Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 03:19:17, 13.05.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ФИЗИКА МЕНЕН ЭКОЛОГИЯНЫҢ НЫЗАМЛЫ БАЙЛАНЫСЛАРЫ

Усы жыл 15-16-октябрь күнлери Нөкисте ҳәм Мойнақта «Физика ҳәм экология» атамасында шет ел илимпазларының қатнасыўында өткерилетуғын республикалық илимий-теориялық ҳәм әмелий конференция алдынан

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының басламасы менен 2013-жылдан берли физика ҳәм экология атамасында шет ел илимпазларының қатнасыўында үшинши мәрте республикалық илимий теориялық ҳәм әмелий конференция өткерилмекте. Бул Өзбекстанда, яғный, Орта Азияда экологияға бағышланған бирден-бир конференция есапланады.

Физика ҳәм экология түсиниги көпшилик ушын бир-бири менен үйлеспейтуғындай көринеди. Бул туўралы айырым академиклер бундай конференция болмайды, деп те пикир билдирген еди. Оларды турмысқа енгизиў, физиканың санааттың раўажланыўы ушын тийкарғы дерек екенлигин ҳеш ким бийкарлай алмайды. Сондай-ақ, атом санааты, энергетика, халық хожалығы ҳәм бас­қа да турмыста кең қолланылып атырған илимниң жетискенликлери физиканың раўажланыўының әмелий тийкарлары есапланады. Олардың пайдасы менен бирге қоршаған орталыққа зыянлы тәсирлерин биз билемиз. Ал, солардың зыянлы тәсирлерин биз экология, деп түсинемиз. Соған сәйкес экология терминин киргизген немис илимпазы, биолог-эвоционалист Э.Геккел экология пәнин өз алдына ғәрезсиз пән, деп есаплады. Орталықтың  техноген патасланыўы, оның қоршаған орталыққа тәсири туўралы айт­қан пикирлери илимий тийкарланбаған еди. Бирақ, ҳәммеден бурын айтқан усыныс-пикирлери есапқа алынып, орталықтың патасланыўының алдын алыў бойынша экология пәнин киргизди деп есаплаўға тийкар жаратты. Барлық изерт­леўши илимпазлар экологияда пайда болған машқала ҳәм термодинамикалық өзгерислер, илимий тийкар­ланған теориялардың барлығы физикалық процесс­лерден келип шығатуғынлығы белгили илимпазлар А.А.Богданов ҳәм В.В.Вернадский тәрепинен дәлилленген болды. XX әсирдиң басларында айтқан пикирлери бойынша экология тек ғана жанлы тәбиятқа тийисли болмай, оның нызамлылықлары жансыз тәбиятқа да тәсирли болады деп көрсеткен. Вернадский болса биосфера менен носферада болып өтетуғын энергетикалық, затлық өзгерислер геофизикалық эколо­гияның имканиятларының кеңейип ҳәм экологиялық кризистиң қоршаған орталыққа антропоген тәсирлериниң раўажланып атырғанлығын көрсетти. Физика менен экологияның байланысынан алынатуғын илимий жаңалықлар термодинамикалық системада физикалық процесс­лер, температураның артыўы, дүньяда суў қәддиниң көтерилиўи, музлықлардың ериўи — барлығы физиканың нызамлылықларына бойсынады.

Ҳаўаның жыллылық өткизгишлиги, қуяштан келетуғын  нурлардың жерде пайда еткен биофизикалық тәсирлери физикалық нызамлар менен анықланды. Булардың барлығын үйренгенде, мәселен, биосферадағы өзгерислер, тири организм­деги процесслер, топырақ ямаса ҳаўадағы физикалық процесс­лерди үйренгенде түрли қәддидеги қурамалылықлар экологияның баслы ўазыйпасы екенлиги көринип турады. Экология ҳәзирги басқышта күшли раўажланған пән есапланып, биосферада илимлерди бирлестиретуғын дәрежеге жетти. Экология — бул алдын ала болжаўлар, қурамалы тәбият нызамлылықларын үйрениў, машқалаларды шешиў сыяқлы ўазыйпаларды орынлайды. Буның ҳәммеси физикалық нызамлылықларды билиў ҳәм турмыста қолланып, экологиялық физиканың пайда болыўына алып келеди. Геофизика (топырақ физикасы), тийкарынан литосфераға, гидросфераға, атмосфераға ти­йисли затлық процесслерди оның бөлеклерин үйрениў арқалы экология тийисли машқалаларды үйренеди.  Геофизика, үлкен илимий тәжирийбелерди топлай отырып, затлық процесслердиң нызамлылықларын топырақ қабығында болып өтетуғын патасланыўлар, геоэволюциялық антропоген процесслердиң қәлиплесиўин түсиндире алады. Пайдалы болжаўларды береди.

Химия бойынша Нобель сыйлығының лауреаты И.Р.Пригожинниң айтқанындай, билимди тәртипке салыў ушын, бирдей емес процесс­лердиң нәтийжесинде диссипативлик дүзилислер пайда болады. Диссипативлик дүзилислер ишки меншикли процеслердиң раўажланыўы менен пайда болады. Соның ушын затлар менен орталықта энергия алмасыў ҳәм динамикалық теңсалмақлылықты сақлайды. Буның айырмашылығы тәртипке салынған дүзилистиң өзи сырт­қы тәсирдиң салдарынан болады.  Океанлардың ағыў системасы, атмосфераның айланыўы буған анық мысал болады. Ал, диссипативлик дүзилиске планетадағы өзгерислер мысал болады. Жер — бул ашық дүзилис есапланады. Тийкарғы энергия дереги күннен келеди. Фотосинтез процесинде ҳәм энергияның кейинги түрлениўинде энер­гияның трансформацияланыўына алып келеди. Диссипативлик дүзилиске классикалық Бенардың айланба ячейкасы мысал бола алады. Мысалы, суйықлық тегис, кең ыдысқа қуйылып қыздырылса температура градиенти критикалық мәниске жеткенде ортасы көтерилип, шети төмен түседи. Бул температуралық байланыс белгиси жабысқақлықтың молекуляр коэффициентине  байланыслы. Демек, тәбияттың өзгериси усындай процесслерге байланыслы екен.

Гигантлық дүзилис бундай ячейкалар күн системасында байқалады. Мейли, жоқарыда айтылған экологияның анықламасына қайтайық. Бир тәрептен улыўма ортақ, бир тәрептен бирқанша физикалық. Эколо­гияны анықлаўда илимге тийкарлансақ ҳәм биосфералық сис­теманың эволюциясына, система ҳәр қыйлы қурамалы дәрежеде, үйренилип атырған система басқа системаға айлансын. Буннан экологияның ўазыйпасы себепти анықлаў ҳәм пайда болған биосфера системасының раўажланыўы ҳәр қыйлы қурамалылықта, усы системаның турақлылығын үйрениў. Экология бул жағдайда илим деп түсиниледи, үйренилип атырған процесстиң өзи ҳәм эволюциясы тири ямаса тири емес тәбият, бул жағдайда физиканың роли зәрүр эколо­гиялық машқаланы үйрениў болып есапланады.

Экология ҳәзирги дәўирде илим сыпатында раўажланыў басқышында, дәлилленген бириктириўши, биосфера туўралы илимий билимлерди синтезлеп, улыўмаластырып қарас­тырады. Егер улыўма басламаға тийкарланған болса интеграция процеси солай шешилиўи мүмкин. Бизге мәлим, тек физика сондай күшке ийе есапланады. Экологияның болжаў прогнозы тәбияттың фундаменталлық принципи нызамлылықларына тийкарланған болса тек ғана соны орынлаў керек. Экологиялық машқаланың бир бөлимин экологиялық физика үйренеди ҳәм сондай бир тараў экология-экологиялық физика болыўы керек.

Затларды үйрениўдиң көплеген физикалық методлары ҳәр қыйлы дәрежеде эко­сис­темаға қолланылыўын тапса, глобаль экологиялық мониторинг ислеўге мүмкиншилик жаратады. Сондай-ақ, глобаллық мониторинг тек гана физикалық принциплерге тийкарланған болады. Соның ушын бизиң конференцияның тийкарғы мақсети — экология жағдайында физиканың нызамлылықларына тийкарлан­ған экологияның илимий тийкарлары, қайта тикленетуғын  энергия дереклери, физика, астрономия ҳәм экологияны оқытыўда иннова­циялық жантасыў,  ярымөткизгишлер ҳәм  конденсация­ланған орталық физикаларының илимий ҳәм әмелий машқалалары қаралады.

Бул қаралатуғын илимий бағдарлар тәбийғый процесс­лерге физика-математикалық модельлерди ислетиў тәжирийбеси соның менен пайдалы, ҳәзирги экосистемаға тәсир етип атыр­ған антропоген жағдайларда түсиндириўге бағдарланады. Биз қарас­тырып отырған бағдарлар жаңа илим, ол физика менен экологияның бирлесиўи менен раўажланады. Бул жаңа бағдар еле толық қәлиплеспеди, ол тек раўажланыў жолында. Соның ушын  физика ҳәм экология атамасында шет ел илимпазларының қатнасыўында өткерилген республикалық әмелий-тео­рия­лық конференциялар 2013, 2018-жыллары жаңа ҳәм енди болатуғын 2021-жыл 15-16-октябрь күнлери Нөкис ҳәм Мойнақта өткерилиўи мөлшерленген конференция Үшинши Ренессанс жасларын илимге бағдарлаўда үлкен қәдем болады.

 

А.ЖУМАМУРАТОВ,

аўыл хожалығы илимлериниң докторы, физиканы оқытыў

методикасы кафедрасының профессоры.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF