Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 10:46:21, 21.09.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ОЛИЙ МАЖЛИСИ СЕНАТЫНЫҢ ОН СЕГИЗИНШИ ЖАЛПЫ МӘЖИЛИСИ ҲАҚҚЫНДА

МӘЛИМЛЕМЕ

2021-жыл 26-август күни Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының он сегизинши жалпы мәжилиси өз жумысын баслады.

Видеоконференцбайланыс тәризинде өткерилген мәжилисте ҳүкимет ағзалары ҳәм уйымлардың басшылары ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери қатнасты.

Жалпы мәжилисти Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Танзила Нарбаева алып барды.

Жалпы мәжилис жумысы Сенаттың рәсмий веб-сайты ҳәм социаллық тармақлардағы бетлери арқалы тиккелей көрсетилди.

Парламент жоқары палатасының он жетинши жалпы мәжилисинде Сенаттың Бюджет ҳәм экономикалық реформалар ҳәм ҳаял-қызлар және гендер теңлик мәселелери комитетлери, Жергиликли ҳәкимият ўәкиллери уйым­ларының жумысын күшейтиўге жәрдемлесиўши комиссия, Минис­трлер Кабинети ҳәм Ташкент ўәлаяты ҳәкимлигиниң жуўапкерлери менен биргеликте бир ай мүддетте машқаланы шешиў илажларын көриўи нәтийжеси бойынша мәлимлеме киргизиўи белгиленген еди.

Сенаттың он сегизинши жалпы мәжилисинде усы үйрениў нәтийжелери бойынша жоқары палатаның Ҳаял-қызлар ҳәм гендер теңлик мәселелери бойынша комитетиниң баслығы М.Қодирхонова мәлимлеме берди.

Жалпы мәжилисте Сыртқы ислер министрлигиниң 2021-жылдың биринши ярым жыллық жумысы ҳаққындағы мәлимлемеси тыңланды.

Министрлик тәрепинен мәмлекетимиздиң сыртқы сиясатын әмелге асырыў, Өзбекстан мәплери ҳәм мәмлекет пуқараларының сырт мәмлекетлер менен қатнасықларда, сондай-ақ, халықаралық ҳәм регионаллық шөлкемлерде ҳуқықларын қорғаў бойынша белгили жумыс әмелге асырылды. Онда министрликлер, уйымлар, мәкемелердиң халықаралық байланысларды раўажландырыў бойынша жумысын тәртипке салыўға айрықша итибар қаратылмақта.

Соның ишинде, министрликтиң жедел қатнасыўында 2021-жылдың биринши ярым жыллығында мәмлекет басшысының 40тан аслам сапар етиўи ҳәм сырт мәмлекетлердиң жетекшилери, халықаралық шөлкемлердиң басшылары менен ушырасыўлары шөлкемлестирилди.

Еки тәреплеме байланысларды беккемлеў ҳәм бирге ислесиўди раўажландырыў мақсетинде министрликлер ҳәм уйымлар, мәмлекет аймақларының ҳәкимликлери ўәкиллериниң сырт мәмлекетлерге 125 сапар етиўи болып өтти.

Министрлик тәрепинен сырт елдеги дипломатиялық ўәкилханалар менен биргеликте жәми 411,5 миллион доллар муғдарында 473 экспорт шәртнамасы дүзилди. 88,27 миллион доллар муғдарында бийғәрез техникалық жәрдем қаржылары ҳәм грант тартылды. Жергиликли өнимлердиң экспортын және де нәтийжели үгит-нәсиятлаў ҳәм сырт ел инвестицияларын тартыў мақсетинде 706 ҳәр қыйлы илажлар, презентациялар өткерилди, сырт ел ғалаба хабар қуралларында 719 материалдың басып шығарылыўы тәмийинленди.

Соның менен бирге, Сенат тәрепинен өткерилген үйрениў, сондай-ақ, оны халық депутатлары жергиликли Кеңеслериндеги додалаў процесинде Сыртқы ислер министрлигиниң жумысында бир қатар машқала ҳәм кемшиликлердиң бар екенлиги атап өтилди.

Атап айтқанда, дипломатиялық миссиялар тәрепинен усыныс етилип атырған инвестициялық жойбарлардың өз ўақтында ҳәм сапалы орынланыўын қадағалаў бойынша жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары менен системалы жумысларды шөлкемлестириў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Перспективалы сыртқы саўда базарларын аналитикалық ҳәм мар­кетинг­ке байланыслы изертлеў системасы жақсы жолға қойылмағаны, сондай-ақ, олардың нәтийжелерин тийисли минис­трликлер, уйымлар, исбилерменлик структуралары ҳәм жетекши экспорт етиўши кәрханаларға жеделлик пенен усынылмайтуғыны атап өтилди.

Министрликте финанслық тәртипти күшейтиў ҳәм бюджет қаржыларының жумсалыўы үстинен нәтийжели қадағалаў орнатыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Соның менен бирге, Сенат қарарлары ҳәм Сенат комитетлери қарарларының бир қатар қағыйдаларын өз ўақтында орынламаў жағдайлары бар. Бул жоқары дәрежедеги сапар етиўлердиң нәтийжелеринен келип шыққан ҳалда қол қойылған «жол карталары»н әмелге асырыў жағдайы ҳаққындағы мәлимлемелерди тыңлаў жуўмақлары бойынша бақланған.

Сыртқы ислер министрлиги ҳәм басқа да тийисли уйымларға, сондай-ақ, халық депутатлары жергиликли Кеңеслерине министрликтиң жумысын буннан былай да жетилистириў бойынша анық тапсырмалар ҳәм усыныслар берилди.

Көрип шығылған мәселе бойынша Олий Мажлис Сенатының тийисли қарары қабыл етилди.

Буннан кейин сенаторлар халықты, әсиресе, жасларды денетәрбия ҳәм спорт пенен шуғылланыўға кеңнен тартыў процесинде жүзеге келип атыр­ған машқалалар ҳаққында Министрлер Кабинетине жиберилген парламентлик сораўдың нәтийжелерин додалады.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Саламат турмыс тәризин кеңнен үгит-нәсиятлаў ҳәм ғалабалық спортты буннан былай да раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы пәрманында, «Халықтың физикалық таярлық дәрежесин баҳалаў системасын енгизиўдиң шөлкемлестириўшилик илажлары ҳаққында»ғы қарарында нәзерде тутылған ўазыйпаларға муўапық әмелге асырылған жумыслардың нәтийжесинде жуўырыў, жүриў, велоспорт, бадминтон, стритбол, workоut ҳәм басқа да спорт түрлери бойынша жәми 56 мыңнан аслам ғалабалық спорт илажлары шөлкемлестирилип, бул жарысларға 4 миллион 700 мың халық тартылған. Халқымыз арасында 31 мыңға шамалас саламатландырыў (азанғы денетәрбия) илажларында 3 миллион 3 мыңға шамалас халықтың қатнасыўы тәмийинленген.

Буннан тысқары, жабық спорт имаратларынан нәтийжели пайдаланыў мақсетинде билимлендириў мәкемелериниң 5 мың 359 спорт залы инвентаризациядан өткерилип, олардың 4 мың 235инде сабақлардан кейин спорт пенен шуғылланыў ушын имканият жаратыл­ған.

Халықты күнделикли жүриў ҳәм жуўырыўға үгит-нәсиятлаў мақсетинде «Саламат турмыс тәризи» www.1hls.7z веб-порталы ҳәм оның мобиль қосымшасы жаратылып, иске қосылған ҳәм жүклеп алыў ушын Google Play интернет тармағына жайластырылған.

Соның менен бирге, министрликлер, уйымлар ҳәм шөлкемлерде хызметкерлердиң денетәрбия ҳәм спорт пенен шуғылланыўы ушын шараятлар жаратыў мақсетинде «Спорт үгит-нәсиятлаўшылары» тайынланған және олар­ға қосымша ўазыйпалар жүкленген.

Жаратып берилип атырған шараятлардың нәтийжесинде спорт пенен турақлы шуғылланатуғын халықтың саны 2020-жылдағы 19 проценттен 21,3 процентке жеткерилген.

Мәжилисте сенаторлар әмелге асырылған жумыслар менен бирге айырым кемшиликлердиң де бар екенлигине итибар қаратты.

Соның ишинде, халықты денетәрбия ҳәм спортқа тартыў есабын жүргизиўдиң анық нормаларының жоқ екенлиги себепли орынларда бул бағдардағы көрсеткишлерди реал баҳалаў имканияты жоқ.

Айырым аймақларда бир мәртелик ғалабалық спорт илажларына тартылған халықты денетәрбия ҳәм спорт пенен турақлы шуғылланыўшылар дизимине киргизиў арқалы қамтып алыў көрсеткишлерин жасалма арттырыў жағдайлары бақланбақта.

«Саламатлық ушын 500 қәдем» сыяқлы акциялар бир мәртелик кампанияға айланып, турақлылыққа ийе болмай атыр. Аймақлардағы биринши басшылар бул акцияларда ғалаба хабар қуралларында, социаллық тармақларда көринис бериў орнына қатнаспақта. Бул жағдай халықты турақлы денетәрбия ҳәм спортқа тартыўда ҳеш қандай нәтийже бермей атыр.

Наўайы ўәлаятында 199, Ташкент ўәлаятында 98, Хорезм ўәлаятында 48, Сурхандәрья ўәлаятындағы 40 мәҳәлледе велоспорт, жүриў, жуўырыў жоллары жоқ.

Айырым аймақлардағы жуўапкерлер тәрепинен «Саламатлық коридорлары» сыпатында усынылып атырған пиядалар жолы белгиленген өлшемлер ҳәм талапларға жуўап бермейди.

Сондай-ақ, Ташкент ўәлаятында 477, Сурхандәрья ўәлаятында 235, Хорезм ўәлаятында 124, Әндижан ўәлаятында 50 мәҳәлледе «Workout» майданшалары шөлкемлестирилмеген.

Хорезм, Наўайы, Әндижан ўәлаятларының, сондай-ақ, Ташкент қаласының белгили районларында мини-футбол майданлары жоқ.

Және бир тәрепи. Спорт объектлерин мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында нәтийжели басқарыў жетерли дәрежеде шөлкемлестирилмеген.

Инвестициялық бағдарламаларға киргизилген спорт имаратларында алып барылған қурылыс-оңлаў жумыслары сапасыз орынланғаны себепли бул имаратлар қабыл етип алынғаннан кейин пайдаланыўға жарамсыз жағдайда қалмақта.

Соның ишинде, Поп районында 2016-жылы қурылған жүзиў бассейни 2 жыл даўамында ислемеген. Жергиликли бюджеттен қосымша 500 миллион сум қаржы ажыратылып, қурылыстағы кемшиликлер сапластырылған.

Қызғын додалаўлар соңыңда Олий Мажлис Сенатының тийисли қарары қабыл етилип, бар кемшиликлерди шешиўде парламент ҳәм ҳүкимет тығыз биргеликте жумыс алып барыўына келисип алынды.

Соның менен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының он сегизинши жалпы мәжилисиниң биринши жумыс күни жуўмақланды.

Өзбекстан Республикасы 

Олий Мажлиси Сенатының

Мәлимлеме хызмети.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF