Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 07:42:17, 13.05.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ПАХТА — БАҲАЛЫ ЕГИН

Қоңырат районында мәмлекетке шәртнама тийкарында пахта тапсырыўдың жобалы тапсырмаларын ҳәр жылы қалыўсыз, артығына орынлап фермершиликте үлкен тәжирийбе мектебине айланған хожалықлар ҳаққында сөз болса, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген пахтакеш Қуўат Өтеков тийкар сал­ған «Мустақиллик» фермер хожалығы бириншилер қатары тилге алынады.

Буннан жигирма бир жыл бурын 12 гектарлық егислик жер  майданына ийе шарўашылық хожалығы қыйыншы­лық­лар­ға толы сынақлы жоллардан мәрдана өтип, дий­қаншылықты пайдалы тараўға айландырады.

— Быйылғы жылдан баслап туқымгершилик хожалығына айландық. Пахта ­ баҳалы егин. 60 гектар жерге «С-4727» сортының биринши әўладын егип, бүгинги күнге 103 тонна жоқары сортлы  өним тапсырған болсақ, туқым шигиттиң есабынан жыл жуўмағында 100 миллион сумлық пайда табамыз, - дейди хожалық баслығы Қуўат Өтеков.

— Ҳәр жылдың өзине тән қыйыншылықлары бар. Ис қуралларымыз сазлықтан шигит егисин апрель айы ишинде сапалы байы­тып, барлық майданлардан бир тегис, толық нәл алынды. Қолымыздан келетуғын агротехникалық илажлар өз ўақтында исленгени менен суўдың там-тарыслығын басларымыздан кеширдик. Ўақтынан кешигип келген суўды еки рет атызлары­мызға ашқанымыз бенен қанып ишпеди. Ғаўашаны шөллетпеўдиң барлық ис-илажлары көрилип, жапырағы арқалы, минерал төгинлердиң араласпалары менен азықландырылып барылды. Ғаўаша зыянкеслерине қарсы биоусылдан утымлы пайдаланып, жыл даўамында пидәкерли мийнет етиўимиздиң нәтийжесинде атызларда жобалы тапсырмаларды орынлағандай зүрәәт топланды.

Жерлерди егиске таярлаўдан баслап шигит себиў, қатар араларына ислеў бериў, терилген пахтаны қабыллаў пунктлерине иркинишсиз тасып жеткериўде механизаторлардан  П.Қудайбергенов, Ж.Саидовларға айтар алғысларымыз шексиз.

Ең шешиўши жыйын-терим мапазын шөлкемлескенлик пенен баслап, хожалық ағзалары менен районлық бәнтликке көмеклесиў орайы атынан жиберилген 90нан аслам  аўыл турғынлары белсене қатнаспақта. Шәпик қоллы теримшилерден Т.Садықова, Р.Досжанова, Ү.Ембергенова, Н.Қудайбергеновалардың ҳәр бири 80-90 килограммнан асырып пахта тергени өнимимиздиң еле де молшылығынан дерек береди. Атыз басларында қолайлы турмыс шараятлары жаратылып, мийнет ҳақыларының ўақтында берилиўи үлкен қызығыўшылық оятып, ис өнимдарлығын арттырмақта. Машақатлы мийнетлеримиз бенен жетистирилген ҳасылымызды сепситпей жыйнап алсақ, жобадан зыят 40 тонна пахта тапсырыў мүмкиншилиги болғанлықтан терим пәтин босастырмадық. Сондай-ақ, от-жемлик ҳәм овощ-палыз егинлериниң өнимлери бир-бирине иркинишсиз жыйнап алынбақта.

Быйылғы жылда тамшылатып суўғарыўды жолға қойыў ушын қазылған ҳәўиз темир-бетон буйымлары менен қапланды, үскенелери монтажланып, иске түсириў алдында турмыз.

Баслы мақсетимиз, жердиң қунарлылығын арттырыў ушын қыста да қарап жатпастан гектар есабына 35-40 тоннадан жергиликли төгин шығарып, алмаслап егиўди жолға қойыўдың ис кестеси ислеп шығылды. Келеси жылдың мол зүрәәтине таярлық жумыслары бүгиннен басланып, жап-салмаларды қазып-тазалаў жумысларын баслап жибердик...

Ө.ӨТЕЎЛИЕВ

өз хабаршымыз.

Қоңырат районы.

СҮЎРЕТТЕ: (Солдан оңға қарай) Алдынғы теримшилер

Г.Жуманқулова, С.Оразов, хожалық баслығы Қ.Өтеков ҳәм Н.Қудайбергеновалар терим пайытында.

Автордың түсирген сүўрети.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF