Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 03:41:01, 13.05.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖАЗАСЫН АЛДЫ, ЛЕКИН...

Төрткүлли М.Қ. бурын 2019-жыл 27-августта Жынаят ислери бойынша район судының ҳүкимине бола айыплаў ҳүкими менен судланса да оннан жуўмақ шығармай және жынаят­қа қол урды.

Ол усы жыл 21-январь күни 0,02 граммды қурайтуғын көп муғдардағы «героин» нәшебентлик зат ҳәм бир дана «Тропикамид» дәрисин өзи жасайтуғын Төрткүл районы, Бердақ көшеси, 3-жайдың алдында 700.000 сумға сатып атыр­ғанда Қарақалпақстан Республикасы ҳуқық қорғаў уйы­мы хызметкерлери тәрепинен нәшебентлик затлардың нызамсыз айланысының алдын алыў мақсетинде өткерилген илажда қолға алынды. Қалыс гүўалар қатнасыўында тинтиў өткерилгенде М.Қ.ның жанынан қадағалаў-сатыў илажы ушын санлап берилген l4 дана 50 мыңлық пул бирликлери, жәми 700.000 сум пул бар екенлиги анықланды және де С. исмли шахсқа сатқан бир бөлек қағаз орамындағы героин ҳәм бир дана желим флаконда «Тропикамид» айғақлы дәлил сыпатында процессуал тәртипте рәсмийлестирип алынған.

2021-жыл 22-январь күни суд-химиялық экспертизаның жуўмағына бола М.Қ. тәрепинен С.исмли шахсқа бир бет қағазға оралып сатып өткерилген заттың қурамында физиологиялық жақтан нәшебентлик зат диацетилморфин бар болып, героин есапланатуғыны, героинниң аўырлығы 0,02 граммға теңлиги көрсетилген. Сондай-ақ, бир дана желим флакондағы «Тропикамид»тиң қурамында 0,1 грамм тропикамид барлығы, бул Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң «Өзбекстан Республикасында күшли тәсир етиўши затлар машқаласын тәртипке салыў ҳаққында»ғы қарарында «Тропикамид» дәриси күшли тәсир етиўши затларға киретуғынлығы көрсетилген.

Судланыўшы М.Б. Төрт­күл районы «Пахтачи» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жасайды. Оның үйине қалыс гүўалар менен сол күни тинтиў өткерилгенде таярлаў, ийелик етиў, сақлаў қадаған етилген бир орамда «Трамадол Ланнахер Трамадол 50мг» улыўма аўырлығы 0,45 грамм, 9 дана таблетка табылды. Бул таблетка республика аймағында шекленген нәшебентлик затлар дизимине киретуғынлығы дәлилленди.

Солай етип, судланыўшылар М.Қ. ҳәм М.Б. лар өзлериниң нызамсыз ис-ҳәрекетлерине бола жазасын алды. Енди олар жуўапкершиликти сезинип, өзлеринен жуўмақ шығарса екен, деймиз.

Бул еки жастың да шаңарағы, перзентлери бар. Бирақ, жумыссыз. Усы жерде бир мәселени ортаға таслаўды мақул көрдик. Жумыссызлық та усындай нызамсыз ҳәрекетлердиң жүзеге келиўине тийкарғы себеп болмақта. Соның ушын, аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынлары хызметкерлери де усындай шаңарақлардың машқалаларын шешиўде бас-қас болыўдай өзлериниң инабатлы ўазыйпаларына терең жуўапкершилик пенен қараса мақул болар еди.

Б.ТӨРЕЕВА.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF