Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 14:57:47, 13.05.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

САЙЛАЎШЫЛАР НЕЛЕРДИ БИЛИЎИ КЕРЕК?

Усы жылдың 24-октябрь күни болып өтетуғын Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўына да санаўлы күнлер қалды. Сайлаў — бул пуқаралардың конституцияда белгиленген тийкарғы ҳуқықы болып табылады. Сайлаў күни он сегиз жасқа толған ҳәр бир Өзбекстан Республикасы пуқаралары сайлаў ҳуқықына ийе.

Сайлаўшыларға Сайлаў кодекси ҳәм Орайлық сайлаў комиссиясының 2021-жыл 25-август күнги қарары менен тастыйықланған «Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўын өткериўде коронавирус инфекциясы  тарқалыўының алдын алыў бойынша Инструкция» да белгиленген қағыйдаларды еслетип өтсек.

Даўыс бериў 24-октябрь күни саат 8.00 ден 20.00 ге шекем өткериледи. Даўыс бериў ўақты ҳәм орны ҳаққында участкалық сайлаў комиссиясы сайлаўшыларды сайлаўдан кеминде он күн алдын хабардар етеди.

Өзбекстан Республикасының шет еллердеги дипломатиялық ҳәм басқа да ўәкилханалары жанында дүзилген сайлаў участкаларында даўыс бериў сайлаў күни усы сайлаў участкалары жайласқан жердеги жергиликли ўақыт пенен саат 8.00 ден 20.00 ге шекем өткериледи.

Сайлаўшы даўыс бериў имаратына келгенде оның дене температурасы өлшенеди ҳәм де қолына антисептикалық суйықлық себиледи,  қорғаныў нықабы болмаған сайлаўшыға нықаб бериледи ҳәм ол имаратқа киргизиледи.

Сайлаўшы социаллық аралықты сақлаған ҳалда өзиниң шахсын тастыйықлаўшы ҳүжжеттиң тийисли бетин ашады ҳәм участ­калық сайлаў комиссиясының усы ҳүжжет пенен контактсыз танысыўына имканият жаратады ҳәм сайлаўшылар дизимине имза қояды. Соннан ке­йин оған сайлаў бюллетени бериледи.

Қандай да бир себепке көре сайлаўшылар дизимине фамилиясы кирмей қалған сайлаўшылардың фамилиялары сайлаўшының шахсы,  пуқаралығы ҳәм жасаў орнын тастыйықлаўшы ҳүжжет тийкарында сайлаўшылар дизими қосымшасына киргизиледи.

Сайлаўшы сайлаў бюллетенин алғаннан кейин оны жасырын даўыс бериў кабинасында яки бөлмесинде толтырады. Сайлаў бюллетенин толтырыў ўақтында даўыс бериўши шахстан басқа шахслардың қатнасыўы қадаған етиледи.

Сайлаў бюллетенин өз бетинше толтырыў имканиятына ийе болмаған сайлаўшы өз қәлеўи менен жасырын даўыс бериў кабинасына яки бөлмесине басқа шахсты шақырыўға ҳақылы,  буған сайлаў комиссиясы қурамына киретуғын шахслар,  бақлаўшылар ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери кирмейди. Сайлаўшы өзи жақлап даўыс берип атырған талабанның фамилиясы тусына,  оң тәрепте жайласқан бос квадратқа «+» яки «Ц» ямаса «х» белгисин қояды. Даўыс бериўши толтырылған сайлаў бюллетенин сайлаў қутысына таслайды. Егер де бюллетен бузып қойылса сайлаў бюллетени сайлаўшының илтимасы бойынша жаңасы менен алмастырылыўы мүмкин.

Еслетип өтемиз,  сайлаўшылар сайлаў бюллетенине тек ғана бир тала­банға даўыс бериўи лазым. Себеби даўыс бериў ўақтында биреўден артық квадратқа «+» яки «Ц» ямаса «х» белгиси қойылған яки бир де квадратқа бундай белги қойылмаған сайлаў бюллетенлери ҳақыйқый емес деп табылады.

Сайлаўшы сайлаўшылар дизимине имза қойыўда,  сайлаў бюллетенин алыўда,  жасырын даўыс бериў кабинасы (ханасы)н­да сайлаў бюллетенин толтырыўда медициналық қолқапта болыўы,   жасырын даўыс бериў кабинасы (ханасы)нда бир минуттан артық турмаўы усыныс етиледи.

Сайлаўшылар ҳәм сайлаў процесиниң басқа қатнасыўшыларының дене температурасы 37 градус ҳәм оннан жоқары болған жағдайда олар даўыс бериў бөлмесине киргизилмейди.

Бунда дене температурасы 37 градус ҳәм оннан жоқары болған сайлаўшылар ушын өз алдына ажыратылған орынларда (имараттың кириў бөлими ҳәм басқалар) участкалық сайлаў комиссиясының еки ағзасы таярлығында көш­пели сайлаў қутылары ҳәм кабиналарынан пайдаланған ҳалда жасырын даўыс бериў ҳуқықы тәмийинленеди.

Коронавирус инфек­циясынан үй шараятында емленип атырған сайлаўшының турған (жасаў) орнында даўыс бериў шөл­кемлестириледи.

Сайлаў кодексине тийкар,  егер де сайлаўшы 2021-жыл 24-октябрь күни өзи жасайтуғын жерде болыў имканиятына ийе болмаған жағдайда мүддетинен алдын даўыс бериў,  егерде денсаўлығының жағдайына яки басқа себеплерге көре даўыс бериў имаратына келе алмаса тур­ған орында даўыс бериў ҳуқықына ийе.

 

Насиба Қутлымуратова,

Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги жетекши мәсләҳәтшиси.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF