Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 06:07:53, 13.05.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

БАСКЕТБОЛШЫЛАРЫМЫЗ ЕКИНШИ ОРЫНДА

Соңғы жылларда республикамызда дене тәрбиясы ҳәм спортты, әсиресе, спорттың ойын түрлерин раўажландырыўға болған итибар күшейип, спортшыларымыз мәмлекет көлеминде өткерилип атырған жарысларға табыслы қатнасып келмекте.

Сентябрь айының ақырында Бухара қаласында Өзбекстан Ғәрезсизлиги кубогы беллесиўлери өткерилип, онда елимиздиң барлық жеринен келген 8 команда еки топарға бөлинип, жеңимпазлық ушын гүрес жүргизди. Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалы студентлеринен дүзилген Қарақалпақстан сайланды командасы Ташкент, Самарқанд ҳәм Наўайы ўәлаятларының баскетболшылары менен бир топарда орын алды. Кескин гүреслер астында өткен жарыс жуўмағында жерлеслеримиз өз топарында биринши орынды ийе­леп, келеси бас­қышқа шықты. Ярым финалда майдан ийе­лери — бухаралы баскетболшыларды жеңген олар финалда Ташкент қаласының командасынан жеңилип, сыйлы екинши орынды қолға киргизди.

Соны айтып өтиў керек, баскетболшы қызларымыз Өзбекстанда алдынғы қатарларда жүр. Жигитлеримиз болса, 2008-жылғы «Бәркамал әўлад» спорт ойынларынан кейин айтарлықтай табысты қолға киргизбеген еди. Сонлықтан Бухарадағы табысты үлкен жетискенлик деп айтсақ арзыйды. Тәжирийбели спортшы ҳәм тренер Тимур Мәмбетжумаев таярлаған команда ағзаларынан Абужан Төлегенов, Хамид Мырзабаев, Айдос Қыдыр­ниязов, Мухаммед Убайдул­лаев, Омари Шарашенидзе (сәрдар) ҳәм Алланазар Жуманиязовлардың ҳәрекетлери тамашагөйлерде де, спорт қәнигелеринде де жақсы тәсир қалдырды.

— Бизлердиң таярланыўымызға ҳәм Бухараға барып қайтыўымызға жақыннан жәрдем көрсеткен Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалы (Байрам Мәмбетов), Қарақалпақстан Республикасы Туризм ҳәм спорт бас басқармасы (Расул Зарекеев) жәмәәтлерине айрықша миннетдаршылық билдиремиз. Алдағы жарысларда буннан да жоқары жетискенликлерди қолға киргизиўге ҳәрекет етемиз, ­ дейди команда бас тренери Тимур Мәмбетжумаев.

С.ЖАНИЕВ.

СҮЎРЕТТЕ: Қарақалпақстан сайланды командасы баскетболшылары.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF