Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 18:13:55, 13.05.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ШБШҒА АҒЗА МӘМЛЕКЕТЛЕР МИЛЛИЙ КООРДИНАТОРЛАРЫ КЕҢЕСИНИҢ МӘЖИЛИСИ

Өзбекстан Республикасының 2021-2022-жылларда Шанхай бирге ислесиў шөлкемине басшылық етиў дәўиринде  әмелге асырылатуғын жумыслардың тийкарғы  бағдарларын таныстырыўда қатнасып атыр­ған ШБШға ағза мәмлекетлердиң миллий координаторлары ҳәм экспертлер республика­мызға келди.

Нөкис халықаралық аэропортында мийманларды Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң баслығы Қ.Сариев күтип алды.

Буннан кейин Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасында Өзбекстанның 2021-2022-жыллары ШБШға басшылығы дәўиринде әмелге асырылатуғын илажларға бағышланып ШБШға ағза мәмлекетлер миллий координаторлары Кеңесиниң мәжилиси болып өтти.

Илажда Ҳиндистан, Қазақстан, Қытай, Қырғызстан, Пакистан, Россия, Тәжикистан ҳәм Өзбекстан миллий координаторлары ШБШға ағза мәмлекетлер ҳүкимет басшылары (премьер-министрлер) Кеңеси мәжилисиниң күн тәртибиндеги мәселелер додаланып, шөлкемге ағза барлық мәмлекетлер арасындағы көп қырлы шерикликти буннан былай да беккемлеўде Өзбекстан тәрепинен алға қо­йылған тийкарғы бағдарлар және ўазыйпалар бойынша пикир алысыўлар болды. Атап айтқанда, өткен мәжилисте Президентимиз тәрепинен узақ мүддетли жақсы қоңсышылық, дослық ҳәм бирге ислесиў ҳаққындағы шәртнаманы әмелге асырыў бойынша 2023-2027-жылларға мөлшерленген комплексли бағдарламаны таярлаў ҳәм қабыл етиў усынысы билдирилген еди.

 ШБШға ағза мәмлекетлер миллий координаторлары Кеңесиниң мәжилисиниң Нөкис қаласында өткерилип атырғаны тосыннан емес. Илаж шеңберинде қатнасыўшылар Президентимиздиң басшылығында Қарақалпақстан Республикасында, соның ишинде, Мойнақ районында, Арал теңизиниң қурыған түбинде әмелге асырылып атырған кең көлемли илажлар менен танысады. Еслетип өтемиз, усы жылдың 17-сентябрь күни бирге ислесиў шөлкеминиң Душанбеде болып өткен юбилей саммитинде  Өзбекстанның басламасы менен ағза мәмлекетлердиң қоршаған орталықты қорғаў тараўындағы бирге ислесиўин беккемлеў мақсетинде «ШБШ жасыл белбеўи» бағдарламасы қабыл етилген еди.

Шанхай бирге ислесиў шөлкемине ағза мәмлекетлер миллий координаторлары Кеңесиниң мәжилиси даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF