Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 02:39:52, 19.05.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

МАЙЫПЛЫҒЫ БОЛҒАН ПУҚАРАЛАРДЫҢ САЙЛАЎ ҲУҚЫҚЛАРЫ

Мәмлекетимизде барлық пуқаралар, соның ишинде, майыплығы болған шахс­лар өзлериниң конституция­лық ҳуқықлары, атап айт­қанда, сайлаў ҳуқықын басқа пуқаралар менен тең ҳәм еркин әмелге асырыўы ушын барлық зәрүр шараят ҳәм имканиятлар жаратылған.

Өзбекстан Республикасының Сайлаў кодексинде майыплығы болған шахслардың ҳуқықлары ҳәм оларды әмелге асырыў ушын имканиятлардың тең екенлигин тәмийинлеў, олардан ҳеш қандай тосықсыз пайдаланыў бойынша қағыйдалар киргизилгенлиги майыплығы болған шахслардың жәмийет пенен уйғынласыўы ушын қолайлы шараятлар жаратылыўына хызмет етеди.

Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен быйылғы жылы 14-апрельде қабыл етилген Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўына таярлық көриў бо­йынша тийкарғы илажлар бағдарламасының 18-19-бәнтлеринде майыплығы болған шахслардың сайлаў ҳуқықларын тәми­йинлеў менен байланыслы мәселелерди шешиў, сайлаўда тең имканиятлар жаратыў бойынша тийисли мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер менен биргеликте жумыслар алып барыў белгиленген. Сонлықтан, сайлаўға таярлық көриў процесинде жергиликли мәмлекет ҳәкимияты уйымлары менен биргеликте Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўын шөлкемлестириў ҳәм өткериўде майыплығы болған шахслардың өз сайлаў ҳуқықларынан тең ҳәм тосқынлықларсыз пайдаланыўын тәмийинлеў мақсетинде сайлаў участкалары имаратын ҳәм даўыс бериў ханаларын таңлаў ҳәм тәмийинлеўде Өзбекстан Республикасы сайлаў нызамшылығында белгиленген барлық шараятлар жаратылды.

Өзбекстан Республикасы Сайлаў кодексиниң 31-статьясында сайлаў бюллетенлерин брайль әлипбеси тийкарында толтырыў ушын трафаретлер таярланыўы белгиленген. Усы мақсетте Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының Майыплығы болған шахс­лардың сайлаў ҳуқықларын тәмийинлеўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққындағы қарарының жойбары таярланды. Оған муўапық, Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўына тийисли сайлаў бюллетенин толтырыў ушын Брайль әлипбеси тийкарында таярланатуғын трафарет үлгиси ҳәм де көзи әззи сайлаўшылардың сайлаў бюллетенин толтырыўда пайдаланыўы ушын ҳәр бир сайлаў участкасын еки данадан трафаретлер менен тәмийинлеў усыныс етилмекте. Брайль әлипбеси тийкарында таярланатуғын трафаретте Сайлаў бюллетениниң жоқарғы орайлық жеринде «Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўына тийисли сайлаў бюллетени» деген сөзлер жазылған.

Талапқа сай, зәрүрлик бар сайлаў участкаларында көзи әззи майып сайлаўшылар ушын оптик лупа (заррабин, үлкейтип көрсетиўши айна)лар, жарытыўшы үскенелер болыўына әҳми­йет бериў, сайлаў участкасы жайласқан имаратлардың кирип-шығыў орынларына арнаўлы жоллар (пандуслар) орнатылғанлығына айрықша итибар қаратыў, сайлаў участкаларында кемшиликлер анықланған жағдайда 2021-жыл 10-октябрь сәнесине шекем сапластырыў сыяқлы ўазыйпалар жүклетилген.

Орайлық сайлаў комиссиялары сайлаўшылар дизимин үйме-үй жүрип анықлаў ўақтында ма­йыплығы болған сайлаўшылардың дизимин есапқа алыў, олардың турған жеринде даўыс бериўин шөлкемлестириў илажларын көриў, сайлаў участкаларында майыплығы болған сайлаўшылардың сайлаўға тийисли мағлыўматлар ҳәм Президентликке талабанлардың өмир баяны ҳәм сайлаў алды бағдарламасы көрсетилген плакатлары менен танысыўы ҳәм де өзлери мүнәсип деп билген талабан ушын еркин, тосықларсыз ҳәм жасырын даўыс бериўи ушын шараятларды жаратыў сыяқлы әҳмийетли ўазыйпалар жүклетилмекте.

Биринши гезекте сайлаўшылар менен ушырасыўларда ма­йыплығы болған сайлаўшылардың қатнасыўын тәмийинлеў ҳәм олардың имаратларға кириўи ушын қолайлы шараятларды жаратыў, атап айтқанда, түсиник жумысларын алып барыў ушын таңланған имараттың биринши қабатында ушырасыўларды өткериўге айрықша итибар қаратыў тийис болады.

Баспа, көргизбели, аудио­визуал ҳәм басқа да үгит-нәсият материалларын таярлаў ҳәм тар­қатыў, сайлаўшылар менен ушырасыўлар өткериў арқалы сайлаў алды илажларды алып барыўда майыплығы болған сайлаўшылардың өз алдына зәрүр­ликлерин есапқа алған ҳалда ымлаўшы белгилер менен түсиндириў тили, субтитр жазыўы, брайль әлипбесинен де пайдаланыў усыныс етилмекте.

Даўыс бериў имаратларына жақын болған автомобиллер тоқтап турыў орынларында ма­йыплығы болған сайлаўшылардың автотранспорт қураллары ушын тоқтап турыў орынларын шөлкемлестириў де нәзерде тутылған.

 

Қоңыратбай ТӨРЕБАЕВ,

Нөкис қаласында жеке әмелият пенен шуғылланыўшы нотариус.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF