Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 07:27:01, 13.05.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

АЛИШЕР ҚАДИРОВ: МИЛЛИЙ ҮРП-ӘДЕТ, ДӘСТҮРЛЕР, ҚӘЛИПЛЕСКЕН

ҚӘДИРИЯТЛАРҒА ҲҮРМЕТСИЗЛИК УШЫН ЖУЎАПКЕРШИЛИК ЕНГИЗИЛИЎИ ТИЙИС

Усы жыл 5-октябрь күни Қарақалпақ мәмлекетлик Жас тамашагөйлер театрында «Миллий тикланиш» демократиялық партиясынан Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабан Алишер Қадировтың қарақалпақстанлы сайлаўшылар менен ушырасыўы болып өтти.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов, «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси, қалалық ҳәм районлық Кеңеслериниң хызметкерлери, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, қалалық ҳәм районлық Кеңеслердиң депутатлары, партияның белсендилери ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Ушырасыўды талабанның исенимли ўәкили Тәжибай Романов кирис сөз бенен ашып, Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабанның өмири ҳәм мийнет жолы менен таныстырды.

Буннан кейин Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабан Алишер Қадиров шығып сөйлеп, өзиниң сайлаўалды бағдарламасында белгиленген тийкарғы ўазыйпаларға тоқтап өтти.

Талабан өз сөзинде бүгинги күни Қарақалпақстан Республикасының қала ҳәм районларында, шетки аўылларында ҳәм мәкан пуқаралар жыйынларында түпкиликли өзгерислер жүз берип атырғанлығына, әсиресе, соңғы бес жыл ишинде аймақта заманагөй кәрханалар иске түсирилип, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, мәденият, спорт ҳәм социаллық тармақлардың басқа да тараўларында жаңа объектлердиң, коммуникация тармақларының қурылып атырғанлығын атап өтти. Нәтийжеде республикамыздың жәмийетлик-сиясий турмысындағы тутқан орны артып баратыр­ғанлығын, бул болса жаңа ренессанстың тийкарын қурап атырғанлығына айрықша тоқтады. Соның менен бирге, Қарақалпақстан Әжинияз, Бердақ, Күнхожа, Төлепберген Қайыпбергенов, Ибра­йым Юсупов ҳәм басқа да көрнекли әдебият ўәкиллериниң журты екенлигин мақтаныш етти.

Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабан Алишер Қадиров өзиниң «Қәдириятларға сүйенген раўажланыў» сүрени астындағы «Инсан өзгерсе, жәмийет өзгереди» идеясын өзинде жәмлеген сайлаўалды бағдарламасын  жаңаша ҳәм тәсиршең үгит-нәсиятлаў усыллары менен өз сайлаўшыларына жеткермекте. Бул ушырасыўда да усы әҳмийетли бағдар ҳәм ўазыйпалардың ҳәр бирине айрықша тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, бағдарламада тәлим-тәрбия тараўында, мәмлекетлик басқарыў сис­темасында, елимиздиң экономикасын раўажландырыў бойынша, социаллық әдиллик, қәдириятларға ҳүрмет ҳәм пуқаралардың еркинлигин тәмийинлеў, сыртқы сиясат тараўында бир қатар жаңа өзгерислерди әмелге асырыў белгиленген.

Атап айтқанда, парламентте депутат емес, партияның күшли болыўы ушын система жаратыў, нызамшылық палатасында депутатлардың санына қарай министрликлердиң портфелиниң бөлистирилиўи, Халық депутатлары жергиликли Кеңеслериниң ўәкилликлери ҳәм жумысы қайта көрип шығылыўы, жергиликли Кеңес баслығының бир ўақыттың өзинде ҳәким болыўы толық тамамланыўы, жергиликли Кеңеслердиң атқарыўшы ҳәкимиятты қәлиплестириўдеги роли және қадағалаў функцияларының кескин күшейтилиўине байланыслы басламалары қатнасыўшыларда айрықша тәсир қалдырды.

Соның ишинде, жазаны өтеў мәкемелериниң Ишки ислер министрлигинен  Әдиллик министрлигине өткерилиўи, жазаны өтеп, еркинликке шыққан пуқаралардың жәмийетке тез ҳәм нәтийжели бейимлесиўи ушын ҳуқықый тийкарлардың күшейтилиўи, қаржы тәмийнаты шекленген пуқаралар мүрәжат ете алатуғын жаңа институттың шөлкемлестирилиўине байланыслы усыныслары қоллап-қуўатланды.

Атап өтиў орынлы, талабан Алишер Қадиров өз бағдарламасында билимлендириў ҳәм тәрбия мәселесине айрықша тоқтап өтти. «Билимлендириў инспекциясы»ның Олий Мажлис жанында шөлкемлестирилиўи, педагогларды таярлаў системасын, тәрбияның ажыралмас бөлеги сыпатында Миллий киноиндустрияны түп-тийкарынан реформалаў бойынша басламалары усылардан болып табылады.

Соның менен бирге, сайлаўалды бағдарламасында социаллық әдиллик, қәдириятларға ҳүрмет ҳәм пуқаралардың еркинлигин тәми­йинлеў тараўында миллий үрп-әдет, дәстүрлер, қәлиплескен қәдириятларға ҳүрметсизлик ушын жуўапкершиликтиң енгизилиўи, мәмлекетлик тил кең қолланылатуғын, заманагөй раўажланыўға үйлесикли тилге айланыўы ушын ҳуқықый тийкарлардың күшейтилиўи, сөз еркинлиги ҳәм жәмийетти демократияластырыўды даўам еттириў, халық қабыллаўханаларының бийпул юридикалық мәсләҳәт орайларына айландырылыўы, алимент қорының шөлкемлестирилиўи сыяқлы әҳмийетли ўазыйпаларды әмелге асырыў белгиленген.

Илаж қатнасыўшылары өзлерин қызық­тырған сораўларға жуўап алды.

Күнниң екинши ярымында Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабан А.Қадиров И.Юсупов атындағы дөретиўшилик мектебинде болып, муғаллимлер ҳәм оқыўшылар менен сәўбетлести. Оларға жаратылған шараятлар, сабақ процесслери менен танысты. Келешекте бул оқыў дәргайынан елимизге белгили дөретиўшилердиң жетилисип шығатуғынлығына исеним билдирди.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF