Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 10:56:01, 21.09.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖЕҢИМПАЗЛАР АНЫҚЛАНДЫ

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 17-декабрьдеги «Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң 30 жыллық байрамына таярлық көриў ҳәм оны жоқары дәрежеде өткериў ҳаққында»ғы қарары қабыл етилген еди.

Усы қарарға муўапық, республикалық комиссия тәрепинен «Жаңа Өзбекстанда еркин ҳәм абадан жасайық!» идеясын өзинде жәмлеген шөлкемлестириўшилик-әмелий, руўхый-ағартыўшылық және үгит-нәсиятлаў илажларының бағдарламасы тастыйықланып, оның орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде жақында Өзбекстан Республикасы Қорғаныўға көмеклесиўши «Ватанпарвар» шөлкеминиң Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси тәрепинен Кегейли районында шөлкемниң  техникалық ҳәм әмелий спорт түринен саналған «Дуат­лон»нан Қарақалпақстан Республикасы бириншилиги спорт жарысы өткерилди. Жарысты шөлкемлестириўден тийкарғы мақсет  — жаслар арасында дослық қарым-қатнасты күшейтиў, спорттың усы түри бойынша Өзбекстан Республикасы бириншилигине күшли спортшы жасларды таңлап алыўдан ибарат.

Жарысқа «Ватанпарвар» шөлкеминиң Нөкис қаласы, Әмиўдәрья, Беруний, Төрткүл, Хожели, Кегейли, Шымбай ҳәм Қараөзек районларындағы оқыў ҳәм спорт-техника клубларынан 8 команда қатнасты. Онда шөлкемниң Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси баслығының спорт ислери бойынша орынбасары З.Сабиров ҳәм басқалар шығып сөйлеп, спортшы жас­ларға табыслар тиледи. Буннан соң жарыс­қа старт берилди. Жарыс үш басқышта болып өтти. Биринши басқышта қатнасыўшылар 750 м. аралыққа жуўырады, ал, екинши басқышта 10 км. аралыққа велосипед айдайды ҳәм жуўмақлаўшы үшинши басқышта болса, тағы 750 м. аралыққа жуўырып, финиш сызығынан өтеди. 

Қызғын беллесиўлерге бай болып өткен жарыс жуўмағында ер балалар арасында Кегейлиден А.Жубандықов биринши орынды, Төрткүл районынан Ш.Аллаяров екинши орынды, Берунийден Ш.Юлдашев үшинши орынды, қыз балалар арасында С.Садўақасова (Беруний) биринши орынды, Г.Реймова (Нөкис қаласы) екинши орынды, А.Өмирбаева (Хожели) үшинши орынды, ал, командалық есапта Төрткүл районы биринши, Беруний районы екинши ҳәм Хожели районы командасы үшинши орынды ийеледи.

Жарыс жуўмағында жеңимпазлар  «Ватанпарвар» шөлкеминиң Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси тәрепинен I, II, III дәрежели медаль ҳәм дипломлар, Ҳүрмет жарлықлары ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

 

С.ҚЫДЫРБАЕВ, Кегейли районы.

СҮЎРЕТТЕ: жарыстан көринис.

Автордың түсирген сүўрети.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF