Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 11:03:31, 21.09.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

«КЕЛЕШЕК ЛИДЕРЛЕРИ» КЛУБЫНЫҢ АҒЗАЛАРЫ МЕНЕН УШЫРАСЫЎ

Усы жылдың 25-август күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде республикамызда шөлкемлестирилген «Келешек лидерлери» клубының ағзалары менен ушырасыў болып өтти.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Давлетов, Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлигиниң жуўаплы хызметкери Д.Каримов шығып сөйлеп, «Келешек лидерлери» клубының ағзаларын қутлықлады  ҳәм келешекте олардың өз билими және потенциалы менен елимиздиң раўажланыўына мүнә­сип үлес қосатуғынына беккем исеним билдирди.

Мәмлекетимиз басшысының бул басламасын қоллап-қуўатлаў мақсетинде 2021-жыл 27-июль күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының қарары қабыл етилди.

 Қарарға муўапық, республикамыздағы талантлы ҳәм қәбилетли жасларды мәмлекетлик пуқаралық хызметине қызықтырыў, оларды ўатанды сүйиўшилик руўхында тәрбиялаўға қаратылған илажларды әмелге асырыў, кадрлар селекциясы арқалы аймақларда жоқары қәнигели мәмлекетлик пуқаралық хызметшилердиң қатламын ҳәм жаңа әўладлар арасынан перспективалы кадрлардың резервин қәлиплестириў мақсетинде «Келешек лидерлери» клубы шөл­кемлестирилди.

Бир нешше басқышлы таңлаўлар арқалы таңлап алынған ең қәбилетли, перс­пективалы жаслар клуб ағзалығына қабыл етилди.

 Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF