Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 20:04:07, 12.05.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

КӨРКЕМ ӨНЕР МЕКТЕБИНЕ МЕКТЕП-ИНТЕРНАТ СТАТУСЫ БЕРИЛДИ

Усы мүнәсибет пенен 24-сентябрь күни Нөкис қаласында Қарақалпақстан Республикасы қәнигелестирилген көркем-өнер мектеп-интернатында салтанатлы мәресим өткерилди.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Давлетов, Өзбекстан Көркем өнер академиясының баслығы А.Нуридинов шығып сөйлеп, жыйналғанларды мектеп-интернатының ашылыў кешеси менен қутлықлады.

Кеше мийманлары мектеп-интернатының оқыў имараты, оқыўшылар жатақханасы ҳәм оқыў устаханаларында жаратыл­ған шараятлар менен жақыннан танысты.

Оқыў дәргайы Өзбекстан көркем өнер академиясына қараслы болып, онда сүўретлеў көркем өнери, әмелий көркем өнер, дизайн ҳәм музыка бағдарлары бойынша қәнигелер таярланады.

Бул жерде оқыўшылардың ҳәр тәреплеме тәлим-тәрбия алыўы ушын қолайлы шараятлар жаратылған болып, оқыўшылардың өз үстинде жеке тәртипте ислеўи ҳәм қосымша билим алыўына кең имканиятлар жаратылған.

Мектеп-интернат оқыўшылары халық­аралық, республикалық көлемде өткерилип атырған таңлаўлар, көргизбелер ҳәм басқа илажларда белсене қатнасып келмекте.

Мектеп-интернатының оқыў имараты 330 орынлық болып, оқыўшылар жатақханасы 100 оқыўшыға мөлшерленген. Бул оқыў дәргайында 250 оқыўшы көркем өнер сырларын үйренбекте.

Илаж қатнасыўшыларына көркем өнер шеберлериниң атқарыўында концерт бағдарламасы қойып берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF