Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 06:39:48, 21.09.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖУМЫССЫЗ ПУҚАРАЛАРДЫҢ ДӘРАМАТ ТАБЫЎЫНА ИМКАНИЯТ

Пуқаралар, әсиресе, жаслар арасында бәнтлик машқаласын сапластырыў мақсетинде аймақлар кесиминде әмелий жумыслар алып барылып, бул өз гезегинде халқымыздың мүнәсип турмыс шараятында жасаў негизи болып хызмет етпекте.

Президентимиздиң басшылығында усы жылы 8-июньде өткерилген видеоселектор мәжилисинде берилген тапсырмаларға муўапық республикамызда бийдайдан босаған жер майданларын қайта егиў ҳәм жаңа жумыс орынларын жаратыў бо­йынша системалы жумыслар алып барылмақта. Хожели районында да бийдайдан босаған майданларды жумыссыз жүрген пуқара­ларға ажыратып бериў ҳәм олардың бәнтлигин тәмийинлеў, бул жерлерде тәкирарый егин егиў арқалы аўыл хожалығында өним жетистириў көлемин еле де кеңейттириў мақсетинде бийдайдан босаған 2021 гектар майданға тәкирарый егин егиў режелестирилген. Районда жумыссыз, «Жаслар дәптери», «Ҳаял-қызлар» ҳәм «Темир дәптер»ге киргизилген пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде жерлер ажыратылып берилмекте.

— Районымызда 2650 гектар жерге бийдай егилип, бүгинги күнде ғәлледен босаған жерлерди қайта егиске таярлаў жумыслары алып барылмақта. Ра­йонда 303 гектар жер майданлары жасларға ажыратылып берилип, буның нәтийжесинде 7074 пуқараның бәнтлигиниң тәмийинлениўи нәзерде тутылған. Бул ажыратылған жерлер қайта егиске таярланып, пуқараларымыз мийўе-палыз, майлы ҳәм басқа да азық-аўқатлық егинлерди егиўде олар­ға ҳәр тәреплеме жәрдемлер берилмекте, - дейди Хожели районы аўыл хожалығы бөлими қәнигеси М.Шаўдырбаев.

Ҳақыйқатында да, жер ҳасыл ҳәм мол дәрамат дәреги. Енди бул пуқараларымыздан жерге меҳир берип, аянбай мийнет етиў талап етиледи. Қала берсе, дийқаншылықтан жетистирилген өнимлер мол болса, арзаншылық болады, базарларымыз палыз өнимлерине толады.  Демек, аўыл хожалығында жерлерди жасларға ажыратып бериў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар көплеген пуқараларымызда материаллық қоллап-қуўатлаў ҳәм дәрамат дәрегине ийе болыўында жәрдем көрсетиўде әмелий жумыслардың бири. Бул жумыслар барлық ра­йонларда алып барылмақта.

 

Г.САПАРОВА,

арнаўлы хабаршымыз.

Хожели районы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF