Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 23:52:22, 18.05.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ЖОҚАРҒЫ КЕҢЕСИНИҢ ЖИГИРМА ЕКИНШИ СЕССИЯСЫ ҲАҚҚЫНДА МӘЛИМЛЕМЕ

Усы жыл 6-октябрь күни Нөкисте Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң жигирма екинши сессиясы болып өтти.

Сессияны Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов басқарып барды.

Депутатлар сессияның Секрета­риа­тын сайлады ҳәм күн тәртибин тас­тыйықлады.

Күн тәртибинде биринши мәселе, яғный «Фирма атамалары ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының жойбары туўралы Жоқарғы Кеңестиң Нызамлылық, суд-ҳуқық ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў мәселелери комитетиниң баслығы З.Реймова баянат жасады. Бул мәселе бойынша 48-санлы «Жиңишке» сайлаў округинен депутат Ш.Өтемисов  шығып сөйледи ҳәм тийисли қарар қабыл етилди.

Буннан кейин «Майыплығы бол­ған шахслардың ҳуқықлары ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының жойбары туўралы мәселе көрип шығылды. Бул мәселе бо­йынша Жоқарғы Кеңестиң Социаллық-мәдений раўажланыў ҳәм жәмийетлик бирлеспелер мәселелери комитетиниң баслығы Д.Қурбаниязов баянат жасады. Усы мәселе бо­йынша 61-санлы «Бозжап» сайлаў округинен депутат Б.Айтеков сөзге шықты. Депутатлар бул мәселе бо­йынша тийисли қарар қабыл етти.

Сессияда күн тәртибиндеги «Қарақалпақстан Республикасы Ҳәкимшилик судының баслығын сайлаў ҳаққында»ғы мәселе көрип шығылды.

Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы ҳәм «Судлар ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамының талапларына муўапық Нурлипесов Амир Отеповичти Қарақалпақстан Республикасы Ҳәкимшилик судының баслығы етип сайлаў ҳаққындағы Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының усынысы депутатлар тәрепинен көрип шығылып, тийисли қарар қабыл етилди. Нурлипесов Амир Отепович Қарақалпақстан Республикасы Ҳәкимшилик судының баслығы лаўазымына сайланды.

Сондай-ақ, сессияда «Тәбийғый газ қадағалаўы ҳәм есабының автоматластырылған системасын шөлкемлестириў» жойбарын әмелге асырыў бойынша алып барылып атыр­ған жумыслар ҳаққында «Ҳудудгаз таъминот» акционерлик жәми­йети «Ҳудудгаз Қарақалпақстан» газ таъминаты филиалы баслығының есабаты туўралы», «Қарақалпақстан Республикасында туризмди раўажландырыў бойынша 2021-жылда әмелге асырылған илажлар ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Туризм ҳәм спорт бас басқармасы баслығының есабаты туўралы», «Халықтың саламатлығын беккемлеў бойынша алып барылып атырған илажлар ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министриниң есабаты туўралы», «2030-жылға шекемги дәўирде Өзбекстан Республикасының қоршаған орталықты қорғаў концепциясында белгиленген ўазыйпалардың 2019-2021-жылларда республикамызда әмелге асырылыўы бо­йынша  Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети баслығының мәлимлемеси туўралы», «Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының тийисли қарарларын тастыйықлаў ҳаққында»ғы мәселелер көрип шығылып, бул бойынша депутатлар тийисли қарарлар қабыл етти.

Усының менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң жигирма екинши сессиясы өз жумысын жуўмақлады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF