң баслығы Т.Романов алып барды.

Қарақалпақстан Республикасы қурылыс министриниң орынбасары К.Сабуров тәрепинен жәрдемге мүтәж шаңарақларды турақ жай менен тәмийинлеў бойынша алып барылып атырған жумыслар көлемин және де кеңейтиў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслардың барысы туўралы мәлимлеме берилди.

Қарақалпақстан Республикасы Турақ жай коммуналлық хызмет көрсетиў минис­триниң орынбасары Ж.Ҳабибуллаев, «Қарақалпақ суў тәмийнаты» ЖШЖ директорының орынбасары Б.Матмуратовлар халыққа коммуналлық хызметлер көрсетиў системасын және де жақсылаў бойынша алып барылып атырған жумыслар ҳаққында есабат берди.

Атап өтилгениндей, өткен жылларға нәзер салатуғын болсақ, елимизде қурылыс тараўында бир қанша жумыслар исленип, халқымыз ушын қолайлықлар жаратыў мақсетинде социаллық ҳәм инфраструктура объектлеринде, мәденият ҳәм тағы басқа да көплеген объектлерде жаңа қурылыс, ири оңлаў, реконструкциялаў жумыслары әмелге асырылды. Булардың барлығы халқымыздың абадан турмыс кешириўинде үлкен әҳми­йетли орын тутады.

Президентимиздиң 2020-жыл 10-январьдағы ПҚ-4565-санлы қарарына муўапық 2020-жылғы Инвестициялық бағдарламаға киргизилген жаңадан басланатуғын жәми 221 объектте қурылыс, реконструкция ҳәм ири оңлаў жумыслары әмелге асырылды.

Онда халық ийгилиги ҳәм өсип киятыр­ған перзентлеримиз тәлим-тәрбия алыўы ушын мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери, улыўма билим бериў мектеплери, денсаўлықты сақлаў объ­ект­лери, жоқары оқыў орын­лары имаратлары ишимлик ҳәм ақаба суў тармақлары, ишки жоллар ҳәм басқа да халықтың мүтәжлиги ушын зәрүр болған барлық қурылыс ҳәм абаданластырыў жумысларында ҳүкимет басшылары, архитекторлар, қурылысшылардың мийнетлерин айрықша атап өтсек орынлы болады.

Өткен жылғы айрықша атап өтетуғын қурылыслардан саналған Бозатаў районында бой тиклеген 800 орынлық амфитеатр, 1000 орынлық стадион, жаслар орайы, мәденият сарайы ҳәм тағы басқа ҳәкимшилик имаратлар, Тахтакөпир районында 1000 орынлық стадион, мәденият орайлары ҳәм басқа да көплеген объектлерде қурылыс, реконс­трукция, ири оңлаў жумыслары жедел пәтлер менен әмелге асырылып халық ийгилиги ушын пайдаланыўға тапсырылды.

Быйылғы жылы қурылыс тараўында бир­қанша өзгерислер жүз берип, онда қурылыс тараўына электрон системасын енгизиў бойынша Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 5-февральдағы «Қурылыс тараўында электрон мәмлекетлик сатып алыўларды шөлкемлес­тириў ҳәм өткериў тәртибин жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарарының орынланыўы бойынша жумысты бөлип алыўшы қурылыс ҳәм жойбарлаў кәрханаларының рейтинг системасы енгизилип, электрон тендер системасы жолға қойылды.

Қарар тийкарында 2021-жылғы Инвестициялық бағдарламаға киргизилген объект­лердиң тендер саўдаларын өткериў Өзбекстан Республикасы Қурылыс министрлигиниң Электрон тендер системасы бойынша (53nd34.mc.7z) сайтына жайластырылып, тендер саўдалары онлайн түрде әмелге асырылып келинбекте. Жойбарлаў-смета ҳүжжетлерин экспертизадан өткериў 2021-жыл 1-январьдан баслап «Шаффоф қурилиш» электрон системасында алып барылмақта. Бул система өз гезегинде пуқаралар ҳәм буйыртпашылардың қымбатлы ўақытларын үнемлеўде, бюрократиялық тосқынлықлар ҳәм коррупцияның алдын алыўда әҳми­йетли есапланады. Буның өзи қурылыс жумысларының нәтийжели жүргизилиўине, ҳәр қандай объекттиң өз мүддетинде сапалы тапсырылыўына унамлы тәсирин тийгизеди.

Қарақалпақстан Республикасында, жәми 220 объект бағдарламаға киргизилген болып, соннан 176 объект жаңадан басланатуғын ҳәм 44 объект жылдан жылға өтиўши объект­лер болып есапланады.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 2-апрельдеги «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламаларын әмелге асырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарының орынланыўы бо­йынша жәми 34 мәкан пуқаралар жыйынлары ҳәм аўыл пуқаралар жыйынлары киргизилген болып, барлығының бас реже схемалары жойбар кәрханалары тәрепинен ислеп шығылды.        

Бул бағдарламаларға улыўма билим бериў мектеплери, мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери, аўыллық шыпакерлик пунктлери, мәҳәлле ҳәм мәденият имаратлары объектлери киргизилген.

Жоқарыда айтып өтилген барлық объект­лердиң жойбарлаў-смета ҳүжжетлери жергиликли жойбарлаў кәрханалары тәрепинен толық ислеп шығылып, экспертиза жуўмақлары алынып, тендер саўдалары өткерилди.

Бүгинги күнде тендер жеңимпазлары тәрепинен қурылыс жумыслары жуўмақланып, пайдаланыўға тапсырылыў  басқышында.        

Жәмийетлик тыңлаўда көтерилген мәселелер бойынша пикир-усыныслар билдирилип, қатнасыўшылар қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Алдағы ўақытлары басқа тараўларда да усындай жәмийетлик тыңлаў өткерилип, оның жуўмағы тийисли тармақ басшыларының қатнасыўында додаланып барылады.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF