Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 10:35:29, 21.09.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ӨРТ ӨШИРИЎ ӘМЕЛИЙ СПОРТЫ БОЙЫНША ЖАРЫСЛАР БАСЛАНДЫ

Усы жылдың 22 ҳәм 25-август күнлери аралығында Нөкис қаласында Өрт өшириў әмелий спорты бойынша Өзбекстан ашық бириншилиги өткерилмекте.

Онда Өзбекстан Республикасы Айрықша жағдайлар министрлиги системасынан 19 команда 5 шәрт бойынша өз-ара беллеспекте.

Жарыстың биринши күни «Зәңги менен 4-қабатқа шығыў» шәртинде улыўма командалық есапта биринши орынды Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы, екинши орынды Әндижан ўәлаяты Айрықша жағдайлар басқармасы, үшинши орынды Ташкент ўәлая­ты Айрықша жағдайлар басқармасы командалары ийе­леди. Жеке бириншиликте Ташкент ўәлаяты Айрықша жағдайлар басқармасы командасынан Б.Дудников 14,54 секунд нәтийже менен биринши, Қашқадәрья ўәлаяты Айрықша жағдайлар басқармасы командасынан Р.Рузиев 14,58 секунд нәтийже менен екинши, Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасынан Н.Утесов 14,61 секунд нәтийже менен үшинши орынларды қолға киргизди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF