Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 06:50:07, 21.09.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

МУҒАЛЛИМ  ҲӘМ  ОҚЫЎШЫЛАРЫН МЕКТЕП КҮТЕДИ...

Қурылыстағы баслы көрсеткиш атқарылатуғын ҳәр қандай истиң өз мүддетинде сапалы питкерилиўи менен өлшенеди. Азамат Сейтбаев басшылық етиўши жуўапкершилиги шекленген «Керамика-қурылыс» жәмәәти ағзалары республикамыздағы көплеген, әсиресе, Мойнақта суў қурылысы тармақларын қурыў ҳәм жөнлеў, Сырдәрья ўәлаятында тәбийғый апатшылыққа ушыраған Сардобадағы қурылысларда айрықша көзге түседи.

— Ғәрезсизлигимиздиң 30 жыллық байрамы менен теңдей нышанланатуғын «Билимлер күни» алдынан биз қурылысшылар ушын  аса жуўапкершиликке толы болады десем, асыра айт-қан болмайман. Районлық ха­лық билимлендириў бөлимине қараслы 21-санлы 834 оқыўшыға мөлшерленген қурылыс-сметалық нырқы 4 млрд. 258 млн. сумлық орта мектептиң ири оңлаў жумысларын ашық тендерден жеңип  алған  соң  апрель айында иске киристик, - дейди жәмийеттиң ис жүргизиўшиси Парахат Оразбеков.

— Бүгинги күнде ислениўи тийисли ишки-сыртқы жумыслардан төбесин толығы менен қайта шиферланды, сыбаў, поллаў, плиталар басыў, электр ҳәм суў тармақлары, есик-терезелерин қайта қурыў, бояў-пардозлаў жумыслары тийкарынан тамамлана келип, абаданластырыў жумысларын қолға алғанымыз ис кестеси бойынша артта қалмағанымыздан дерек береди.

Биринши жумыс күнинен баслап өз қәнигеликлери бойынша белсене мийнет  етип атырғанлардан З.Есимбетов, Т.Мырзахметов, О.Рзаханов, Н.Сейдабуллаев, Қ.Нийетуллаев, Т.Қунназаров, Ө.Шымбергенов, А.Салықов, Б.Исмайылов, А.Балтабаев, Қ.Хожаметовлардың атларын ҳүрмет пенен тилге аламыз. Мийнет адамларына ис басында қолайлы турмыс шараятлары жаратып берилген. Еки мезгил ыссы аўқат, жатақ жай менен тәмийинленип, мийнет ҳақыларын өз ўақтында алады.

Усылайынша қурылысшыларымыздың қолынан шыққан кең, жақтылы, ең заманагөй оқыў-технологиялық мәлимлеме қураллары, интернет тармақларына жалғанған компьютер классларына, қәдирдан устазларына менен қолларына гүл көтерип келетуғын оқыўшылар ҳәм ата-аналарының қуўанышларын бөлисетуғын күнлер онша алыс емес, - дейди П.Оразбеков.

Ө.ӨТЕЎЛИЕВ,

өз хабаршымыз.

Қанлыкөл районы.

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF