Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 23:36:39, 12.05.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ШӨЛДИ ГҮЛИСТАНҒА АЙЛАНДЫРҒАН ИНСАН

Адам баласы бар екен, өмирде өз несийбесине мийнети арқалы ериседи. Халықта сондай даналық гәп бар «Жақсыдан бағ қалар, жаманнан дақ қалар», - деген. Бул нағыз өз қунын тапқан нақыллардан бири десек болады.

Бизиң мақтанышымыз өз исиниң маманы, ҳадал перзент, ҳақыйқый азамат ҳәм изине соншама устазларды, оқыўшы шәкиртлерин ерте билген инсан бул 49-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң директоры, ана тили ҳәм әдебияты пәни муғаллими Қудияр Жәлимбетов болады.

Ол өз кәсибиниң маманы болыўы менен бирге мектеп жәмәәтин ҳәм мектеп аймағына жоқтан бар қылған ми­йирман басшы. Шын мәнисиндеги жер перзенти.

«Жер перзенти - деп атаўымыздың себеби, жер менен сырласып, жер менен сөйлесип билетуғын адам» - деген мағананы аңлатады. Өзиңизге белгили Шымбай гүзарының шеп қапталында Хожан аўыл «Таслақ» елатының ел болып атырғанлығына еле көп емес он жылдай ўақыт болды. Ал, сол аўылдың 4-көшесинде арқа автовокзалдың туўрысында 49-санлы орта билим бериў мектеби бой тиклегенине еки жыл ўақыт болды. Сол азғана дәўир ишинде бул мектепти төбе қумның үстине салынған, деп ҳеш ким ойламайды. Мектептиң әтирапы бағ, гүллер менен қоршалған. Әлбетте, еле бойлары пәс, деген менен тығыз ҳәм рәң-бәрең гүллерге бүркелген. Жап-жасыл болып өсип, ырғатылған жоңышқаларды көрип көзиң қуўанады. Сол бағды айланып жүрип, мектеп имаратының артқы тәрепине өтсеңиз 5-6 көшеге тап-туйнақтай етип егилген пиязларды көрип, нағыз шөлдиң палыз егинин таўып еккен-аў дейсиз: ҳәр бир еккенлери жерден ярымы төбеге шығып  тур­ғанларын көрип, бул қандай кәраматлы жер, - дегиң келеди. Сол қара қумды кәраматлы жерге айландырған алтын қоллардың ийеси ким ҳәм ол адамның мийнеткеш инсан екенлигинен қуўанышың қойныңа сыймай кетеди.

Бундай аз ўақытта тез пәт пенен аяққа турыў, сап-сары қумда гүлленген бостанды пайда етиў анаў-мынаў адамның қолынан келмейди.

Сонлықтан, дана халқымыз: «Жал­қаўдың жаны татлы, мийнеттиң наны татлы», - дейди, буның бәри күшли мийнеттиң жемиси. «Мийнеттиң көзин тапқан — бахыттың өзин табады» - деген даналық гәп сөз ийесин тапқан. Мийнеткеш, пидайы ҳәм жанкүйер, мийнеттен бахыт тапқан бүгинги күн қаҳарманы бул Қудияр Жәлимбетов десек асыра айтқан болмаймыз.

Мектеп жәмәәти ҳәр жерден жыйналған болыўына қарамастан барлығы татыў ҳәм аўызбиршиликли. Сонлықтан да, өзлериниң нан жеп отыр­ған жерине болған ҳүрмети, меҳир-муҳаббатын бар күш-ғайратын усы мектебиниң гүлленип-раўажланыўына сарп­лаған.

Баслы қаҳарманымыз Қудияр Жәлимбетов өзи аўыл баласы. Қараң, қумды топыраққа айландырыў ушын бир нешше машина топырақ түсирген, ҳәттеки өзи туўылып өскен Шоқтораң­ғыл аўылынан 20-30 машина қыйды тасытқан. Сап-сары қумда  не өседи? - деп ойланып отырмастан 1,2 сотых жерине пияз еккен. Егип қойғанларын көрсеңиз: бул қаншама даналық, баба дийқан нәзерин салған жер дегиңиз келеди. Бир-биринен шырайлы роза гүллердиң мектеп айналасында қулпырып турыўы инсан кеўлине йош бағышлайды.

Бизлер бул мектептиң бағына кирип, енди ғана тәй-тәй турып, жүриўге шайланып атырған 1-2 жас баланы көз алдымызға келтирип, оның келешекке болған талпыныўын, ертеңги күнине болған исенимин көрдик. Бул шын мәнисиндеги ел азаматының ғана қолынан келетуғынлығының гүўасы болдық.

Өз кәсибин, ана халқын сүйген ел перзенти Қудияр Жәлимбетовты  ояныў дәўириниң шын азаматы десек болады.

 

Раўшанай БЕГЖАНОВА.

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF