Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 10:45:22, 21.09.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

МОЙНАҚ: ТЕҢИЗ УЛТАНЫНДАҒЫ ҮШ ӘЎЛАД УШЫРАСЫЎЫ

Кексе әўлад ўәкиллериниң бай турмыслық тәжирийбеси ҳәмме дәўирлерде де жаслар ушын бийбаҳа ибрат мектеби, олардың пәндиў-нәсиятлары ағартыўшылық нурын таратқан. Бул болса Аралбойының ең шетки Мойнақ районында болып өткен үш әўлад ўәкиллериниң ушырасыўында өз көринисин тапты. Бул ретки ушырасыў бурынғыларынан өзгеше, ески дәстүрлерден жырақ ҳәм қуўанышлы сезимлерге бай болды.

Нөкис қаласынан жол алған автобуслар кәрўаны 300 километр жол басып мәмлекетимиз басшысының басламасы менен әмелге асырылып атырған дөретиўшилик ҳәм жаңаланыўлар орайына айланған Мойнаққа жетип келди. Жол-жөнекей кимиси әтираптағы көринистен рәҳәтленсе, және кимиси аймақлардағы өзгерислерден, жаңаланыўлардан таң қалыўда, және бири өз-ара сәўбетлесиў арқалы турмыслық тәжирийбелерин бөлиспекте. Мойнаққа жетип келген мийманлар райондағы жаңадан бой тиклеген ҳәр қыйлы заманагөй имарат ҳәм объект­лерди, тарийхый зыярат орынлары менен музейлерди тамашалады.

Әўладлар ушырасыўы Қарақалпақстанның барлық район ҳәм қалаларынан мирәт етилген кексеси менен жасы, Өзбекстан Қаҳарманлары, мийнет ветеранлары, студентлер, бир сөз бенен айтқанда, кең жәми­йетшилик ўәкиллери ушын Арал ҳәм Аралбойы аймақларында кейинги жыллары кең көлемде әмелге асырыл­ған ийгиликли ислер менен тиккелей танысыўда жақсы имканият болды. Сөйлесиўлерде атап өтилгениндей, кейинги үш жыл даўамында бул жерде жүдә үлкен көлемде, 1 миллион 550 мың гектардан аслам тоғайзарлық шөлкемлестирилди.

Ҳақыйқатында жаслар да, шөл қушағынан инсан ақылы ҳәм әлбетте мийнети нәтийжесинде пайда болған жасыл тоғайды, анығырағы сексеўил атызларын көрип таң қалғанын жасырмады. Кексе менен жастың кеўлинде қандайда бир жақсылықты, келешекке үмитти және де беккемлеген бул жасыл сексеўил атызлары қатнасыўшыларда үлкен қызығыўшылық оятты. Негизинде бул баслама инсанияттың ана тәбиятқа болған шексиз меҳири ҳәм тә­бияттың инсанларға сақаўатында.

Көк теңизден шөлге айланған Аралда әмелге асырылған жумыслардан сөй­леўши көргизбелер, арнаўлы техникалар презента­циясы, миллий мәденият ҳәм дәстүрлер менен танысыў да, мине, усы илаж бағдарламасынан орын алды.

Аралдың ең шетки жеринен бири 68-километриндеги жасыл сексеўил атызларынан рәҳәтленип илҳамланған илаж қатнасыўшылары халықлар дослығы, миллетлераралық татыўлық ҳәм бүгингидей абадан күнлерди ең жоқары ҳәўижлерде жырлап, өзиниң кеўил сезимлерин қосықлар арқалы билдирди.

Үш аўлад ушырасыўына бағышланған илажлардың тийкарғы бөлеги де қурыған теңиз түбинде тикленген миллий қара үйлер, үлкен сахна әтирапына ҳәммени жыйнады. Бул жерде жаңлаған өзбек, қарақалпақ, қазақ, түркмен, рус ҳәм бас­қа да халықлардың миллий жыр ҳәм қосықлары шексиз аймақтың алыс мәнзиллерине шекем жетип барды. Музыка ырғақлары қызғын сөйлесиўлерге, жақсы тилеклерге уласты. Мәмлекетимиз басшысының алып барып атырған сиясаты себепли Өзбекстандағы барлық миллет ҳәм халықлар ўәкиллери аўызбиршиликли, өз-ара татыўлықта жасап, жанажан Ўатанымыздың раўажланыўы жолында нәтийжели мийнет етип атыр­ғаны, ҳәмме бирдей мәмлекетимиз итибарында болып атырғаны, жасларды, мине, усындай дәстүрлер руўхында камалға келтириў бүгинги күнниң әҳмийетли ўазыйпасы екени айрықша айтып өтилди. Шығып сөйлегенлер мәмлекетимизде, атап айтқанда, Арал­бойында кейинги бес жылда жүз берген өзгерислер ҳаққында өзиниң пикир-усынысын билдирди.

Илаждың және бир әҳмийети, толқынланыўға бай минутлары, Президентимиздиң тийисли пәрманына бола Ўатанымыздың раўажланыўы, ҳәр қыйлы тараўлардың раўажланыўына мүнәсип үлесин қосып киятырған бир топар нураныйлар, тараў ҳәм тармақ ўәкиллерине Өзбекстан Ғәрезсизлигиниң 30 жыллығы естелик белгилери тапсырылды.

Кейинги жыллардағы өзгерислерди жаслардың қатнасыўысыз көз алды­мызға келтирип болмайды, әлбетте. Бүгин олар дыққат ора­йында. Жигит-қызларымыздың идея ҳәм басламалары мәмлекетимиз тәрепинен қоллап-қуўатланбақта.

— Қурыған теңиз түбинде өткерилип атырған үш әўлад ушырасыўы ҳәмме де, әсиресе, жасларда үлкен тәсир қалдырмақта,-дейди илаж қатнасыўшыларынан бири Арайлым Кемалова. — Буннан бир жыл бурын бул жерде мәмлекетимиздиң барлық аймақларынан келип мийнет етип атырған тоғай хожалығы хызметкерлерине жәрдемге келген едик. Мине олардың нәтийжели мийнети себепли пайда болған сексеўил атызлары бизди және де таң қалдырды.

Жаңа Өзбекстанда пүткиллей өзгеше турмыс ҳүким сүрмекте. Буны усы күни жәмийетшилик ўәкиллери, мийнет нураныйлары ҳәм жаслар арасында болып өткен сөйлесиўлер, олар билдирген пикирлерден, әнжуман халқының кей­пиятынан да түсиниў қыйын емес.

Аралдың түбинде болып өткен ушырасыў барлық қатнасыўшыларда бир өмирге татыйтуғын тәсир қалдырды. Бул жерде ҳүким сүрген өзгеше қуўаныш ҳәммеге жаңа әрман, жаңа нийет, мақсет ҳәм исеним инам етти. Булардың барлығы Жаңа Өзбекстан келешегиниң беккем тийкары.

Бундай үш әўлад ушырасыўы Бозатаў, Қараөзек ра­йонында да болып өтти.

Даўыт АБИБУЛЛАЕВ.

ӨзА.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF