Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 10:46:00, 21.09.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ИСБИЛЕРМЕНЛЕР МЕНЕН УШЫРАСЫЎ ӨТКЕРИЛДИ

Усы жылдың 20-август күни Өзбекстан Республикасының Президенти Ш.Мирзиёев исбилерменлер менен ашық пикирлесиў өткерип, елимизде исбилерменликти раўажландырыў бағдарында бир қатар әҳмийетли ўазыйпалар менен режелерге тоқтап өткен еди.

Усы ушырасыўдан келип шығатуғын ўазыйпалар ҳәм алда тур­ған режелер бойынша 23-август күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов, Өзбекстан Саўда-санаат палатасының баслығы А.Икрамов ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Минис­трлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариевтиң басшылығында исбилерменлер менен ушырасыў өткерилди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, қала ҳәм районларда шөлкемлестирилген студияларда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының ағзалары, Саўда-санаат палатасының ўәкиллери, Жоқарғы Кеңестиң депутатлары, ҳүкимет ағзалары, министрликлер менен ҳәкимликлер, мәкеме ҳәм кәрханалар, коммерциялық банклердиң  басшылары, исбилерменлер ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Ушырасыўды Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов кирис сөз бенен ашты.

Атап өтилгениндей, елимиздиң басшысы өткерген ашық пикирлесиў исбилерменлеримизге тарийхымызда болмаған өзгерис және бир қанша жеңилликлер жаратып берди. Мүлк, дәрамат салығы ҳәм социаллық салықлардың ставкалары дерлик еки есе азайтылып, жердиң түрине қарай, оның жайласқан орнынан келип шығып, жерлер жеңилликли шәртлер тийкарында усы кәрханаларға меншиклес­тирилип бериледи. Исбилерменлер жерден жоқары ликвидли актив ҳәм гиреў объекти сыпатында пайдаланыў имканиятына ийе болады. Бундай жеңилликлерди исбилерменлеримиз узақ жыллар күткен еди.

Жүк автомобильлерин алып кириўге еки жыл алдын бажыхана жеңилликлери берилгенлиги, бирақ бул жеңиллик 4 айдан ке­йин жуўмақланатуғынын есапқа алып, жеңилликлерди және 3 жылға созыў бойынша жаңа қарарға қол қойылғанлығы, исбилерменлерге темир жол вагонларын алып келиўге болған жеңилликлер 2025-жылдың 1-январына шекем созылғаны айрықша атап өтилди. Ҳәзир 30 түрдеги лицензия ҳәм рухсатнама «онлайн» тәризде берилип келинбекте ҳәм келеси жылдан баслап исбилерменлик жумысын баслаў ушын барлық руқсат етиўши ҳүжжетлер  «онлайн» тәризде рәсмийлестирилип, жылдың ақырына шекем лицензия ҳәм рухсатнамалардың саны және кеминде 30 процентке қысқартылады. Саўда-санаат палатасына  исбилерменниң келисими менен барлық тексериўлерде қатнасыў ҳәм тәсиршең жәми­йетлик қадағалаўды орнатыў ўәкиллиги берилди. Президентимиз тәрепинен 20-август «Исбилерменлер күни» деп жәрияланыўы исбилерменлерге қара­тыл­ған айрықша итибардың әмелдеги көриниси болды.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң исбилерменлер ҳәм инвесторлар менен ашық пикирлесиўинде Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги тәрепинен Саўда-санаат палатасы ҳәм басқа да жуўапкер шөлкемлер менен биргеликте шөлкемлестирилген исбилерменлердиң мүрәжатларын қабыл етиў ҳәм таллаў бойынша республикалық штабқа Қарақалпақстан Республикасынан 575 мүрәжат келип түскен болса, соннан 563 мүрәжат унамлы шешимин тапқан.

Ең әҳмийетли мәселелерди системаластырып, оларды шешиўге қаратылған 7 әҳмийетли бағдар бойынша илажлар бағдарламасы ислеп шығылып, бул бағдарда бир қатар имканиятлар менен қолайлықлардың жара­тылғаны исбилерменлеримиздиң ертеңги күнге болған исенимин арттырмақта. Әсиресе, Қарақалпақстан Республикасы  исбилерменлери ушын шараят жаратыў бойынша билдирилген пикир және басламалар исбилерменлеримизди руўхландырмақта.

Ушырасыўда Президентимиз тәрепинен исбилерменликти буннан былай да раўажландырыў бойынша белгилеп берилген бағдарлар тийкарында өзиниң исбилерменлик жумысын басламақшы болған бир қатар исбилерменлер сөзге шығып, өзлериниң пикир-усынысларын билдирди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF