Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 10:52:22, 21.09.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖАҢАЛАНЫП, ЖАСАРЫП АТЫРҒАН ТӨРТКҮЛ

«Жаңа Өзбекстанда еркин ҳәм  абадан жасайық!» деген терең мазмун ҳәм идеяны өзинде жәмлеген Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң 30 жыллығы байрамы халқымыздың жүрегинде шексиз мақтаныш сезимлерин оятпақта.

Төрткүл районыда бүгинги күнде елимиздиң жаңа тарийхындағы ең уллы, ең әзиз болған қутлы сәнени үлкен көтериңкилик руўхта күтип алды.

Ғәрезсизлик жылларында, әсиресе, 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясының турмысымызға енгизилиўи нәтийжесинде мәмлекетимизди сиясий, социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша мәмлекетлик бағдарламалардың қабыл етилиўи ҳәр биримизди, пүткил халқымызды бүгинги жаратыўшылық ислерге руўхландырыўда өзгеше күш бағышлайды.

Әлбетте, Төрткүл районында да бул дәўир ишинде барлық тараўларда экономикалық реформалар, Президентимиз тәрепинен қабыл етилген Пәрман ҳәм қарарлар, тастыйықланған бағдарламалар тийкарында кең көлемли жумыслар әмелге асырылып келинбекте. Районда бүгинги күнде «Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы»ның мәмлекетлик бағдарламасы, «Абат аўыл», «Абат мәҳәлле», «Ҳәр бир шаңарақ ­ исбилермен», «Темир дәптер», «Ҳаяллар дәптери» ҳәм «Жаслар дәптери» сыяқлы әҳмийетли бағдарлама ҳәм режелер шеңберинде алып барылып атырған реформалардың мазмун-мәнисиниң өз-ара бириктирилиўине айрықша итибар қаратылмақта. Ғәрезсизлик шарапаты менен район келбети жылдан-жылға жасарып, барған сайын абат ҳәм гөззал болып бармақта. Районның тийкарғы бөлеги жасайтуғын аўыллық жерлерде мүнәсип турмыс шараятлары жаратылған болып, үлги жойбарлар тийкарында  турақ жайлар ҳәм инфраструктура тармақлары жаңадан қурылмақта. Реформалардың социаллық бағдарларын күшейттириў, халықтың турмыс дәрежесин арттырыўға итибар күшейген. Бүгинги күнде районда «Абат аўыл» мәмлекетлик бағдарламасы шеңберинде «Кўкча», «Ота юрт» аўыллық пуқаралар жыйынларын абат аўылларға айландырыў нәзерде тутылған. Социаллық тараў объектлери бойынша 29, 51, 46-санлы улыўма орта билим бериў мектеплеринде, «Жәннет мәкан» мәмлекетлик емес ҳәм 5-санлы мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў мәкемелеринде, «Гөне Төрткүл» аўыл пуқаралар жы­йынында жайласқан районлық медицина бирлеспесине қараслы 44-санлы аўыллық шаңарақ поликлиникасы имаратында капитал реконструкциялаў жумыслары жуўмақланыў алдында тур. Сондай-ақ, жаңадан қурылған көп қабатлы арзанластырылған ипотека жайларына жаңадан 0,45 км. газ трубалары тартылған. Ислеп шығарыў ҳәм инженерлик коммуникация тармақларын раўажландырыў ис-илажлары тийкарында 202l-жылда «Уллы бағ» АПЖның 6-бөлимине 42 км. ишимлик суў трубаларын жаңадан тартыў ҳәм қайта алмастырыў (реконс­трукция) жумыслары баслап жиберилген ҳәм усы жылдың аяғына шекем халыққа таза ишимлик суўы жеткерип бериледи. Усы жылда 45,7 км. ишки хожалық жолларын оңлаў режеге киргизилип, соннан бүгинги күнге шекем 8,8 км. жоллар оңланып, қалған 36,9 км. жоллар усы жылдың екинши ярымында толығы менен оңланыўы режелестирилген.

Буннан тысқары, «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» мәмлекетлик бағдарламалары ҳәм инвестиция бағдарламалары шеңберинде усы жылда ll социаллық тараў объектлерин реконструкциялаў ҳәм капитал оңлаў жумыслары режелестирилип, жылдың екинши ярымында толық пайдаланыўға тапсырылыўы көзде тутылған. Районда быйылғы жылда жәми 6 көп қабатлы үйлер қурылысы режелес­тирилген болып, соннан ҳәзирги ўақытта 2 бес қабатлы 30 квартиралы үйлердиң қурылыс жумыслары алып барылмақта. Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 11-марттағы «Жаңа тәртип шеңберинде көп қабатлы үйлер қурыў ҳаққында»ғы Пәрманына тийкарланып, районда 2 бес қабатлы 30 квартиралы үйлердиң имаратларының қурылыс жумыслары баслап жиберилген. Соның менен бирге, Өзбекстан Республикасы Минис­трлер Кабинетиниң 2019-жыл 20-декабрьдеги 1023-санлы «Исбилерменлик ҳәм қаласазлық жумысын әмелге асырыў ушын жер участкаларын электрон онлайн аукцион ар­қалы бериў тәртиби ҳаққында»ғы қарарына тийкарланып, ра­йонда быйылғы жылда 2 төрт қабатлы 32 квартиралы үйлердиң имаратларының қурылысының 60 проценттен аслам жумыслары орынланған. Әлбетте, бул үйлер район хал­қының таза, қолайлы ҳәм заманагөй дизайн ҳәм имканиятларда жасаўына имкан жаратады.

Республикамызда алып барылып атырған экономикалық реформалардың нәтийжесинде районның санаат потенциалы ҳәр жыл сайын артып бармақта. Атап айтқанда, районда мебель ислеп шығарыў, темиршилик, гүлалшылық тараўлары кең раўажланып, шийшеге ислеў бериў, шийше ислеп шығарыў ҳәм шийше санааты да драйвер тараў сыпатында көзге тасланбақта. Сондай-ақ, ра­йонда ишимлик майы санаатын да раўажландырыў мақсетинде жаңадан ишимлик майы заводының қурылыс ислери әмелге асырылмақта.

Быйылғы жылда төрткүлли дийқанлар тәрепинен 8400 тоннадан аслам ғәлле жетистирилди. Буннан тысқары, мийўе-палыз ҳәм овощ егинлеринен де мол зүрәәт жетистирилмекте. Быйылғы бәҳәрги егис мәўсиминде районда 9330 гектар пахта майданларына шигит егилген болып, оннан гүзги пахта жыйын-терими мапазында 26 мың 630 тонна пахта зүрәәтин жетистириў режелестирилген. Усы жылда ғәлледен босаған 3300 гектар жер майданларына тәкирарый егинлер егилген.

Жуўмақластырып айтқанда, ғәрезсизлик жылларында мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформалар ең жоқары қәдирият ­ инсан ҳәм оның қәдир-қымбаты менен белгиленип, тыныш ҳәм абат турмысын тәмийинлеўге хызмет етпекте. Буның нәтийжесинде халқымыздың келешекке болған исеними және де беккемленип, көзқарасы ҳәм санасы пүткиллей өзгерип, жаңадан-жаңа жетискенликлер қолға киргизилмекте. 

РАЙОНДАҒЫ ДРАЙВЕР ТАРАЎЛАРДЫҢ БИРИ

«Төрткүл шийше ыдыслары» ЖШЖ 2017-жылда шөлкемлестирилди. 2019-жылдың июнь айынан баслап 46 млрд. 2 млн. сумлық жойбар тийкарында толық қуўатлылықта иске түсирилди. Ҳәзирги күнде кәрханада 170тен аслам жумысшылар  турақлы жумыс пенен тәмийинленген болып, жумыс көлеми 3 сменада алып барылмақта. Бул кәрханада жумыс нәтийжелилигиниң артыўына тийкар жаратпақта. Кәрханада ҳәзирги ўақытта «Өзбекстанда ислеп шығарылған» белгиси менен 20 түрдеги, ҳәр қыйлы ассортименттеги шийше банкалар ҳәм шийше (бутылка) өнимлери ислеп шығарылып, ишки базарымызды шийше өнимлери менен тәмийинлеў менен биргеликте шийше өнимлери Россия Федерациясы, Түркменстан, Грузия ҳәм Қырғызстан Республикаларына да экспорт етилмекте.

МЕДИЦИНАЛЫҚ ШПРИЦ ИСЛЕП ШЫҒАРЫЛМАҚТА

Район орайынан бираз узақлықта жайласқан «Аққамыс» АПЖ аймағындағы «Мустафа фарм» ЖШЖ тәрепинен медициналық шприц ислеп шығарыў кәрханасы өткен жылдың жаз мәўсиминде иске түскен еди. Бүгинги күнде кәрхана тәрепинен медицинада қолланылатуғын бир мәртелик шприцлер ислеп шығарылмақта. «Мустафа фарм» ЖШЖниң шприц ислеп шығарыўды шөлкемлестириў жойбары тийкарында кәрхана хызметкерлери тәрепинен ҳәр жылы улыўма көлеми 2 млн. 125 мың долларлық 120 млн. дана медициналық шприцлер ислеп шығарылып, жаңадан 80 жумыс орынлары жаратылған.

ЖЕТИ ТҮРДЕГИ КИР ЖУЎЫЎ ПОРОШОКЛАРЫ ИШКИ БАЗАРЫМЫЗДЫ ТӘМИЙИНЛЕЙДИ

Райондағы «CRISTАLL MEGА STАR» ЖШЖ 2018-жылда өз жумысын баслады. Кәрхана тәрепинен бүгинги күнде «Primero», «Inpex», «Tilda», «Uni wash», «Arsel», «Nasim», «Berkut» брендлери тийкарында 7 түрдеги сапалы кир жуўыў порошоклары ислеп шығарылмақта. Бүгинги күнде кәрхана өзи ислеп шығарып атырған өнимлери менен ишки базарымызды тәмийинлеп, халқымыздың тутыныў товарларына болған талабын қанаатландырып қоймастан, ҳәзирги ўақытта кәрхана баслығы Тәжикстан ҳәм Түркменстан Республикаларындағы исбилерменлер менен де бирге ислесиўди жолға қойып, кәрханада ислеп шығарылып атырған өнимлер экс­порт арқалы сырт еллерге  де сатылмақта. Кәрханада ислеп шығарылған өнимлердиң  тутыныўшыларға өз ўақтында сапалы ҳәм қолайлы баҳаларда жетип бармақта. Сондай-ақ, кәрхана тәрепинен бүгинги күнде суйық шийше ислеп шығарыў жойбары да әмелге асырылмақта.

МЕКТЕПЛЕРДИ РЕКОНСТРУКЦИЯЛАЎ ҲӘМ КАПИТАЛ ОҢЛАЎ ЖУМЫСЛАРЫ ҚЫЗҒЫН АЛЫП БАРЫЛДЫ

Районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы мәкемелердиң ески имаратларын реконс­трукциялаў ҳәм толық капитал оңлаў жумыслары қыз­ғын алып бармақта. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 11-ноябрьдеги 4889-санлы қарарына тийкарланып, тендер суммасы 4 млрд. 478 млн. сум муғдарындағы қаржы райондағы «Уллы бағ» АПЖ аймағында жайласқан 29-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң реконструкция жумыслары ушын ажыратылып, мектеп жанынан жаңадан қосымша 180 оқыўшы орынлық оқыў имараты қурып питкерилип, пайдаланыўға тапсырылды. Сондай-ақ, усы мектептиң 480 оқыўшы орынға мөлшерленген тийкарғы имаратында капитал оңлаў жумыслары мәмлекетлик инвестиция бағдарламасы тийкарында «Топыраққала арнаўлы қурылыс» ЖШЖниң қолы гүл усталары тәрепинен алып барылды.

— Мектептиң капитал оңлаў жумыслары толығы менен жуўмақланды. Жаңа мектеп жаңа оқыў жылында Ғәрезсизлик байрамына оқыўшыларымыз ушын мүнәсип саўға болды, - дейди районлық Халық билимлендириў бөлиминиң арнаўлы оңлаў ҳәм эксплуатация хызмети баслығы Х.Алламбергенов биз бенен сәўбети барысында.

 

Төрткүл районынан материалларды таярлаған ҳәм сүўретлерин түсирген

өз хабаршымыз Сағынбай ОРАЗЫМБЕТОВ.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF